Экономикалық бирге ислесиў перспективалары додаланды

147

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилиси шеңберинде 3-май күни Самарқандта Азия раўажланыў банки президенти Масато Канда ҳәм бир қатар абырайлы делегациялардың басшыларын қабыллады.

Азия раўажланыў банкиниң президенти Масато Канда ушырасыў алдынан мәмлекетимиз жетекшисине банк Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилисиниң Өзбекстанда өткерилиўин қоллап-қуўатлағаны ҳәм көрсеткен жәрдеми ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстан ҳәм Азия раўажланыў банки арасындағы кең көлемли өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери додаланды.

Бирге ислесиўди жоқары дәрежеге көтериўге ерисилгени терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен 30 жылда АРБ Өзбекстанның ҳақыйқый стратегиялық шеригине айланды.

Жойбарлар портфели дерлик 16 миллиард долларды қурамақта, операциялар көлеми бойынша Өзбекстан банктиң региондағы ең ири шериклеринен бирине айланды.

Темир ҳәм автомобиль жоллары, энергетика ҳәм социаллық инфраструктураны модернизациялаў, суў тәмийнаты ҳәм канализация тармақларын жаңалаў, аўыл хожалығы ҳәм жеке меншик секторды раўажландырыў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылды ҳәм даўам етпекте.

Өзбекстан Президенти ҳәм банк басшысы саммит шеңберинде қол қойылған АРБ менен шериклик бойынша 2030-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген жаңа бағдарламаға киргизилген улыўма баҳасы 12,5 миллиард долларлық жойбарларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ипотека базары, жеке меншик сектор, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў, инклюзив билимлендириў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў бағдарындағы реформаларды алға қойыў, санлы инновацияларды енгизиў ҳәм арнаўлы экономикалық зоналарда инфраструктураны модернизациялаў сыяқлы тараўларда бирге ислесиўге келисип алынды.

Орайлық Азия регионында ири инфраструктуралық жойбарларды, соның ишинде, банктиң қаржыларды мобилизациялаўдағы жетекшилигин күшейтиў арқалы алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан Президенти АРБ басшылығы ҳәм жәмәәтине Басқарыўшылар кеңесиниң мәжилиси табыслы ҳәм нәтийжели өтиўин тиледи.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Азия раўажланыў банки арасында 2030-жылға шекем мөлшерленген шериклик бағдарламасын алмасыў мәресими болып өтти.

Корея Республикасы Бас министриниң орынбасары, экономика ҳәм қаржы министри Ку Юн Чхоль басшылығындағы делегация менен ушырасыўда Өзбекстан – Қубла Корея айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Жоқары мәртебели мийман Өзбекстан Президентине Корея Республикасы Президенти Ли Чже Мённың қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди. Жетекшилердиң Нью-Йорк қаласында болып өткен ушырасыўының нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Терең тарийхый дослық байланыслары, уқсас менталитет, дәстүрлер ҳәм қәдириятларға тийкарланған еки тәреплеме байланыслар избе-из раўажланбақта.

Өзбекстан Президенти Қубла Корея менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көрсеткишлери турақлы өсип бармақта. Усы жылдың басынан товар алмасыў көлеми 12 процентке артты. Мәмлекетимизде дерлик 1 мың қоспа кәрхана жумыс алып бармақта, Корея инвестицияларының улыўма көлеми 8 миллиард доллардан артты. Бул мәмлекет компаниялары ушын арнаўлы санаат зонасын шөлкемлестириў мәселелери ислеп шығылмақта.

Корея Эксимбанки ҳәм оның қорлары менен көп жыллық нәтийжели бирге ислесиў жоқары баҳаланды. Олардың қатнасыўындағы жойбарлардың улыўма портфели 2 миллиард доллардан артты.

Көп тармақлы клиника, химия орайы ҳәм фармацевтика паркиниң қурылысы даўам етпекте. Бүгин Ташкент – Хийўа жөнелисинде биринши “Hyundai Rotem” поезды қатнаўын баслады.

Өзбекстан Президенти тийкарғы бағдарларда жаңа инвестициялық жойбарлар портфелин қәлиплестириў ҳәм аймақлараралық алмасыўларды жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти. Мәмлекетлик қаржыны басқарыў системасын санластырыўда Корея тәрепи жәрдем беретуғынына үмит билдирилди.

Усы жылдың гүзинде Сеул қаласында өткерилиўи режелестирилген “Орайлық Азия – Корея” саммити ҳәм басқа да жоқары дәрежедеги илажларға таярлық көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Япония қаржы министри Сацуки Катаяма басшылығындағы делегация менен сөйлесиўде Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC) басқарыўшысы Нобумицу Хаяси ҳәм Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) үлкен вице-президенти Масао Яхара да қатнасты.

Сөйлесиў алдынан Сацуки Катаяма мәмлекетимиз жетекшисине Япония Бас министри Санаэ Такаичидиң сәлемин ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл декабрь айында Японияға әмелге асырған сапары еки тәреплеме қатнасықларда жаңа дәўирди баслап бергени атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында экономикалық бирге ислесиўдиң унамлы пәтлери айрықша атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, Японияның жетекши компанияларының қатнасыўында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Президенти мәмлекетимиз қаржы системасын модернизациялаў, атап айтқанда, ғазнашылық тараўына жасалма интеллектти енгизиў, санлы қаржы трансформациясы ҳәм бул бағдарда жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў бойынша бир қатар перспективалы усынысларды алға қойды.

Қайта тиклениўши энергия, медицина, мәлимлеме технологиялары, транспорт ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды жеделлестириўге келисип алынды.

“ACWA Power” компаниясының басшысы Муҳаммад Абунайян басшылығындағы делегация менен ушырасыўда шериклик байланысларын кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан “жасыл” энергетика тараўының тийкарғы шериги болған “ACWA Power” жумысын жоқары баҳалады. Атап өтилгениндей, өткен жылы декабрь айында басланған жаңа инвестициялық басламалар, соның ишинде, қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў жойбарлары белгиленген режелер тийкарында избе-из әмелге асырылмақта.

Сөйлесиў даўамында бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларына да айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, “Жаңа Ташкент” халықаралық аэропортының қурылысын баслаў, Ферғана қаласында көп тармақлы медицина мәкемесин қурыў, IT -паркте заманагөй мағлыўматлар орайын иске қосыў сыяқлы мәселелер додаланды.

Ушырасыў жуўмағында саудиялы инвесторлар Өзбекстандағы реформалар ҳәм жаратылған қолайлы инвестициялық орталық ушын миннетдаршылық билдирип, жойбарларды сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыўға таяр екенлигин атап өтти.

ӨзА