Жасалма интеллект ҳәм санластырыў тараўындағы ўазыйпалар көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев жасалма интеллект ҳәм санластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар және келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша презентация менен танысты.
Мәмлекетимизде санластырыў ҳәм жасалма интеллектти енгизиў арқалы экономикалық өсиўди жеделлестириў ҳәм адамлардың турмысын аңсатластырыўға қаратылған системалы жумыслар алып барылмақта.
“Өзбекстан – 2030” стратегиясына муўапық, IT хызметлери ҳәм бағдарламалық өнимлердиң экспортын 5 миллиард долларға жеткериў, тараўда 300 мың жасты бәнт етиў ҳәм БМШтың Электрон ҳүкимет индексинде елимизди дүньяның жетекши 30 мәмлекетиниң қатарына киргизиў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген.

Соңғы жылларда санластырыў тараўының мәмлекетимиз экономикасына тәсири сезилерли дәрежеде артқан. Соңғы бес жылда тараўдағы жалпы қосымша қун орташа 24,8 процентке өсип, бул көрсеткиш ЖИӨ өсим пәтлеринен 3,5 есеге жоқары болған. Мәлимлеме ҳәм байланыс тармағында бәнт болғанлардың саны 2017-жылдағы 64,3 мыңнан 108,8 мыңға, өзин-өзи бәнт еткенлердиң саны болса 10 мыңнан 181 мыңға жетти. Ҳәзирги күнде тараўда 11 мың 900 ден аслам кәрхана жумыс алып барып атырған болып, олардың дерлик 1,4 мыңы сырт ел капиталының қатнасыўында шөлкемлестирилген.
Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта жасалма интеллект бағдарында 100 ге шамалас әмелий жойбар ҳәм 200 ден аслам тәжирийбе-сынақ басламалары басланған. Соның ишинде, Алмалық кән-металлургия комбинатының 3-мысты байытыў фабрикасында жасалма интеллект жәрдеминде реал ўақыт режиминде өндирис шынжырын таллаўдың жолға қойылғаны нәтийжесинде энергия жумсалыўы 10 процентке, өзине түсер баҳасы 15 процентке қысқарған, мийнет өнимдарлығы болса 10 процентке артқан.
Бундай жойбарлардың нәтийжелилигин тәмийинлеў ушын 24 миллион доллар муғдарында GPU-кластерге ийе жасалма интеллект инфраструктурасы иске қосылған. Жылдың ақырына шекем қосымша есаплаў қуўатлықларын кеңейтиў ушын және 45 миллион доллар муғдарында үскенелерди тартыў режелестирилген. Атап өтилгениндей, енди бул инфраструктурадан дурыс ҳәм нәтийжели пайдаланыў, оны тармақлар кесиминде анық нәтийже беретуғын шешимлер менен байланыстырыў айрықша әҳмийетке ийе.

Усы мақсетте медицина, энергетика, транспорт, бажыхана, салық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларға байланыслы 130 дан аслам мағлыўматлар базасын системаластырыў, олар менен ислесиў орталығын қәлиплестириў ҳәм жасалма интеллект модельлерин енгизиў режелери көрип шығылды. Бул арқалы мәмлекетлик хызметлерде пайдаланыўшыларға усынылатуғын сервислерди кеңейтиў, мәмлекетлик басқарыў процесслеринде таллаў ҳәм қарар қабыл етиўдиң сапасын арттырыў, сондай-ақ, экономика тармақларында қәрежетлерди азайтыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў нәзерде тутылмақта.
Презентацияда жасалма интеллект технологияларын қолланыўдың тараўлық бағдарларына да айрықша тоқтап өтилди.
Атап айтқанда, денсаўлықты сақлаўда инсульт ҳәм көкирек бези рагин ерте анықлаў, медициналық тексериў процесслерин автоматикалық баянлаў, санлы медициналық жәрдемши бағдарламаларды енгизиў; аўыл хожалығында егинлер өнимдарлығын болжаў, фитосанитарлық қәўип-қәтерлер бойынша фермерлердиң хабардарлығын тәмийинлеў, жайлаўлардың жағдайы мониторингин шөлкемлестириў; транспорт тараўында жол қапламалары ҳәм темир жол инфраструктурасы мониторингин өткериў, айдаўшыны қәўипли жағдайлардан ескертиў, “ақыллы” транспорт системаларын раўажландырыў; қурылыс ҳәм санаатта болса нызамбузыўшылықларды анықлаў, смета ҳүжжетлерин көрип шығыў мүддетин қысқартыў, видео таллаў арқалы өндирис процесслерин қадағалаў сыяқлы жойбарларды кеңейтиў нәзерде тутылған.

Инфраструктураны раўажландырыў менен бирге жергиликли стартапларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың, әсиресе, жаслардың санлы көнликпелерин қәлиплестириў мәселелери де додаланды. Бүгинги күнде мәмлекетимизде стартаплардың саны 950 ге жеткен, бул өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 37,5 процентке өсимди аңлатады. Венчур фондлардың саны 22 ге жетип, экосистеманың баҳасы болса 4,3 миллиард долларға баҳаланбақта. Стартапларға киргизилген инвестициялардың көлеми 132 миллион долларды қурағаны атап өтилди.
Усы жылдан баслап стартаплар бойынша Президент таңлаўының сыйлық қоры IT бағдарында 5 миллион долларға арттырылғаны, жасалма интеллект бағдарында болса 1 миллион долларлық жаңа таңлаўлар енгизилгени мәлим етилди. Сондай-ақ, “President AI Аward”ты мәмлекетлик басқарыў, санаат ҳәм исбилерменлик, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, “жасыл экономика” ҳәм агротехнологиялар сыяқлы 5 бағдарда шөлкемлестириў усынысы билдирилди.
2030-жылға шекем мәлимлеме технологиялары тараўында 300 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар да көрип шығылды. Оның ушын аймақларда санлы экосистеманы кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспортқа қолайлы хызметлер көлемин арттырыў ҳәм стартаплардың өсиў ноқатларын көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Самарқанд, Наманган, Сырдәрья ҳәм Бухарада IT-Parkтиң жаңа филиаллары, Нурафшан қаласында болса санлы R&D орайын шөлкемлестириў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди. Нурафшан қаласында 7,3 гектар майданда шөлкемлестирилетуғын бул орай шеңберинде 6 жоқары технологиялы лаборатория, жасалма интеллект ушын 200 GPUлы есаплаў орайын, стартап кампусын ҳәм коммерцияластырыў орайын қурыў нәзерде тутылған. Жойбардың улыўма баҳасы 200 миллион долларды қурап, оны 2027-2031-жылларда әмелге асырыў режелестирилген.
Презентацияда санлы билимлендириўди раўажландырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
“5 миллион жасалма интеллект жетекшилери” жойбары шеңберинде 1 миллионнан аслам баслаўыш курс тыңлаўшылары, 300 мыңнан аслам орта басқыш тыңлаўшылары ҳәм 1,5 мың профессионал дәрежедеги қәниге таярланғаны айтылды. Енди мектеплерде жасалма интеллект ҳәм стартап ханаларын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Соның менен бирге, мектеплерде санлы инфраструктураның жағдайы талланды. Ҳәзирги ўақытта 69 процент мектеплерде Wi-Fi зонасы улыўма жоқ екенлиги, 5 мың компьютер класы руўхый ескиргени, 2 мың мектепте болса бундай ханалар жоқ екенлиги атап өтилди. Сол себепли, 2030-жылға шекем 16 мың компьютер классларын жаңалаў, мектеплерди бийпул Wi-Fi ноқатлары менен тәмийинлеў ҳәм интернет тезлигин арттырыў бойынша анық илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте жергиликли IT шешимлеринен пайдаланыўды кеңейтиўге де айрықша итибар қаратылды. Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар ҳәм банклердеги бағдарламалық өним ҳәм мәлимлеме технологиялары хызметлериниң кеминде 45 процентин локализациялаў имканиятының бар екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлик кәрханалар ҳәм банклер тәрепинен IT хызметлерин импорт етиўде мәжбүрий тәртипте Санаат кооперациясы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар агентлиги менен келисиў системасын енгизиў, буйыртпаларды IT-Park резидентлерине қаратыў усыныс етилди.
Телекоммуникация инфраструктурасы ҳәм тәртипке салыў тараўындағы жумысларға да тоқтап өтилди.
Соңғы жылларда елатлы пунктлердиң телекоммуникация хызметлери менен қамтып алыныўы 41 проценттен 98 процентке жеткен, улыўма интернет өткериў қәбилети болса 65 есеге артып, 4,4 мың гигабит/секундқа шыққан. Телерадиокоммуникация базарын тәртипке салыў, хызметлердиң сапасын мониторинг етиў ҳәм пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде өз алдына агентлик шөлкемлестирилгени атап өтилди.
Презентацияда телекоммуникация базарын ҳәр жылы кеминде 10 процентке арттырып, усы жылы 27,5 триллион сумға жеткериў режелери көрип шығылды.
Киберқәўипсизликти тәмийинлеў, мәмлекетлик мәлимлеме системаларын интеграциялаў ҳәм санлы ҳүкимет платформасын беккемлеў мәселелери де додаланды. Мәмлекетлик мәлимлеме системаларын тек ғана бирден-бир санлы ҳүкимет платформасы арқалы интеграциялаў, киберқәўипсизлик экспертизасынан өтпеген системаларды санлы ҳүкиметке жалғаўды шеклеў, сондай-ақ, мәлимлеме қәўипсизлигин күшейтиў мақсетинде ҳәр еки жылда бир мәрте толық IT-аудит өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы жасалма интеллект ҳәм санластырыў бүгинги күнде тек ғана технологиялық жаңаланыў емес, ал экономиканың нәтийжелилигин, мәмлекетлик басқарыўдың сапасын, хызметлердиң қолайлығын, экспорт потенциалын ҳәм мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығын белгилейтуғын стратегиялық бағдар екенин атап өтти. Тараўдағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА