Ата-бабаларымыздың естелегине ҳүрмет өзликти аңлаў ҳәм руўхый тәрбияда әҳмийетли фактор болады

99

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилиси илажларында қатнасыў ушын 3-май күни Самарқанд қаласына келди.

Ийгиликли қәдириятларымызға муўапық, дәслеп Имам Бухарий комплекси зыярат етилди. Уллы ҳәдистаныўшы бабамыздың мақбарасында Қуран оқылып, пәтия етилди.

Бизге белгили, бул қутлы зыярат етиў орны мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Имам Бухарийдиң ислам дүньясында тутқан жоқары абырайы, үлкен руўхый мийрасына мүнәсип тәризде қайтадан қурылды. Зыяратшыларға ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратылды. Быйыл Рамазан ҳайыты алдынан комплекс және зыяратшылар ушын есиклерин ашып, 60 мыңнан аслам ўатанласларымыз ҳәм сырт елли мийманлар ҳайыт намазын усы қутлы зыярат орнында оқыды.

Кең көлемли дөретиўшилик жумысларының нәтийжесинде Имам Бухарий комплекси алдын бир күнде 12 мың зыяратшыға хызмет көрсеткен болса, бүгинги күнде 65 мың зыяратшыны қабыл етиў қуўатлылығына ийе.

Мағлыўматларға қарағанда, қутлы зыярат орнының ашылыўынан соң бир ай ишинде уллы муҳаддис бабамыздың мақбарасын 1 миллионнан аслам жерлесимиз ҳәм сырт ел пуқарасы зыярат етти.

Президентимиз комплекске келиўшилерге және де қолайлы шараятлар жаратыў, ибадатларын орынлаўы, уллы муҳаддис бабамыздың мийрасы менен жақыннан танысыўы ушын барлық имканиятларды кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Сондай-ақ, комплекске автотранспортта келиўшилер ушын тоқтаў орынларын кеңейтиў, зыяратшылар сейил ететуғын аймақларды және де абат етиў, олардың дем алыўы ушын тәбийий ҳәм қолайлы орталық жаратыў, бул бағдардағы жумысларды турақлы таллап барыў, ҳәр алты айда комплексте зыяратшылар ушын жаратылған шараятларды үйренип, қосымша илажларды белгилеп барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Пүткил елимизден имам-хатиблерди комплекске мирәт етип, маманлығын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы зыярат мәдениятын арттырыў, муқаддес орынларды ҳәм қойымшылықларды абат сақлаў бойынша системалы жумысларды жолға қойыў, бундай орынларға келип-кетиўшилер ушын мүнәсип шараят жаратыў әҳмийетли екенин, өткенлердиң естелегине ҳүрмет руўхын күшейтиў жас әўладтиң өзлигин аңлаўы ҳәм руўхый тәрбиясында әҳмийетли фактор болатуғынын атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев 4-май күни Самарқандта Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилисиниң ашылыў мәресиминде шығып сөйлейди.

Мәжилистиң бас темасы – “Раўажланыў кесилиспелери: регионның өз-ара байланыслы келешегин алға қойыў.” Форум глобаллық ҳәм регионаллық экономиканы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын додалаў ушын әҳмийетли халықаралық платформа болады.

Қатнасыўшылар тийкарғы итибарды “жасыл” трансформация, энергетикалық өтиў, санластырыў, инвестицияларды тартыў, азық-аўқат қәўипсизлиги, санаатта жеткерип бериў шынжырларының турақлылығы ҳәм басқа да мәселелерге қаратады.

Саммитте банк пенен бирге ислесиўши мәмлекетлердиң делегациялары, Азия раўажланыў банки, Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки ҳәм басқа да институтлардың басшылары менен хызметкерлери және сырт ел ҳүкиметлериниң 2 мыңға шамалас ўәкиллери, жетекши компаниялар ҳәм банклер, трансмиллий корпорациялардың топ-менеджерлери және абырайлы экспертлер қатнасады.

Өзбекстан 1995-жылдан берли Азия раўажланыў банкиниң ағзасы болып, оның ең ири шериклеринен бири болып есапланады: жойбарлар портфелиниң улыўма көлеми дерлик 16 миллиард долларды қурамақта. Мәмлекетимиз банктиң жыллық мәжилисине екинши мәрте басшылық етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршылары