Денсаўлықты сақлаў системасын буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды

305

Президент Шавкат Мирзиёев денсаўлықты сақлаў системасын буннан былай да раўажландырыў, медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў илажлары бойынша презентация менен танысты.

Елимизде халыққа маман ҳәм заманагөй медициналық хызмет көрсетиў, тараўда басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, жеке меншик сектордың имканиятларынан кеңирек пайдаланыў және аймақларда медицина инфраструктурасын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Презентацияда, бәринен бурын, жеке меншик сектордың тараўдың раўажланыўындағы орны ҳәм бул бағдардағы имканиятлар көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, 2016-жылы елимизде 3,2 мың жеке меншик клиника жумыс алып барған болса, 2026-жылы олардың саны 8,7 мыңға жетиўи күтилмекте. Жеке меншик медицина бағдарлары 39 дан 116 ға, бул сектордағы койка орынлары болса 16 мыңнан 57 мыңға шекем көбейди. Жеке меншик сектордың улыўма койка фондындағы үлеси 12 проценттен 31 процентке шекем артыўы прогноз етилмекте.

Соның менен бирге, системадағы айырым машқалалар да көрсетип өтилди. Соның ишинде, медициналық хызметлердиӊ сапасы үстинен әмелдеги қадағалаў механизмлери жетерли дәрежеде нәтийже бермей атырғаны, лицензиялаў талаплары заман талапларына толық жуўап бермейтуғыны, жеке меншик клиникалардың жумысы ҳаққындағы мағлыўматлардың бирден-бир электрон системада қәлиплестирилмегени, сондай-ақ, инвестициялық жойбарлар менен мәнзилли ислесиў системасының жетерли емес екенлиги атап өтилди.

Сол себепли, жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў ҳәм оның жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған жаңа көзқараслар усынылды.

Атап айтқанда, медициналық жумысты лицензиялаўға байланыслы барлық ўазыйпалар Медициналық шөлкемлерди лицензиялаў ҳәм аккредитациялаў орайына өткерилип, 2026-жыл 1-июльден лицензиялаў тәртиплерин күшейтиў, наўқастың қәўипсизлигин ҳәм медициналық жәрдем сапасын тәмийинлеўге байланыслы 48 түрдеги лицензия талапларының 14 ин қайта көрип шығыў усыныс етилди. Бул процессте көп тармақлы клиникалардың жумысын толық тоқтатыў әмелиятынан ўаз кешип, тек ғана анық қағыйдабузарлық анықланған бағдар бойынша шеклеў қолланыў тәртиби нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, медицина шөлкемлериниң лицензия талаплары ҳәм шәртлерине әмел етиўи бойынша сапа қадағалаўы күшейтилип, электрон мәлимлеме системасында аралықтан баҳалап барыў арқалы қадағалаў жолға қойылады.

Сондай-ақ, мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерине лицензия шеңбериндеги барлық бағдарларда бюджет қаржылары есабынан медициналық хызмет көрсетиўге руқсат бериў, аккредитациядан өткен жеке меншик мәкемелерге трансплантация жумысы менен шуғылланыў имканиятын бериў, 2028-жылдан баслап аккредитациядан өтпеген мәмлекетлик емес ҳәм республика дәрежесиндеги мәмлекетлик медицина мәкемелери менен Қамсызландырыў қоры тәрепинен медициналық хызметлердиң сатып алыўын әмелге асырмаў усыныс етилди.

2030-жылдың ақырына шекем барлық мәмлекетлик медицина мәкемелери басқышпа-басқыш, атап айтқанда, 2027-жыл 1-апрельге шекем 55 республикалық, 2028-жылдың ақырына шекем 413 аймақлық ҳәм 2030-жылдың ақырына шекем 3 мыңнан аслам район (қала)лық мәмлекетлик медицина шөлкемлериниң жумысы мәжбүрий лицензияланады.

Жеке меншик медицинаны хошаметлеў ушын экономикалық қоллап-қуўатлаў илажлары да додаланды.

Соның ишинде, алыс аймақларда жаңа клиникалар ашыў ушын 200 миллион АҚШ доллары муғдарында жеңиллетилген кредит ресурсы ажыратылыўы, ҳәр бир жойбар ушын 10 жылға шекемги мүддетке 10 миллион АҚШ доллары муғдарында кредит бериў, тийкарғы ставканың 50 процент бөлеги ушын компенсация механизмин қолланыў нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, сырт елли қәнигелерге социаллық салықты 1 процент етип белгилеў, медициналық үскене ҳәм комплектлеўши бөлеклер бойынша бажыхана жеңилликлерин бериў сыяқлы жеңилликлер усыныс етилди.

Презентацияда тараўға инвестицияларды тартыўдың жаңа системасы да көрип шығылды.

Буның ушын Медицина ҳәм фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигин шөлкемлестириў, инвесторларға консалтинг ҳәм әмелий хызметлерди “бир айна” принципи тийкарында көрсетиў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын профессионаллық тийкарда қәлиплестириў ҳәм алға қойыў механизмин енгизиў нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, агентликке тараўға тиккелей инвестицияларды тартыў, инвестициялық ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларына жәрдемлесиў, мәмлекетлик медицина шөлкемлерин басқарыўға бериў ўәкиллиги бериледи және агентлик шөлкемлестириўинде инвестициялық жойбарларды қәлиплестириў, келисиў ҳәм әмелге асырыўда жәрдемлесетуғын акционерлик жәмийети түриндеги “Health Invest” компаниясы шөлкемлестириледи.

Сырт елли экспертлер менен биргеликте мәмлекетлик медицина мәкемелерин корпоратив басқарыў принциплери тийкарында трансформациялаў стратегиясын ислеп шығыў усыныс етилди. Сондай-ақ, сырт елли консультантларды тартқан ҳалда медицина шөлкемлерин жойбарластырыў, қурыў ҳәм иске қосыўға байланыслы қала қурылысы және санитариялық қағыйдалар менен нормалар қайта көрип шығылып, халықаралық талапларға бейимлестирилетуғыны белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА