Қоңырат районындағы «Мустақиллик» фермер хожалығы пахта тапсырыў бойынша шәртнамалы режесин республикамызда бириншилерден болып 6-октябрь күни-ақ артығы менен орынлап шықты.

Хожалық ағзалары быйылғы жылы 57 гектар майданға шигит еккен болса, соннан бүгинги күнге режедеги 114 тонна орнына 167 тонна пахта тапсырды. Бул жумысларға «Қоңырат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан ҳәр күни 80-90, шемби ҳәм екшемби күнлери 110-120 үйде жумыссыз отырған ҳаял-қыз, жәмлеспеген жаслар өз тилеклери менен атызға шығып, фермер хожалығы ағзаларына жақыннан жәрдем бермекте.

-Көп пенен көтерген жүк жеңил,-дегениндей, жыйын-терим жумысларына аймағымыз турғынларының белсене қатнасыўы, қолға киргизген табысымыздың тийкары болды,-дейди фермер хожалығының баслығы Қуўатбай Утеков.-Соның менен бирге,  терим пулларының сол күнниң өзинде нақлай берилип, район ҳәкимлиги тәрепинен алдыңғы теримшилердиң баҳалы затлар менен хошаметленип барылыўы олардың қызығыўшылығын арттырмақта.

Мәселен, аймақ турғыны Г.Тилеўәлиева шаңарақ ағзалары менен бирге бүгинги күнге шекем 7 тоннаға шамалас пахта терип, жәми 5 миллион сумға жақын дәрамат алды. Алдыңғы теримши район ҳәкимлиги тәрепинен телевизор. Р.Досжанова шаңжутқыш, Т.Садыкова электропечь пенен сыйлықланды.

Атызларда еле зүрәәт мол. Ҳәзирги ашық-жарық күнлерден өнимли пайдаланған фермер хожалығының ағзалары қосымша 40 тонна өним тапсырып, зүрәәтлиликти гектарына 35 центнерге жеткериўди режелестирмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.