Табиятты қорғаў тараўындағы илажлар көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев 30-апрель күни тәбиятты қорғаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм қорғалатуғын тәбийий аймақларды раўажландырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.
Елимизде соңғы жыллары қоршаған орталықты қорғаў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, “жасыл” экономика принциплерин енгизиў ҳәм экологиялық мәдениятты арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, санаат, қурылыс, транспорт ҳәм коммуналлық тараўлардағы жедел раўажланыў тәбиятқа тәсир етиўши факторларды қатаң қадағалаўды, экологиялық талапларға әмел етиўди және де күшейтиўди талап етпекте.

Презентацияда экология тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың жағдайы талланды. Атап өтилгениндей, 2024-жылы 47 мыңнан аслам ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық анықланған болса, 2025-жылы олардың саны 59 мыңнан артқан. Әмелдеги тәртипте жәриймалар муғдары жеткерилген экологиялық зыянға пропорционал емеслиги себепли айырым кәрханалар ушын ҳуқықбузарлықты сапластырыўдан гөре, жәрийма төлеп, жумысты даўам еттириў қолайлы болып қалмақта.
Сол себепли, юридикалық тәреплерге қарата финанслық санкцияларды қайта көрип шығыў, оларды тәбиятқа жеткерилген зыян муғдарына байланыстырыў ҳәм халықаралық әмелиятқа жақынластырыў усыныс етилди. Соның ишинде, дәрья аңғарларынан рудалық емес материалларды нызамсыз қазып алыў, суў ресурсларын патасландырыў, терек ҳәм путаларды нызамсыз кесиў, атмосфера ҳаўасына белгиленген нормадан артық шығындылар шығарыў, қурылыс майданларында шаң ҳәм қум бөлекшелериниң ҳаўаға көтерилиўине жол қойыў, шығындыларды белгиленбеген орынларда жағыў сыяқлы жағдайлар ушын тәсиршең қаржы илажларын енгизиў нәзерде тутылған.

Бул процессте ҳәкимшилик жәрийма ҳәм тәбиятқа жеткерилген зыян ушын компенсация төлемин бирден-бир финанслық санкцияға бирлестирип, кәрхана айыбын тән алған жағдайларда оны Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети тәрепинен қолланыў, тартыслы жағдайларда болса мәселени суд тәртибинде көрип шығыў ҳәм шешиў тәртибин енгизиў усыныс етилди.
Презентацияда Угом дәрьясының тәбийий турақлылығын тиклеў ҳәм оның бийбаҳа тәбийий мийрасын сақлаў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Угом дәрьясы ҳәм оның бассейни Угом-Чотқол миллий тәбият бағы қурамындағы әҳмийетли экологиялық аймақлардан бири болип есапланады. Бул жерде онлаған сийрек ушырасатуғын өсимлик ҳәм ҳайўан түрлери, соның ишинде, Қызыл китапқа киргизилген түрлер бар. Дәрья Шыршық бассейниниң суў тәмийнатында да әҳмийетли орын ийелейди.

Таллаўларға бола, соңғы жыллары Угом дәрьясында суўдың жумсалыўы азайып, суўдың сапасына тәсир етиўши факторлар көбейген. Бул жағдай жағалықлардың жемирилиўи, фауна ҳәм өсимлик дүньясына унамсыз тәсир көрсетиўи, биокөптүрлиликтиң қысқарыўы қәўпин арттырмақта.
Сонлықтан, Угом дәрьясы ҳәм оған тутас аймақларды мәмлекетлик гидрологиялық тәбият естелиги деп жәриялаў, жағалық бойы ҳәм суўды қорғаў зоналарында тәбийий гидрологиялық системаға тәсир ететуғын қурылыс ҳәм жер жумысларын шеклеў усыныс етилди. Сондай-ақ, суў қорғаў зоналарындағы объектлерди хатлаўдан өткериў, олардың суўдың сапасына ҳәм биофаунаға тәсирин баҳалаў ўазыйпалары белгиленди. Экологиялық талапларға жуўап бермейтуғын жумысларды тоқтатыў ямаса басқа орынға көшириў мәселеси көрип шығылады.
Қалаберди, дәрьяның гидрологиялық ҳәм экологиялық жағдайын турақлы раўажландырыў бойынша “Угом дәрьясы экосистемасын жақсылаў” мастер режесин ислеп шығыў, жағалық бойы ҳәм қорғаў зоналарында жер деградациясының алдын алыў ушын терек ҳәм путалар егиў нәзерде тутылған.
Шығындыларды басқарыў тараўындағы жумыслар да ҳәр тәреплеме талланды. 2025-жылы санитариялық тазалаў хызметиниң қамтып алыўы мәҳәллелер кесиминде 88 процентке жетти, тараўға арнаўлы техникалар, мотороллерлер ҳәм контейнерлер жеткерип берилди, 132 полигон әтирапы көклемзарластырылды, 47 полигон жумысы тоқтатылды.
Усы жылы санитариялық тазалаў кәрханаларына қосымша арнаўлы техника ҳәм контейнерлер жеткерип берип, қамтып алыўды 90 процентке жеткериў, 18 полигонды рекультивациялаў, 2030-жылға барып, полигонлардың санын 50 процентке қысқартыў режелестирилген.
Шығындыларды қайта жүклеў станцияларын қурыў арқалы логистика қәрежетлерин азайтыў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеў көлемин арттырыў, полигонларға түсетуғын жүклемени қысқартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. 2026-жылы 28, 2030-жылға шекем болса 70 қайта жүклеў станциясын қурыў нәзерде тутылған.
Турмыслық шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша ири инвестициялық жойбарлардың барысы ҳаққында да мәлимлеме берилди. Улыўма баҳасы 933 миллион доллар болған 6 заводты қурыў жумыслары Әндижан, Наманган, Ферғана, Самарқанд, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында әмелге асырылмақта. Бул заводлар иске қосылғаннан соң, жылына 3,6 миллион тонна қатты турмыслық шығынды қайта исленип, 1,6 миллиард киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Кейинги басқышта 633 миллион долларлық және 5 завод қурыўға байланыслы жумысларды баслаўға көрсетпе берилди.
Қәўипли шығындыларды басқарыў бойынша ҒМДА аймағында биринши интеграцияласқан платформа жаратыў усыныс етилди. Наўайы ўәлаятында әмелге асырылыўы режелестирилген бул инвестициялық жойбар шеңберинде қәўипли шығындыларды лабораторияда характерлеў, арнаўлы полигон шөлкемлестириў, шығындылардан RDF жанылғы ислеп шығарыў, физикалық-химиялық ҳәм термикалық қайта ислеў системасын жолға қойыў нәзерде тутылған.
Жойбар баҳасы 260 миллион доллар болып, жылына 330 мың тонна қәўипли шығындыны қайта ислеў қуўатлылығы жаратылады. Оның әмелге асырылыўы экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, жаңа стандартлар ҳәм алдынғы технологияларды енгизиў, жергиликли кадрларды таярлаўға хызмет етеди.
Атап өтилгениндей, 2017-жылы қурылыс шығындылары көлеми 1,2 миллион тоннаны қураған болса, 2025-жылы 1,9 миллион тоннаға жеткен.
Усы мүнәсибет пенен қурылыс шығындыларының “пайда болыўынан утилизацияға шекемги” процесин толық қадағалайтуғын санлы платформа жаратыў, шығындылардың ҳәрекетин GPS арқалы реал ўақыт режиминде бақлаў, полигонларда сайлап алыў ҳәм қайта ислеў комплекслерин шөлкемлестириў усыныс етилди.
Сондай-ақ, қурылыс объектлерин қабыл етиўде шығындыларды утилизациялаў бойынша шәртнама шәртлериниң орынланғанын мәжбүрий талап сыпатында белгилеў, нызамсыз таслаў жағдайларын фото ҳәм видео жазыў арқалы анықлаў және жуўапкершилик илажларын күшейтиў нәзерде тутылмақта.
Презентацияда қорғалатуғын тәбийий аймақларды раўажландырыў, бийбаҳа өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясын сақлаў бойынша жойбарлар да көрип шығылды. Атап айтқанда, “Ферғана” миллий тәбият бағы қурамындағы “Ёзёвон” тәбият естелиги аймағын қорғаў, дендрологиялық бағ шөлкемлестириў, бақлаў минаралары, арнаўлы дронлар ҳәм санлы мониторинг системалары арқалы қадағалаўды күшейтиў режелестирилген.
Бул аймақта сапар орайын шөлкемлестириў, пияда сейил етиў маршрутлары, қусларды бақлаў майданлары, фото ҳәм панорама ноқатлары, илимий-ағартыўшылық экскурсиялар жолға қойылыўы режелестирилмекте.
Сондай-ақ, “Овжазсой – Жасыл таўлар” миллий тәбият бағы аймағында да экологиялық туризмди раўажландырыўға қаратылған объектлерди қурыў усыныслары көрип шығылды. Онда тәбийий ландшафтлар ҳәм таў экосистемаларын қәстерлеп сақлаған ҳалда туристлер ушын қолайлы инфраструктура жаратыўға айрықша итибар қаратылады.
Презентацияда усы жылы Самарқанд қаласында өткерилиўи режелестирилген “ECO EXPO Central Asia 2026” халықаралық көргизбеси ҳәм Глобаллық экологиялық фондтың 8-Ассамблеясына таярлық мәселелери де додаланды.
Глобаллық экологиялық фонд 186 қатнасыўшы мәмлекетти бирлестирген ири халықаралық финанс институты болып, оған Өзбекстан 1995-жылы қосылған. Ассамблеяның Самарқандта өткерилиўи Европа, Кавказ ҳәм Орайлық Азия регионында биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған ири экологиялық әнжуман болады. Илажда 186 мәмлекеттен 2,5 мың қатнасыўшы, 40 донор мәмлекет, 50 ден аслам абырайлы тәбиятты қорғаў шөлкемлери ҳәм халықаралық экспертлер қатнасыўы күтилмекте.
“ECO EXPO Central Asia 2026” көргизбеси болса жергиликли санаат, ҳәкимликлер, халықаралық финанс институтлары, инновациялық “жасыл” технологиялар провайдерлери ҳәм инвесторлар арасында бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, тәбиятты қорғаў тараўында қадағалаў ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў, шығындыларды басқарыўда заманагөй системаларды енгизиў, суў ресурсларын ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў, қорғалатуғын тәбийий аймақларды илимий тийкарда раўажландырыў бойынша анық тапсырмалар берди.
ӨзА