Өзбекстан – Чехия: санаат кооперациясы ҳәм инновациялық келешекке исенимли қәдем тасланды

Чехия Республикасының Бас министри Андрей Бабиш 29-30-апрель күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.
Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанның сыртқы сиясатында ашық-айдынлық, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм жедел дипломатия принциплери тийкарғы әҳмийетке ийе болмақта. Әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар халықаралық майданда исенимли ҳәм перспективалы шерик сыпатында елимиздиң абырайын және де беккемлемекте.
Бул бағдарда Европа Аўқамы мәмлекетлери, атап айтқанда, Чехия Республикасы менен байланысларды беккемлеў еки тәреп ушын да үлкен әҳмийетке ийе.
Көксарай резиденциясында 30-апрель күни Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабишти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Резиденция алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, оны минберге мирәт етти.
Әскерий оркестрдиң атқарыўында Өзбекстан ҳәм Чехия мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Буннан соң Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиштиң тар шеңберде ҳәм еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында сөйлесиўлери болып өтти.

Өзбекстан менен Чехия арасындағы әмелий бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды.
Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз жетекшиси бул сапар етиў Өзбекстан – Чехия қатнасықлары тарийхында сапа жағынан жаңа басқышты баслап беретуғынын айрықша атап өтти.
Барлық тараўларда бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлар дәрежесинде тығыз байланыслар орнатылды, исбилерменлик ҳәм гуманитарлық алмасыўлар жеделлести.
Парламентлерде “Дослық топарлары” шөлкемлестирилген. Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели ислемекте.
Кейинги жыллары товар алмасыў дерлик еки есеге артты. Мәмлекетимизде Чехия капиталының қатнасыўында 37 биргеликтеги кәрхана табыслы жумыс алып бармақта. Бир қатар жаңа кооперация бағдарлары бойынша жумыс алып барылмақта.
Өз-ара саўда көлемин арттырыўға айрықша итибар қаратылды. Товар алмасыўды, соның ишинде, өним түрлерин кеңейтиў арқалы 1 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Биргеликтеги саўданы хошаметлеў мақсетинде Чехияда Өзбекстанның биринши сертификатлаў филиалы шөлкемлестирилмекте. Чехиялы бирге ислесиўшилер менен “Евро-6” стандартындағы автомобильлерди сертификатлаў ҳәм квант эталоны бойынша заманагөй лаборатория қурылмақта.
Чехияның жетекши компаниялары менен машина қурылысы, “жасыл” энергетика, геология ҳәм әҳмийетли шийки зат, химия, фармацевтика ҳәм басқа да тараўларда жойбарларды әмелге асырыўды өз ишине алған Технологиялық бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм “ақыллы” қалалар жаратыў, инженерлик жумысы ҳәм санластырыў тараўларында кооперация ушын бар перспективалар атап өтилди.
Атап айтқанда, күни кеше болып өткен Өзбекстан – Чехия бизнес форумында жәрияланған жойбарлаў басламалары қоллап-қуўатланды.
Тәреплер Экспорт кредитлерин қамсызландырыў агентлиги ҳәм Чехия Экспорт банкиниң Өзбекстанда жойбарларды әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў нийетин қоллап-қуўатлады.
Экономикалық күн тәртибиндеги барлық мәселелерди алға қойыў ушын Исбилерменлер кеңесин дүзиў ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссияның кейинги мәжилисин усы жылы август айында Ташкентте өткериў усыныс етилди.
Мәдений-гуманитарлық тараўда, соның ишинде, биргеликтеги диплом бағдарламалары шеңберинде билимлендириў ҳәм академиялық алмасыўды кеңейтиўден еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды.
Өз-ара мәденият ҳәм кино күнлери, көргизбе ҳәм концертлерди турақлы түрде өткериў, сондай-ақ, мәмлекетлер арасында туристлер ағымын көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы мақсетте еки мәмлекет пайтахтлары арасында тиккелей авиақатнаўды қайта тиклеў мәселеси көрип шығылады.
Тәртипли мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Халықаралық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды.
Жуўмағында қабыл етилген қарарларды өз ўақтында әмелге асырыў бойынша биргеликтеги “жол картасы”н ислеп шығыўға келисип алынды.
Ташкент қаласында болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиш Кеңейтилген бирге ислесиўди алға қойыў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Сондай-ақ, экономика, санаат, илимий ҳәм технологиялық бирге ислесиў, дипломатиялық кадрларды таярлаў, метрология лабораториясын биргеликте жойбарластырыў ҳәм шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў, метрология тараўындағы илимий-инновациялық бирге ислесиў, геология тараўындағы бирге ислесиў, электропоездларды жеткерип бериў ҳаққында ҳәм басқа да еки тәреплеме келисимлерге қол қойыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан – Чехия жоқары дәрежедеги сөйлесиўлериниң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиш Ҳүрметли мийманлар қыябанында биргеликте терек екти.

Мәресим еки мәмлекет халықлары арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиў беккемленип атырғаны, Өзбекстан – Чехия көп қырлы қатнасықларын раўажландырыўда жаңа басқыш басланғанының белгиси болды.
Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиштиң елимизге рәсмий сапары еллеримиз арасындағы қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашады. Бул сапар етиў Өзбекстан ҳәм Чехия арасындағы дослық байланыслары тек ғана мәдений-гуманитарлық тараўда емес, ал жоқары технологияларға тийкарланған экономикалық кооперация дәрежесине көтерилгенинен дерек береди. Еки мәмлекет жетекшилериниң басламалары бүгинги күнде көп қырлы бирге ислесиўдиң барлық бағдарлары бойынша әмелий нәтийжелерди бере баслады.
Мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы ашық-айдынлық сиясаты Чехия исбилермен топарлары ушын Өзбекстанды Орайлық Азиядағы ең тартымлы инвестициялық орай сыпатында көрсетпекте. Машина қурылысы, “жасыл” энергетика, фармацевтика ҳәм санластырыў сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиў экономикалық көрсеткишлерди арттырады. Сондай-ақ, еки мәмлекеттиң технологиялық потенциалын бирлестириўге де хызмет етеди.
Бул жаңа басқыштағы шериклик халықларымыздың абаданлығы жолында хызмет ететуғын турақлы ҳәм нәтийжели жойбарлар ушын беккем тийкар болып қалады.
Усының менен Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиштиң елимизге рәсмий сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары