Кегейли районында жаслар менен ушырасыў өткерилди

225

Мәмлекетимиз Президентиниң тапсырмасы менен пийшемби жаслар күни деп белгиленип, усы тийкарда орынларда басшы ҳәм жаслар ушырасыўлары өткерилип келинбекте.

Усындай гезектеги ушырасыў Кегейли районында өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған, сондай-ақ, аўыр категориядағы ҳәм белсенди жаслар менен ушырасты.

Ең дәслеп жаслар ушын бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилип, жаслардын басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылған шараятлар ҳәм берилген имканиятлар бойынша презентация жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Атап өтиў орынлы, район жаслары менен жақында Жоқарғы Кеңес Баслығы ушырасып, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берген еди. Усы тийкарда 50 жастың үй шараятында ислеп шығарыў ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын арнаўлы үскенелер алып келиў илажлары көрилмекте. Буннан тысқары, бәнтлик, социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да турмыслық мәселелер шешилиўи нәзерде тутылған.

Бул өткерилген ушырасыўда да жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, машқалалардың өз орнында шешимин табыў илажлары көрилди ҳәм олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Қарақалпақстан хабар агентлиги