Чехия Бас министриниң сапары жуўмақланды

Чехия Республикасының Бас министри Андрей Бабиш 29-30-апрель күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.
Көксарай резиденциясында 30-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиштиң тар шеңберде ҳәм еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында сөйлесиўлери болып өтти. Онда еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан – Чехия шериклигиниң бир қатар бағдарларын қамтып алған ҳүжжетлерге қол қойылды.
Бул сапар етиў шеңберинде Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиш “Жаңа Өзбекстан” бағында Ғәрезсизлик монументине гүл қойды. Жәҳән гәўҳары есапланған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Ташкент қаласындағы Халықаралық тил ҳәм көнликпелер мектеби ҳәм Технопаркте болды. Чехия Бас министри Өзбекстан – Чехия бизнес-форумында да қатнасты.
Жоқары мәртебели мийман сапар жуўмағында журналистлерге интервью берди.
Андрей Бабиш сапар шеңбериндеги сөйлесиўлер өз-ара исеним руўхында өткенин атап өтти. Ерисилген келисимлер еки мәмлекет экономикалық байланысларын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығатуғынын айрықша атап өтти. Елимиздиң бай мәдений мийрасы ҳәм заманагөй раўажланыў пәтлери онда үлкен тәсир қалдырғанын атап өтти. Өзбек халқына тән болған шын кеўилден миймандослық ҳәм көрсетилген жоқары ҳүрмет ушын терең миннетдаршылық билдирди.
Жоқары мәртебели мийманды “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.
ӨзА