Өзбекстан ҳәм Чехия арасында еки тәреплеме келисимлер топламына қол қойылды

419

Ташкент қаласында болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиш Кеңейтилген бирге ислесиўди алға қойыў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Сондай-ақ, экономика, санаат, илимий ҳәм технологиялық бирге ислесиў, дипломатиялық кадрларды таярлаў, метрология лабораториясын биргеликте жойбарластырыў ҳәм шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў, метрология тараўындағы илимий-инновациялық бирге ислесиў, геология тараўындағы бирге ислесиў, электропоездларды жеткерип бериў ҳаққында ҳәм басқа да еки тәреплеме келисимлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

ӨзА