Чехия Бас министрин күтип алыў мәресими болып өтти

448

30-апрель күни Көксарай резиденциясында елимизге рәсмий сапар менен келген Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабишти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Резиденция алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, оны минберге мирәт етти.

Әскерий оркестрдиң атқарыўында Өзбекстан ҳәм Чехия мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Мәресим жуўмағында биргеликте сүўретке түсирилгеннен соң жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.

ӨзА