Чехия Бас министри пайтахтымыздағы Халықаралық тил ҳәм көнликпелер мектебиндеги имканиятлар менен танысты

96

Чехия Республикасының Бас министри Андрей Бабиш мәмлекетимизге сапарының екинши күнин Ташкент қаласындағы Халықаралық тил ҳәм көнликпелер мектебине барыў менен баслады.


Жоқары мәртебели мийман Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте заманагөй билимлендириў мәкемесинде әмелге асырылған жумыслар, жаратылған шараятлар ҳәм билимлендириў процеси менен жақыннан танысты.

320 орынға мөлшерленген оқыў корпусындағы заманагөй аудиториялар, тил лабораториялары ҳәм әмелий сабақлар ушын қурылған инфраструктура мийманда үлкен қызығыўшылық оятты.

Сондай-ақ, делегация ўәкиллериниң студентлер менен сәўбетлесиўи шөлкемлестирилди. Сәўбетте жаслар билим алыў процеси, келешекте сырт елде мийнет етиў режелери ҳәм халықаралық бағдарламаларда қатнасыў имканиятлары ҳаққында пикир алысты.

Бас министр мектепте билим алып атырған жаслардың умтылысларын жоқары баҳалап, бундай басламалар жаслардың келешеги ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Бизге белгили, бул Халықаралық тил ҳәм көнликпелер мектеби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген. Мәкеме жасларды сырт елде мийнет етиўге заманагөй талаплар тийкарында таярлаўды мақсет еткен.

Бул жерде Германия ҳәм Япония менен биргеликте әмелге асырылып атырған арнаўлы бағдарламалар арқалы медицина ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары ушын маман кадрлар таярланбақта.

Сапар етиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Чехия арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, студентлер алмасыўы, қоспа билимлендириў бағдарламалары ҳәм қәнигелер таярлаў бойынша жаңа жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары додаланды.

Бул болса еки мәмлекет арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Бул сапар етиў тек ғана билимлендириў тараўындағы жетискенликлер менен танысыў емес, ал Өзбекстан жасларының халықаралық мийнет базарында бәсекиге шыдамлы кадр сыпатында қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтиў керек.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзАның хабаршысы