Гидроэнергетика тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер көрип шығылды

95

Президент Шавкат Мирзиёев 29-апрель күни гидроэнергетика тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.

Өзбекстанда 150 мың километрден аслам дәрьялар, сайлар ҳәм каналлар бар. Бул дереклер тек ғана ишимлик суўы ҳәм суўғарыў емес, ал энергетика, экономика ҳәм экология көзқарасынан да стратегиялық әҳмийетке ийе.

Бүгинги күнде электр энергиясын ислеп шығарыўдың үлкен бөлеги тәбийий газ ҳәм көмирге байланыслы. Гидроэнергия үлеси болса 10-12 процент әтирапында. Сонлықтан, гидроэнергетиканы раўажландырыў энергия системасын турақлыластырыў, жанылғы ресурсларына байланыслылықты азайтыў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Соңғы жыллары тараўда салмақлы нәтийжелерге ерисилди. 2017-жылы 36 болған гидроэлектр станцияларының саны 2025-жылы 100 ге жеткерилди. Олардың улыўма қуўатлылығы 1,6 гигаватттан 2,4 гигаваттқа шекем артты.

Орайлық Азияда бирден-бир болған гидроагрегат ҳәм технологиялық үскенелер ислеп шығарыўшы “UzHydroPower” заводы шөлкемлестирилди. Өткен жылы иске қосылған Нарын ГЭСлер каскадының биринши басқышы биринши мәрте “миллий жойбар” модели тийкарында әмелге асырылып, барлық процесслер толық жергиликли кәрханалар тәрепинен орынланды.

Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң гидроэнергетика потенциалының үлкен бөлеги еле иске қосылмағаны атап өтилди. Халық ҳәм экономиканың өсиўи менен электр энергиясына талап артып баратырғанын есапқа алып, бул потенциалдан толық, ҳәр бир дәрья, сай ҳәм каналларда пайдаланыў және жаңа қуўатлықларды жедел иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Презентацияда 2026-2032-жылларда улыўма баҳасы 5,8 миллиард доллар болған 73 перспективалы жойбарды әмелге асырыў режелери көрип шығылды. Буның нәтийжесинде қосымша 3,6 гигаватт қуўатлылық жаратылыўы күтилмекте.

Усы жылы 13 ГЭСти пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Олардың улыўма қуўатлылығы 114 мегаватт, жыллық өндирис көлеми болса 537 миллион киловатт-саатты қурайды. Бул жойбарлар шеңберинде 254 жумыс орны жаратылады. Буған қосымша Бостанлық районында 28 миллион долларлық  грантлардың есабынан 20 мегаватт қуўатлылықта самал электр станциясы қурылмақта.

Ири жойбарлар қатарында Бостанлық районындағы Жоқары Пском ГЭС қурылысы айрықша әҳмийетке ийе. Баҳасы 365 миллион доллар болған бул жойбардың қуўатлылығы 160 мегаватт, жыллық өндирис көлеми 484 миллион киловатт-саат болады. Бул 161 мың шаңарақты электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын береди. Жойбарда жергиликли компонентлердиң үлеси 82 процентти қурайды.

Ферғана ўәлаятының Сух районында “миллий жойбар” принципи тийкарында Сух ГЭС қурылысы режелестирилген. Қуўатлылығы 15 мегаватт болатуғын бул станция жылына 50 миллион киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарып, райондағы электр зәрүрлигиниң 71 процентин турақлы тәмийинлеўге хызмет етеди.

Жоқары Тупаланг аймағының гидроэнергетика потенциалы да көрип шығылды. “Тупаланг” суў сақлағышына қуйылатуғын дәрья ҳәм сайларда 42 киши ГЭС қурыў арқалы 541 мегаватт қуўатлылық жаратыў, жылына дерлик 1,9 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканияты бар.

Дүнья әмелиятында гидроаккумуляция электр станцияларын қурыў арқалы энергияны сақлаў ҳәм қайта бөлистириў системалары кеңнен енгизилип атырғаны атап өтилди. Мәмлекетимизде де биринши мәрте улыўма қуўатлылығы 1,4 гигаватт болған 3 усындай станцияны қурыў имканиятлары көрип шығылмақта.

Сондай-ақ, улыўма қуўатлылығы 164 мегаватт болған 2983 киши ҳәм микро ГЭС қурыў режелери додаланды.

Санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў де тараў нәтийжелилигин арттырыўдың әҳмийетли бағдары сыпатында белгиленди. Суў сақлағышлар ҳәм гидротехникалық объектлерде суў қәдди, суў көлеми, басым, метеомағлыўматлар ҳәм өндирис процесслерин онлайн бақлаў имканиятын беретуғын санлы мониторинг системалары басқышпа-басқыш енгизиледи. Ҳәзирги ўақытта суў сақлағышлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын 3,5 мың қадағалаў-өлшеў аппаратлары орнатылған.

Мәмлекетимиз басшысы гидроэнергетика тараўындағы жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў, локализациялаў дәрежесин арттырыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

Презентацияда пайтахт аймағындағы дәрья ҳәм каналлардың бойларын абаданластырыў, қалада салқын микроклимат жаратыў мақсетинде жасалма көл ҳәм бассейнлер қурыў бойынша жумыслар ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Соның ишинде, Шыршық дәрьясының пайтахт аймағынан өтетуғын 16 километр бөлегин абаданластырыў есабынан 306 гектар жер майданында “Дәрья бойы” жойбарын әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Жойбар шеңберинде дәрья жағалықларын беккемлеў, жасыл аймақлар жаратыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин жайластырыў жумыслары әмелге асырылады. Бектемир каналының бойында 187,3 гектар майданда “жасыл белбеў” жаратылады, сейил етиў орынлары қурылады. Пиядалар ҳәм велосипед жоллары, ишки жоллар, жақтыландырыў системалары ҳәм көпирлер қурылады.

Пайтахтта 4 жасалма көл ҳәм суў бассейнлерин шөлкемлестириў жойбары да таныстырылды. Президентимиз халық ушын қолайлы шараятлар, қалада салқын микроклимат жаратыўға бул жетерли емеслигин атап өтип, көллердиң санын 12 ге жеткериўди тапсырды.

 ӨзА