Чехия Республикасының Бас министри Өзбекстанға келди

105

Чехия Республикасының Бас министри Андрей Бабиш 29-апрель күни рәсмий сапар менен елимизге келди.

Жоқары мәртебели мийманды “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Буннан соң Жоқары мәртебели мийман “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Мәмлекетимиздиң өтмиши ҳәм келешеги тымсалы есапланған Ғәрезсизлик монументи Жаңа Өзбекстан мәнаўиятының гүлтажы болып есапланады. Онда жетиклик ийелери болған ата-бабаларымыздың келбети сәўлеленген.

Чехия Бас министри өмирин елдиң раўажланыўы, ел абаданлығы жолында илим-ағартыўшылық пенен өткерген ата-бабаларымыздың естелигине ҳүрмет көрсетти. Елимиз тарийхы, дүнья цивилизациясына үлес қосқан ата-бабаларымыздың ағартыўшылығы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ташкент қаласында Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиштиң елимизге рәсмий сапары шеңберинде еки мәмлекет исбилермен топарларының биргеликтеги бизнес форумы өткерилди.

Илажда Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Чехия Республикасының  Бас министри Андрей Бабиш қатнасты.

Форумда еки мәмлекеттиң жетекши санаат кәрханалары, инвестициялық компаниялары ҳәм финанслық структураларының ўәкиллери жыйналды. Атап айтқанда, Чехия делегациясы қурамынан машина қурылысы, энергетика, химия, фармацевтика ҳәм транспорт-логистика тараўларында жумыс алып баратуғын 50 ден аслам ири компаниялардың басшылары орын алды.

Атап өтилгениндей, соңғы сегиз жыл ишинде Өзбекстан ҳәм Чехия арасындағы товар алмасыў көлеми еки есеге артты. Бүгинги күнде елимизде Чехия капиталының қатнасыўында 36 қоспа кәрхана жумыс алып бармақта. Фармацевтика, азық-аўқат санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм туризм тараўлары өз-ара бирге ислесиўдиң табыслы бағдарлары сыпатында атап өтилди.

Сөйлесиўлер даўамында экономикалық байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўдың бир қатар перспективалы бағдарлары ҳаққында сөз болды.

Чехия компаниялары мыс ҳәм басқа да реңли металларды қазып алыў, оларды терең қайта ислеў ҳәм таў-кән техникаларын локализациялаў жойбарларына мирәт етилди.

Гидроэлектр станцияларын қурыў, когенерация үскенелерин орнатыў, тараўды санластырыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша шерикликти кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстанның IT-парклери ҳәм тараўдағы 100 мыңнан аслам қәниге потенциалынан пайдаланған ҳалда үшинши мәмлекетлер базары ушын биргеликтеги санлы өнимлер жаратыў имканиятлары додаланды.

Елимиздеги химия кластерлери негизинде минерал төгинлер, полимерлер ҳәм турмыслық химия қуралларын ислеп шығарыўды жолға қойыў, сондай-ақ, фармацевтика тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.

Еки мәмлекеттиң географиялық жайласыўы стратегиялық әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди. Бул Өзбекстан ушын Европа Аўқамы базарына, Чехия ушын болса Орайлық Азия базарына шығыўда дәрўаза ўазыйпасын атқарады. Усы мүнәсибет пенен, паритет тийкарында саўда үйлерин ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў усынысы алға қойылды.

Өзбекстан тәрепи чех инвесторлары ушын арнаўлы санаат парклеринде жаратылған имканиятлар ҳәм Европа компаниялары ушын берилип атырған айрықша жеңилликлерге тоқтап өтти.

Өз гезегинде, Чехия Бас министри өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин билдирип, анық инвестициялық усынысларын усынды.

Форум жуўмағында еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге ҳәм келисимлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Чехия Республикасының Бас министри Андрей Бабиш тек ғана елимиз емес, ал пүткил дүньяның гәўҳарына айланған Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайына барды.

Ислам цивилизациясы орайы илимий, ағартыўшылық ҳәм тарийхый көзқарастан өтмиш ҳәм бүгинди байланыстырыўшы көпир болып есапланады. Бүгин оның жумысы пүткил дүнья жүзиниң дыққат орайында болып келмекте.

Бул жерге келиўшилерге халықаралық стандартлар тийкарында хызмет көрсетиў жолға қойылды. Комплекс ҳаққында тарқатпа материаллар, брошюралар ҳәм китаплар басып шығарылды. Өзбекстан музей әмелиятында биринши мәрте абырайлы халықаралық экспертлер тартылған ҳалда заманагөй химия-физика лабораториясында барлық музей экспонатларының химиялық қурамы ҳәм жаратылған ўақты анықланып, олардың технологиялық паспортлары таярланды.

Халықаралық  ISO стандартлары тийкарында экспонатлар санластырылып, бирден-бир электрон платформаға жайластырылды. ЮНЕСКО ҳәм ИКОМ талаплары, сондай-ақ, дүньяның ең белгили музейлериниң тәжирийбеси тийкарында экспонатлардың 8 бағдардағы этикетаж эталонлары ҳәм классификациялары жаратылды. Ҳәр бир экспонатқа QR-кодлар жайластырылыўы нәтийжесинде мийманлар мобил телефон ямаса планшет арқалы олардың видео ҳәм аудио контенти менен дәслеп 3 тилде, кейин ала болса 8 тилде танысыў имканиятына ийе болды.

Бүгин комплексте Британия, Лувр ҳәм Метрополитен музейлериндеги сыяқлы планшетлер арқалы видео ҳәм аудио танысыў, аудиогидлер, радиогидлер ҳәм мағлыўмат алыў наушниклеринен пайдаланыў жолға қойылған.

Чехия Бас министри Андрей Бабиш дүнья музейлери менен теңлесе алатуғын бийбаҳа дүрданаларды сақлап атырған Ислам цивилизациясы экспонатларын көзден өткерип, ата-бабаларымыздың бай мийрасынан таң қалды.

Сапар бағдарламасына муўапық, 30-апрель күни Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, көп қырлы Өзбекстан – Чехия бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип шығылады.

Өз-ара саўданы көбейтиў, машина қурылысы, “жасыл” энергетика, химия, фармацевтика ҳәм транспорт тараўларында кооперацияны кеңейтиў дыққат орайында болады. Мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери.

Өз-ара саўданы көбейтиў, машина қурылысы, “жасыл” энергетика, химия, фармацевтика ҳәм транспорт тараўларында кооперацияны кеңейтиў дыққат орайында болады. Мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланады.

Халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер, соның ишинде, көп тәреплеме майданларда өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысылады.

Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиштиң елимизге рәсмий сапары даўам етпекте.

Икром АВВАЛБОЕВ, Абдулазиз РУСТАМОВ, Марҳабо ҲОЖИАКБАРОВА,

ӨзАның хабаршылары