Чехия Бас министри Андрей Бабиш рәсмий сапар менен Өзбекстанға келди

Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиш 29-апрель күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.
Жоқары мәртебели мийманды “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, көп қырлы Өзбекстан – Чехия бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип шығылады.
Өз-ара саўданы көбейтиў, машина қурылысы, “жасыл” энергетика, химия, фармацевтика ҳәм транспорт тараўларында кооперацияны кеңейтиў дыққат орайында болады.
Мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланады ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысылады. Еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.
Сапар етиў шеңберинде Бас министр Андрей Бабиш Өзбекстан – Чехия бизнес-форумында да қатнасады.
ӨзА