“Министр кубоги”ның район басқышы жуўмақланды

Бозатаў районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде устаз-муғаллимлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў ҳәм оқыўшыларға жеке үлги көрсетиў арқалы жәмәәтте аўызбиршиликти беккемлеў мақсетинде, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў тараўында хызмет етип киятырған ҳаял-қызлар арасында волейбол бойынша “Министр кубоги” жарысларының районлық басқышы өткерилди.
Спорт жарысының ашылыў салтанатына район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы А.Хожагелдиева, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими ҳәм район спорт мектеби ўәкиллери қатнасып, жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.
Өткерилген жарыс жуўмағында, 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң командасы биринши орынды ийелеўге еристи.
Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, 2-санлы ҳәм 1-санлы мектеплердиң командаларына несип етти.




Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги