Футболшы қызлар майданда: Қарақалпақстан чемпионаты нәтийжелери
32

Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайының стадионында футбол бойынша 2012-жылда туўылған (U-14) қызлар арасында Қарақалпакстан Республикасы чемпионаты болып ѳтти.
Чемпионатқа республикамыздың барлық аймақларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес жүргизди.
Қызықлы өткен жарыс соңында Қарақалпақстан Республикасы футбол мектебиниң командасы биринши орынды жеңип алыўға миясар болды.
Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Әмиўдәрья ҳәм Хожели районының қызлары ийеледи.



Өткерилген жарыс жуўмағында чемпионат жеңимпазы ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль ҳәм кубок пенен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы