Экономикалық раўажданыўдыӊ Ферғана моделинде илим, технология ҳәм мийнет нәтийже бермекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-28-апрель күнлери социаллық-экономикалық реформалар процесслери менен танысыў ушын Ферғана ўәлаятында болды.
Президент Шавкат Мирзиёев сапарының екинши күни Ферғана қаласындағы Инвесторларға хызмет көрсетиў орайының жумысы менен танысты.
Ферғана қаласында шөлкемлестирилген «Farg‘ona Expo», халықаралық көргизбелер орайының жумысы ўәлаяттың экономикалық потенциалын кеңнен көрсетиў, санаат кооперациясын раўажландырыў, экспортты хошаметлеў ҳәм инвесторлар ушын қолайлы сервис орталығын жаратыўға қаратылған.
Орай тек ғана көргизбе майданы емес, ал исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын тутас қарым-қатнас майданы ўазыйпасын атқармақта.
Бес гектар майданды ийелеген комплексте 200 ден аслам өндирис кәрханаларына өз өнимлерин көрсетиў имканияты жаратылған.

Жаңадан қурылған 8 қабатлы имараттың дәслепки еки қабаты саўда, инвестиция ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўшы шөлкемлер ушын ажыратылған. Жоқары қабатлар болса инвесторлар ҳәм бизнес ўәкиллери ушын офис сыпатында усыныс етиледи.
Орайда жыл даўамында 15 тармақ бағдары бойынша турақлы көргизбе-ярмарка жумыс алып барады. Бул жерде мәмлекетлик уйымлар, ислеп шығарыўшылар, экспортёрлар ҳәм инвесторлар бир майданда ушырасып, әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятына ийе болады.
Ферғана тәжирийбесиниң нәтийжелилигин есапқа алған ҳалда, бундай заманагөй көргизбе залларын Ташкент қаласы, Бухара, Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларында да қурыў режелестирилген.
Президент Шавкат Мирзиёевқа Ферғана қаласында инвестор ҳәм исбилерменлер ушын енгизилген “Бирден-бир миллий жойбарларды басқарыў мәлимлеме системасы” платформалары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, invest.gov.uz ҳәм pmi.miit.uz платформалары жергиликли ҳәм сырт ел исбилерменлерин бирден-бир санлы майданда бирлестирип, инвестициялық жойбарларды қәлиплестириў, әмелге асырыў ҳәм мониторинг етиў процесслерин ашық-айдын шөлкемлестириўге хызмет етпекте.
Бирден-бир инвестиция платформасы “бир айна” принципи тийкарында ислейди. Ол арқалы инвестор аймақлардың потенциалынан келип шығып, таяр инвестициялық жойбарлар менен танысады, өзине мақул бағдарды таңлайды ҳәм жеке кабинет арқалы зәрүр процесслерди бақлап барады.
Инвестор жойбар бойынша жумысларды еркин алып барыўы ямаса ўәкилликли консультант хызметинен пайдаланыўы мүмкин. Жиберилген сораўлар Инвестиция министрлиги және тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен интеграцияласқан платформада сәўлеленеди. Ҳәр бир басқыш бойынша мүддетлер автомат түрде белгиленеди, орынлаў жуўапкер менеджер тәрепинен қадағаланады.
Кешигиў ямаса машқалалы жағдайлар жүзеге келгенде, мәселе Ҳүкимет комиссиясының додалаўына киргизилип, оператив қарар қабыл етиледи. Бундай санлы шешимлер исбилерменлер ушын қолайлық жаратып, инвестициялық орталыққа болған исенимди беккемлемекте.
Ферғана ўәлаятында инвесторлар ҳәм консалтинг шөлкемлери арасындағы бирге ислесиў де нәтийжели жолға қойылған. Бул жаңа жойбарларды қәлиплестириў, оларды финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан пуқта таярлаўда әҳмийетли орын ийелемекте.
Президентке ўәлаят ушын усыныс етилип атырған бир қатар ири инвестициялық жойбарлар таныстырылды. Соның ишинде, Қытай менен биргеликте “Евразия халықаралық саўда орайы”н қурыў, Қубла Корея менен биопеллет ислеп шығарыў ҳәм ыссылық энергиясы станциясын шөлкемлестириў, Түркия менен заманагөй медицина кластерин қәлиплестириў режелери көрип шығылды.
Сондай-ақ, Франция, Испания, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Қатар менен биргеликте халықты сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеўге қаратылған ири инфраструктуралық жойбар таныстырылды.
Ўәлаятта 5 жулдызлы мийманхана ҳәм заманагөй конгресс-холл қурыў, Қувасай қаласында жаңа форматтағы дем алыў бағын шөлкемлестириў, электромобильлер ушын аккумулятор ислеп шығарыў сыяқлы перспективалы басламалар да көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы орайда Ферғана ўәлаятының санаат ҳәм хызмет көрсетиў потенциалына байланыслы көргизбелер менен танысты. Өнерментшилик, қурылыс материаллары, электротехника, машина қурылысы, тоқымашылық, былғары аяқ-кийим ҳәм зергерлик тараўларында ислеп шығарылып атырған өнимлер көрсетилди.
Екинши үлкен залда азық-аўқат санааты, экологиялық транспорт, нефть-газ тармағы, мебель қурылысы, фармацевтика ҳәм химия санаатына байланыслы өнимлердиң презентациясы шөлкемлестирилди. Бул көргизбелер аймақта өндирис тармақлары кең көлемде раўажланып атырғанын көрсетти.
Усы жердиң өзинде мәмлекетимиз басшысы сырт елли исбилерменлер менен сөйлести. Инвестициялық жойбарларды жеделлестириў, бар машқалаларды сапластырыў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Атап айтқанда, алтынды қайта ислеў фабрикасының жумысын кеңейтиў, заманагөй кабель ислеп шығарыў кәрханасын қурыўға байланыслы басламаларға айрықша итибар қаратылды.
Президент исбилерменлерди қыйнап атырған мәселелерди тыңлап, оларды шешиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди. Барлық жойбарларды әмелге асырыўда жеделлик, нәтийжелилик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы бәринен бурын соӊғы жыллары аймақ экономикасында жүз берген өзгерислерге тоқтап өтти.
Соӊғы жыллары ўәлаятта 8 миллиард 200 миллион доллар инвестиция есабынан 8 мың заманагөй қуўатлық иске қосылды. Исбилерменлик ушын 100 триллион сум ресурс қаратылды, коммерциялық майданлар 10 миллион квадрат метрге көбейди. 13,5 мың киши ҳәм орта кәрхана шөлкемлестирилип, олардың саны дерлик 2 есеге артты.
Нәтийжеде жалпы аймақлық өним 1,7 есеге, санаат 1,5 есеге, хызметлер 3 есеге өсти. Тийкарғысы, кейинги төрт жылда жумыссызлық 9,2 проценттен 4,6 процентке, кәмбағаллық дәрежеси болса 11,6 проценттен 5,2 процентке түсти.

Халықтың турақ жай шараятын жақсылаў бойынша да үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Марғуландағы Жипекши ҳәм Қыргүли мәҳәллелеринде 241 ески ҳәўли орнында 2,5 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурылды. Наўрыз мәҳәллесинде қурылып атырған “Жаңа Өзбекстан” массивине быйыл және 6,5 мың шаңарақ көшип келеди. Бундай жумыслар Язёвон, Қува районлары, Қоқанд ҳәм Ферғана қалаларында да даўам етпекте.
Соӊғы он жылда ўәлаятта 74 мың орынлық мектеп, 145 мың орынлық бақша ҳәм 3 мың орынлық емлеўханалар иске қосылды. 167 жеке меншик мектеп шөлкемлестирилип, оларда 40 мыңнан аслам оқыўшы билим алмақта. Билимлендириўдиң сапасы артқаны нәтийжесинде жаслардың жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў көрсеткиши бойынша Ферғана республикада 3-орынға көтерилди.
Аўыл хожалығында 15 мың гектар санаатласқан бағ ҳәм жүзимзар жаратылды, және 6 мың гектары жаңаланды. Мийўе-овощ экспорты 3 есеге көбейип, 400 миллион долларға жетти. Ферғана, Сўх, Қува районлары, Марғулан ҳәм Қоқанд қаласында туризм жедел раўажланбақта. Өткен жылы сырт ел туристлериниң саны биринши мәрте 500 мыңнан, жергиликли туристлер 3 миллионнан артты, туризм экспорты болса 185 миллион долларға жетти.

– Ферғана халқы бизден және де үлкен нәтийже күтпекте, – деди Президент.
Соның ушын, быйыл ўәлаятта экономиканы 9,1 процентке, санаатты 9 процентке өсириў, 4,5 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў, экспортты 2 есеге көбейтип, 2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте Ферғана мәмлекетлик уйымлар, санаат, сервис ҳәм аўыл хожалығында заманагөй технологиялар, санлы шешимлер ҳәм жасалма интеллектти кеңнен енгизиў бойынша үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.
“Бес миллион жасалма интеллект жетекшиси” бағдарламасы бойынша сертификат алған жаслардың ең көби Ферғана ўәлаятына туўра келеди. Ўәлаят ҳәм районлардың басшыларына қәбилетли жасларды тартқан ҳалда мәмлекетлик уйымлардағы хызметлер ҳәм процесслерди санластырыў, халық ҳәм исбилерменлер ушын қолайлықларды арттырыў тапсырылды.
Мәҳәллелердиң үстинликлерин жасалма интеллект жәрдеминде таллап, жумыс орны, қосымша қун ҳәм халықтың дәраматын көбейтетуғын жойбарлар ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәселен, Язёвон районының имканиятлары жасалма интеллект жәрдеминде үйренилгенде район экономикасында тийкарғы итибарды логистикаға қаратыў зәрүрлиги анықланған. А-373 магистралының Язёвоннан өткен 35 километр бөлеги арқалы күнине 30 мың транспорт қуралы ҳәрекетленеди. Сол себепли, районда логистика орайлары, ири қоймаханалар, жол бойы сервис объектлерин көбейтиў арқалы экономикалық айланысты және 1 триллион сумға арттырыў ўазыйпасы қойылды.
Соӊғы жыллары Ферғанада IТ хызметлери 4 есеге өсип, экспорт 23 миллион доллардан артты. Жаңа оқыў жылынан Қува тәжирийбеси тийкарында және 16 районда техникумлар негизинде программаластырыў, робототехника, график дизайн ҳәм шет тиллери бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады. Ферғана қаласында IТ-Парк университети, Марғуланда ИНҲА университетиниң филиалын ашып, жасалма интеллект, киберқәўипсизлик ҳәм программалық инжиниринг бағдарларында жылына 1 мың студентти оқытыў белгиленди.
Электрон коммерцияны раўажландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Бул тараўда Ферғананың үлеси еле төмен екени атап өтилип, ўәлаятта кеминде 100 мың квадрат метрлик қоймахана шөлкемлестириў, соннан 30 мың квадрат метрин усы жылы иске қосыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Санаат ҳәм өнерментшиликке қәнигелескен 126 мәҳәлледеги исбилерменлерди электрон коммерция платформаларынан пайдаланыўға үйретиў ўазыйпасы қойылды.
Аўыл хожалығындағы резервлерди иске қосыў да додаланды. Ўәлаятта 370 мың гектар суўғарылатуғын жер, соннан 55 мың гектар бағ ҳәм жүзим атызлары бар. Қалаберди, 5,5 мың гектар бағ ҳәм жүзим атызлары ескирген, 6 мың гектар дала ҳәм қыр жерлеринен нәтийжели пайдаланылмай атыр. Бул қосымша 300 мың тонна мийўе-овощ ҳәм экономикаға 2 триллион сум муғдарында қосымша қун жаратыў имканияты екени атап өтилди.
“Қува Агростар” агрокомплексиниң тәжирийбеси айрықша атап өтилди. Бул жерде кооперация тийкарында қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалықларына киши цехлар қурыў, дийқанларды оқытыў, ин-витро лабораторияда жетистирилген нәллер менен тәмийинлеў ҳәм таяр өнимниң экспортына жәрдемлесиў жолға қойылмақта. Мине усындай қатнасларды барлық районларда енгизиў, 5,5 мың гектар ескирген бағларды толық жаңалаў тапсырылды.
Ўәлаятта 50 мың гектар аз өнимдарлы пахта ҳәм ғәлле жерлери және нәтийжеси төмен бағлардың орнында супер интенсив бағлар жаратыў бойынша үлкен бағдарлама ислеп шығылады. Быйыл 611 мың тонна мийўе, 252 мың тонна жүзим, 1,8 миллион тонна овощ, 119 мың тонна салы жетистирип, мийўе-овощ экспортын 25 процентке арттырыў ҳәм 500 миллион долларға жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы инвестиция мәселелерине де тоқтап өтти. Ўәлаятта санаат зоналары ушын ажыратылған 1 мың 77 гектар жерден нәтийжели пайдаланыў, ҳәр бир гектарда жылына кеминде 50 миллиард сумлық өним ислеп шығарыў тийкарғы норма болыўы белгиленди. Санаат зоналарында 5 миллиард долларлық жойбарларды баслаў тапсырылды.
Бешарықтағы Андархан мәҳәллесинде еркин саўда зонасын шөлкемлестириў, Қоқандтағы механика заводы аймағында 70 миллион долларлық ири саўда комплексин қурыў усыныслары қоллап-қуўатланды.
Туризм тараўында да үлкен имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
– Тарийхый естеликлер ҳәм бийтәкирар тәбиятты өзинде жәмлеген Ферғанада сырт ел туристлериниң ағымын және 2-3 есеге арттырыў мүмкин,-деди Президент.
Оның ушын Қоқанд ҳәм Марғуланды зыярат туризмине, Сўх, Қува, Бешариқ ҳәм Ферғана районларын медициналық ҳәм экотуризмге қәнигелестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Қувадағы “Каркидон” суў сақлағышы әтирапында дем алыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша айрықша жағдайлар орайы шөлкемлестирилгени атап өтилип, мәмлекеттеги басқа суў сақлағышларды да басқышпа-басқыш халық ҳәм туристлер ушын қолайлы мәнзиллерге айландырыў ўазыйпасы қойылды.
Марғуланда “Бурҳониддин Марғиноний” илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплексиниң ашылыўы миллий қәдириятларымыз ҳәм тарийхымызды дүньяға көрсететуғын әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланды. Ферғана районында “Шоҳимардон – Ёрдон” халықаралық курорт зонасы, “Водил” малина-агротуризм кластери, “Аввал” кеўилашар туризм комплекси ҳәм “Чимён” санаторий-курорт зонасы сыяқлы жойбарлар әмелге асырылмақта. Келеси жылдың ақырына шекем 300 миллион долларлық 50 туризм жойбарын иске қосыў зәрүр екенлиги белгиленди.
Қоқандта 64 мәдений мийрас объектин қамтып алған 3 пияда туризм маршруты ислеп шығылған. Қаладағы мәдений мийрас объектлеринде жайласқан мәмлекетлик уйымларды басқа имаратларға көшириў, тарийхый объектлерди туризм ҳәм мәденият орынларына айландырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Сўх районында экотуризм, агро ҳәм медициналық туризмди раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди. Сўх дәрьясының Сариканда, Истиқлол ҳәм Ровон мәҳәллелеринен өткен бөлиминде 130 гектар майданда ири туризм комплексин қурыў, сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда районды раўажландырыў бойынша мастер-реже ислеп шығыў тапсырылды. Улыўма етип айтқанда, районға жаңаша көринис алып келиў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етилетуғыны жәрияланды.
Мәжилисте Ферғананың бай мәдений мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мәселелери де көрип шығылды.
Қоқанд әдебий орталығы антологиясы ҳәм электрон платформасын жаратыў, Әдебият ҳәм дөретиўшилик мектебин шөлкемлестириў усыныс етилди. Жаслар арасында китапқумарлықты ғалабалық ен жайдырыў мақсетинде ўәлаяттағы 100 мәҳәлледе үлгили мәҳәлле китапханалары шөлкемлестириледи, бук-кафе ашқан исбилерменлерге салық ҳәм ижара төлемлери бойынша жеңилликлер бериледи. “Бурҳониддин Марғиноний” илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплексинде ҳәр еки жылда Халықаралық китапқумарлық фестивалын өткериў, оған дүньяның белгили жазыўшы ҳәм шайырларын мирәт етиў басламасы алға қойылды.
Ферғана мәдениятының ажыралмас бөлеги болған аския көркем өнерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Марғуланда Юсуфжон қизиқ Шакаржонов атындағы Республикалық аския ҳәм қызықшылық көркем өнери орайының шөлкемлестирилгени атап өтилип, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў, районлық мәденият орайлары ҳәм музыка-көркем өнер мектеплеринде аския ҳәм қызықшылық шеберлиги бағдарларын ашыў тапсырылды.
Мәжилис даўамында ўәлаят ҳәм районлар басшыларының есабатлары, исбилерменлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң пикирлери тыңланды.
Соӊ Президент Шавкат Мирзиёев Ферғана қаласындағы IТ-парк комплексинде жаратылған шараятлар менен танысты.

Бул комплекс мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл август айындағы сапары даўамында берилген тапсырмалары тийкарында қурылған. 150 миллиард сум бюджет қаржылары есабынан қурылған объект бир ўақыттың өзинде 200 ге шекем пайдаланыўшыны қамтып алады. Жылына 3 мыңнан аслам жасларды оқытыў, оларды әмелий жойбарларға тартыў ҳәм IТ хызметлерин көрсетиў имканияты жаратылған.
Орайда фрилансерлер ҳәм программистлер ушын заманагөй коворкинг орталығы, резидент компаниялар ушын толық үскенеленген офислер шөлкемлестирилген. Бул жерде билимлендириў, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў процесслери өз-ара байланысқан ҳалда жолға қойылған. Жаратылған инфраструктура жаслардың өзин-өзи бәнт етиў имканиятларын кеңейтип, турақлы дәрамат табыўына хызмет етеди.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Ферғана ўәлаятында IТ хызметлериниң көлеми 4 есеге өсип, экспорт 23 миллион доллардан артқан. Ҳәзирги күнде ўәлаятта “IT-Park” резидентлериниң саны 139 ға жеткен. 2025-жылы 22,7 миллион долларлық мәлимлеме технологияларыныӊ хызметлери экспорт етилген.

Жаңа парк шеңберинде резидентлер санын 200 ге жеткериў, 700 жаңа жумыс орнын жаратыў, хызметлер көлемин арттырыў ҳәм 30 миллион долларлық экспортқа ерисиў мақсет етилген.
Келешекте бул комплексте жасалма интеллект технологиялары хабын шөлкемлестириў, басқарыў системаларын санластырыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, жасалма интеллект, программаластырыў, графикалық дизайн, компьютер саўатлылығы ҳәм инглис тили бойынша заманагөй оқыў курслары жолға қойылады. Стартаплар ушын венчур қаржыландырыў, грантлар ҳәм акселерация бағдарламалары енгизиледи.
Президентимиз парк резидентлери ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында жумыс алып барып атырған жаслар менен сөйлести. Олар тәрепинен алға қойылған баслама ҳәм идеялар қоллап-қуўатланды.
Мәмлекетимиз басшысы Ферғана ўәлаяты футбол ассоциациясына қараслы футбол орайы ҳәм “Нефтчи” балалар футбол академиясында жаратылған шараятлар менен танысты.

Ферғана ўәлаяты өзиниң бай футбол дәстүрлери ҳәм талантлы былғары топ шеберлери менен белгили.
Соның ишинде, 1962-жылы шөлкемлестирилген “Нефтчи” футбол клубы Өзбекстан Суперлигасының 6 мәрте чемпионы, мәмлекет кубогиниң 2 мәрте ҳәм суперкубоктиң 1 мәрте жеңимпазы болып есапланады. Сондай-ақ, клуб 1994-жылы ҒМДА кубоги финалшысы болған, 1994-1995-жыллары болса Азия чемпионлар лигасында қола медалларын қолға киргизген.
Бүгинги күнде де аймақта қәбилетли жас футболшыларды таңлап алыў ҳәм таярлаў, маман тренерлер резервин қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, профессионал футбол клублары академияларын раўажландырыўға қаратылған илажлар нәтийжесинде 2025-жылы “Нефтчи” балалар футбол академиясы шөлкемлестирилди.

4,5 гектардан аслам майданды ийелеген академия 150 ден аслам оқыўшы-жасларға мөлшерленген. Бул жерде 6 үлкен ҳәм киши футбол майданы, заманагөй медициналық ҳәм реабилитациялық үскенелер менен тәмийинленген физиотерапия бөлими жумыс алып барады.
Академияда 1,1 миллион долларлық жасалма қапламалы, ҳаўа гүмбез бенен жабылған жабық футбол манежи қурылған.
Ўәлаятта футбол орталығын жәҳән стандартлары дәрежесине алып шығыў, қәбилетли жасларды сайлап алыў мақсетинде UEFA инструкторлары ҳәм басқа да халықаралық қәнигелер тартылған.
Президентимиз академияда футболшылар ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди. Жаслар менен сәўбетлесип, олардың шынығыўларын бақлады.

Ферғана ўәлаятына сапары шеңберинде мәмлекетимиз басшысы Ферғана халықаралық аэропортын раўажландырыў концепциясының презентациясы менен танысты.
Бүгинги күнде Ферғана аэропортындағы терминал отыз жылдан аслам ўақыт даўамында жумыс ислеп келмекте. Оның өткериўшеңлик қуўатлылығы, жолаўшыларға қолайлық дәрежеси, сондай-ақ, авиация ҳәм авиациялық емес хызметлерди раўажландырыў имканиятлары заманагөй талапларға толық жуўап бермей қалған.
Сол себепли пәрўазлар географиясын кеңейтиў, аймақтың өсип баратырған экономикалық белсендилиги ҳәм туристлер ағымына сәйкес түрде хызмет көрсетиўди тәмийинлеў мақсетинде аэропорт инфраструктурасын комплексли раўажландырыў режелестирилген.
Презентацияда ушыў-қоныў жолын созыў ҳәм кеңейтиў, аэродром инфраструктурасын модернизациялаў, жаңа жолаўшы ҳәм жүк терминалларын қурыў мәселелери көрип шығылды.
Майданы 20 мың квадрат метр болыўы күтилип атырған жаңа жолаўшы терминалы ҳәзирги имканиятлардан еки есеге көп – 1,2 мыңға шекем жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады. Сондай-ақ, қосымша самолёт туратуғын орынлар қурылып, ҳаўа кемелерин сақлаў имканияты 10 ға шекем жеткериледи.

Жаңа терминалда кең күтиў заллары, заманагөй сервис пунктлери, қолайлы дизимнен өтиў ҳәм қадағалаў системалары, сондай-ақ, жоқары мәртебели мийманлар ушын айрықша хызмет көрсетиў шараятларының жаратылыўы нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы аэропорт ҳәр қандай аймақтың “дәрўазасы” екенин атап өтип, бул жерде заманагөй сервисти жолға қойыў, транспорт ҳәм хызмет көрсетиў менен байланыслы қосымша тармақларды раўажландырыў бойынша усыныслар берди.
Жойбарлаў, қурыў ҳәм жаңа терминалды кейин ала басқарыўды халықаралық стандартлар тийкарында, тийисли тәжирийбеге ийе сырт ел операторларын тартқан ҳалда әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, бул жойбардың әмелге асырылыўы Ферғана ойпатлығында транспорт байланыслылығын күшейтиў, туристлер ағымын арттырыў ҳәм аймақтың логистикалық орай сыпатындағы абырайын беккемлеўге хызмет етеди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ферғана ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Абдулазиз РУСТАМОВ,
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары