Чехия Бас министри рәсмий сапар менен Өзбекстанда болады

Чехия Республикасы Бас министри Андрей Бабиш 29-30-апрель күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, көп қырлы Өзбекстан – Чехия бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип шығылады.
Өз-ара саўданы көбейтиў, машина қурылысы, “жасыл” энергетика, химия, фармацевтика ҳәм транспорт тараўларында кооперацияны кеңейтиў дыққат орайында болады. Мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланады.
Халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер, соның ишинде, көп тәреплеме майданларда өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысылады.
Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.
Сапар етиў шеңберинде Бас министр Андрей Бабиш Өзбекстан – Чехия бизнес форумында да қатнасады.
ӨзА