Ерназар XXXV Спартакиада чемпионы

Ташкент қаласындағы “Жар” спорт комплексинде “Динамо” спорт жәмийети тәрепинен Қураллы күш системалары арасында XXXV Спартакиада жарысы болып өтти.
Өзбекстан Дзюдо федерациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген жарыс 7 салмақ категориясында өткерилип, онда палўанлар өз-ара кескин гүрес жүргизди.
Онда Азия ҳәм жәҳән чемпионаты, халықаралық жарыслардың жеңимпазлары, Олимпиада ойынларының сыйлы орын ийелери Давлат Бобонов, Музаффарбек Тўрабоев, Достон Рўзиев, Нурбек Муртазоев, Ерназар Сәрсенбаев, Муса Собиров сыяқлы сайланды командамыз ағзаларының қатнасыўы, тамашагөйлерге шырайлы беллесиўлер ҳәм ҳақыйқый үлкен дзюдо руўхын инам етти.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул беллесиўлерде -100 кг салмақта қатнасқан жерлесимиз Ерназар Сәрсенбаев Ишки ислер министрлигиниң абырайын мүнәсип түрде қорғап, Спартакида чемпионы болыўға еристи.
Ол чемпионлық ушын болған беллесиўлерде Зуфар Ўролов, Давлат Бобонов ҳәм Муҳаммадлазиз Қаюмовларды артта қалдырыўға еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы