Мәмлекетимиз басшысы Ферғанадағы IТ-парк пенен танысты

Президент Шавкат Мирзиёев Ферғана қаласындағы IТ-парк комплексинде жаратылған шараятлар менен танысты.
Бул комплекс мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл август айындағы сапары даўамында берилген тапсырмалары тийкарында қурылған. 150 миллиард сум бюджет қаржылары есабынан қурылған объект бир ўақыттың өзинде 200 ге шекем пайдаланыўшыны қамтып алады. Жылына 3 мыңнан аслам жасларды оқытыў, оларды әмелий жойбарларға тартыў ҳәм IТ хызметлерин көрсетиў имканияты жаратылған.


Орайда фрилансерлер ҳәм программистлер ушын заманагөй коворкинг орталығы, резидент компаниялар ушын толық үскенеленген офислер шөлкемлестирилген. Бул жерде билимлендириў, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў процесслери өз-ара байланысқан ҳалда жолға қойылған. Жаратылған инфраструктура жаслардың өзин-өзи бәнт етиў имканиятларын кеңейтип, турақлы дәрамат табыўына хызмет етеди.


Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Ферғана ўәлаятында IТ хызметлериниң көлеми 4 есеге өсип, экспорт 23 миллион доллардан артқан. Ҳәзирги күнде ўәлаятта “IT-Park” резидентлериниң саны 139 ға жеткен. 2025-жылы 22,7 миллион долларлық мәлимлеме технологияларыныӊ хызметлери экспорт етилген.


Жаңа парк шеңберинде резидентлер санын 200 ге жеткериў, 700 жаңа жумыс орнын жаратыў, хызметлер көлемин арттырыў ҳәм 30 миллион долларлық экспортқа ерисиў мақсет етилген.

Келешекте бул комплексте жасалма интеллект технологиялары хабын шөлкемлестириў, басқарыў системаларын санластырыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, жасалма интеллект, программаластырыў, графикалық дизайн, компьютер саўатлылығы ҳәм инглис тили бойынша заманагөй оқыў курслары жолға қойылады. Стартаплар ушын венчур қаржыландырыў, грантлар ҳәм акселерация бағдарламалары енгизиледи.


Президентимиз парк резидентлери ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында жумыс алып барып атырған жаслар менен сөйлести. Олар тәрепинен алға қойылған баслама ҳәм идеялар қоллап-қуўатланды.
ӨзА