Ферғана ўәлаятын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди

Президент Шавкат Мирзиёев 28-апрель күни Ферғана қаласында Ферғана ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы бәринен бурын соӊғы жыллары аймақ экономикасында жүз берген өзгерислерге тоқтап өтти.

Соӊғы жыллары ўәлаятта 8 миллиард 200 миллион доллар инвестиция есабынан 8 мың заманагөй қуўатлық иске қосылды. Исбилерменлик ушын 100 триллион сум ресурс қаратылды, коммерциялық майданлар 10 миллион квадрат метрге көбейди. 13,5 мың киши ҳәм орта кәрхана шөлкемлестирилип, олардың саны дерлик 2 есеге артты.
Нәтийжеде жалпы аймақлық өним 1,7 есеге, санаат 1,5 есеге, хызметлер 3 есеге өсти. Тийкарғысы, кейинги төрт жылда жумыссызлық 9,2 проценттен 4,6 процентке, кәмбағаллық дәрежеси болса 11,6 проценттен 5,2 процентке түсти.

Халықтың турақ жай шараятын жақсылаў бойынша да үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Марғуландағы Жипекши ҳәм Қыргүли мәҳәллелеринде 241 ески ҳәўли орнында 2,5 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурылды. Наўрыз мәҳәллесинде қурылып атырған “Жаңа Өзбекстан” массивине быйыл және 6,5 мың шаңарақ көшип келеди. Бундай жумыслар Язёвон, Қува районлары, Қоқанд ҳәм Ферғана қалаларында да даўам етпекте.
Соӊғы он жылда ўәлаятта 74 мың орынлық мектеп, 145 мың орынлық бақша ҳәм 3 мың орынлық емлеўханалар иске қосылды. 167 жеке меншик мектеп шөлкемлестирилип, оларда 40 мыңнан аслам оқыўшы билим алмақта. Билимлендириўдиң сапасы артқаны нәтийжесинде жаслардың жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў көрсеткиши бойынша Ферғана республикада 3-орынға көтерилди.

Аўыл хожалығында 15 мың гектар санаатласқан бағ ҳәм жүзимзар жаратылды, және 6 мың гектары жаңаланды. Мийўе-овощ экспорты 3 есеге көбейип, 400 миллион долларға жетти. Ферғана, Сўх, Қува районлары, Марғулан ҳәм Қоқанд қаласында туризм жедел раўажланбақта. Өткен жылы сырт ел туристлериниң саны биринши мәрте 500 мыңнан, жергиликли туристлер 3 миллионнан артты, туризм экспорты болса 185 миллион долларға жетти.
– Ферғана халқы бизден және де үлкен нәтийже күтпекте, – деди Президент.
Соның ушын, быйыл ўәлаятта экономиканы 9,1 процентке, санаатты 9 процентке өсириў, 4,5 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў, экспортты 2 есеге көбейтип, 2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте Ферғана мәмлекетлик уйымлар, санаат, сервис ҳәм аўыл хожалығында заманагөй технологиялар, санлы шешимлер ҳәм жасалма интеллектти кеңнен енгизиў бойынша үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.
“Бес миллион жасалма интеллект жетекшиси” бағдарламасы бойынша сертификат алған жаслардың ең көби Ферғана ўәлаятына туўра келеди. Ўәлаят ҳәм районлардың басшыларына қәбилетли жасларды тартқан ҳалда мәмлекетлик уйымлардағы хызметлер ҳәм процесслерди санластырыў, халық ҳәм исбилерменлер ушын қолайлықларды арттырыў тапсырылды.

Мәҳәллелердиң үстинликлерин жасалма интеллект жәрдеминде таллап, жумыс орны, қосымша қун ҳәм халықтың дәраматын көбейтетуғын жойбарлар ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәселен, Язёвон районының имканиятлары жасалма интеллект жәрдеминде үйренилгенде район экономикасында тийкарғы итибарды логистикаға қаратыў зәрүрлиги анықланған. А-373 магистралының Язёвоннан өткен 35 километр бөлеги арқалы күнине 30 мың транспорт қуралы ҳәрекетленеди. Сол себепли, районда логистика орайлары, ири қоймаханалар, жол бойы сервис объектлерин көбейтиў арқалы экономикалық айланысты және 1 триллион сумға арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Соӊғы жыллары Ферғанада IТ хызметлери 4 есеге өсип, экспорт 23 миллион доллардан асты. Жаңа оқыў жылынан Қува тәжирийбеси тийкарында және 16 районда техникумлар негизинде программаластырыў, робототехника, график дизайн ҳәм шет тиллери бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады. Ферғана қаласында IТ-Парк университети, Марғуланда ИНҲА университетиниң филиалын ашып, жасалма интеллект, киберқәўипсизлик ҳәм программалық инжиниринг бағдарларында жылына 1 мың студентти оқытыў белгиленди.
Электрон коммерцияны раўажландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Бул тараўда Ферғананың үлеси еле төмен екени атап өтилип, ўәлаятта кеминде 100 мың квадрат метрлик қоймахана шөлкемлестириў, соннан 30 мың квадрат метрин усы жылы иске қосыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Санаат ҳәм өнерментшиликке қәнигелескен 126 мәҳәлледеги исбилерменлерди электрон коммерция платформаларынан пайдаланыўға үйретиў ўазыйпасы қойылды.

Аўыл хожалығындағы резервлерди иске қосыў да додаланды. Ўәлаятта 370 мың гектар суўғарылатуғын жер, соннан 55 мың гектар бағ ҳәм жүзим атызлары бар. Қалаберди, 5,5 мың гектар бағ ҳәм жүзим атызлары ескирген, 6 мың гектар дала ҳәм қыр жерлеринен нәтийжели пайдаланылмай атыр. Бул қосымша 300 мың тонна мийўе-овощ ҳәм экономикаға 2 триллион сум муғдарында қосымша қун жаратыў имканияты екени атап өтилди.
“Қува Агростар” агрокомплексиниң тәжирийбеси айрықша атап өтилди. Бул жерде кооперация тийкарында қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалықларына киши цехлар қурыў, дийқанларды оқытыў, ин-витро лабораторияда жетистирилген нәллер менен тәмийинлеў ҳәм таяр өнимниң экспортына жәрдемлесиў жолға қойылмақта. Мине усындай қатнасларды барлық районларда енгизиў, 5,5 мың гектар ескирген бағларды толық жаңалаў тапсырылды.

Ўәлаятта 50 мың гектар аз өнимдарлы пахта ҳәм ғәлле жерлери және нәтийжеси төмен бағлардың орнында супер интенсив бағлар жаратыў бойынша үлкен бағдарлама ислеп шығылады. Быйыл 611 мың тонна мийўе, 252 мың тонна жүзим, 1,8 миллион тонна овощ, 119 мың тонна салы жетистирип, мийўе-овощ экспортын 25 процентке арттырыў ҳәм 500 миллион долларға жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы инвестиция мәселелерине де тоқтап өтти. Ўәлаятта санаат зоналары ушын ажыратылған 1 мың 77 гектар жерден нәтийжели пайдаланыў, ҳәр бир гектарда жылына кеминде 50 миллиард сумлық өним ислеп шығарыў тийкарғы норма болыўы белгиленди. Санаат зоналарында 5 миллиард долларлық жойбарларды баслаў тапсырылды.
Бешарықтағы Андархан мәҳәллесинде еркин саўда зонасын шөлкемлестириў, Қоқандтағы механика заводы аймағында 70 миллион долларлық ири саўда комплексин қурыў усыныслары қоллап-қуўатланды.

Туризм тараўында да үлкен имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
– Тарийхый естеликлер ҳәм бийтәкирар тәбиятты өзинде жәмлеген Ферғанада сырт ел туристлериниң ағымын және 2-3 есеге арттырыў мүмкин,-деди Президент.
Оның ушын Қоқанд ҳәм Марғуланды зыярат туризмине, Сўх, Қува, Бешариқ ҳәм Ферғана районларын медициналық ҳәм экотуризмге қәнигелестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Қувадағы “Каркидон” суў сақлағышы әтирапында дем алыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша айрықша жағдайлар орайы шөлкемлестирилгени атап өтилип, мәмлекеттеги басқа суў сақлағышларды да басқышпа-басқыш халық ҳәм туристлер ушын қолайлы мәнзиллерге айландырыў ўазыйпасы қойылды.
Марғуланда “Бурҳониддин Марғиноний” илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплексиниң ашылыўы миллий қәдириятларымыз ҳәм тарийхымызды дүньяға көрсететуғын әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланды. Ферғана районында “Шоҳимардон – Ёрдон” халықаралық курорт зонасы, “Водил” малина-агротуризм кластери, “Аввал” кеўилашар туризм комплекси ҳәм “Чимён” санаторий-курорт зонасы сыяқлы жойбарлар әмелге асырылмақта. Келеси жылдың ақырына шекем 300 миллион долларлық 50 туризм жойбарын иске қосыў зәрүр екенлиги белгиленди.
Қоқандта 64 мәдений мийрас объектин қамтып алған 3 пияда туризм маршруты ислеп шығылған. Қаладағы мәдений мийрас объектлеринде жайласқан мәмлекетлик уйымларды басқа имаратларға көшириў, тарийхый объектлерди туризм ҳәм мәденият орынларына айландырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Сўх районында экотуризм, агро ҳәм медициналық туризмди раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди. Сўх дәрьясының Сариканда, Истиқлол ҳәм Ровон мәҳәллелеринен өткен бөлиминде 130 гектар майданда ири туризм комплексин қурыў, сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда районды раўажландырыў бойынша мастер-реже ислеп шығыў тапсырылды. Улыўма етип айтқанда, районға жаңаша көринис алып келиў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етилетуғыны жәрияланды.
Мәжилисте Ферғананың бай мәдений мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мәселелери де көрип шығылды.
Қоқанд әдебий орталығы антологиясы ҳәм электрон платформасын жаратыў, Әдебият ҳәм дөретиўшилик мектебин шөлкемлестириў усыныс етилди. Жаслар арасында китапқумарлықты ғалабалық ен жайдырыў мақсетинде ўәлаяттағы 100 мәҳәлледе үлгили мәҳәлле китапханалары шөлкемлестириледи, бук-кафе ашқан исбилерменлерге салық ҳәм ижара төлемлери бойынша жеңилликлер бериледи. “Бурҳониддин Марғиноний” илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплексинде ҳәр еки жылда Халықаралық китапқумарлық фестивалын өткериў, оған дүньяның белгили жазыўшы ҳәм шайырларын мирәт етиў басламасы алға қойылды.
Ферғана мәдениятының ажыралмас бөлеги болған аския көркем өнерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Марғуланда Юсуфжон қизиқ Шакаржонов атындағы Республикалық аския ҳәм қызықшылық көркем өнери орайының шөлкемлестирилгени атап өтилип, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў, районлық мәденият орайлары ҳәм музыка-көркем өнер мектеплеринде аския ҳәм қызықшылық шеберлиги бағдарларын ашыў тапсырылды.
Мәжилис даўамында ўәлаят ҳәм районлар басшыларының есабатлары, исбилерменлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң пикирлери тыңланды.
ӨзА