Президентимиз Ферғананың санаат ҳәм инвестициялық потенциалы менен танысты

131

Президент Шавкат Мирзиёев сапарының екинши күни Ферғана қаласындағы Инвесторларға хызмет көрсетиў орайының жумысы менен танысты.

Ферғана қаласында шөлкемлестирилген “Ферғана экспо” халықаралық көргизбелер орайының жумысы ўәлаяттың экономикалық потенциалын кеңнен көрсетиў, санаат кооперациясын раўажландырыў, экспортты хошаметлеў ҳәм инвесторлар ушын қолайлы сервис орталығын жаратыўға қаратылған.

Орай тек ғана көргизбе майданы емес, ал исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын тутас қарым-қатнас майданы ўазыйпасын атқармақта.

Бес гектар майданды ийелеген комплексте 200 ден аслам ислеп шығарыўшы кәрханалардың өнимлерин көрсетиў имканияты жаратылған.

Жаңадан қурылған 8 қабатлы имараттың дәслепки еки қабаты саўда, инвестиция ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўшы шөлкемлер ушын ажыратылған. Жоқары қабатлар болса инвесторлар ҳәм бизнес ўәкиллери ушын офис сыпатында усыныс етиледи.

Орайда жыл даўамында 15 тармақ бағдары бойынша турақлы көргизбе-ярмарка жумыс алып барады. Бул жерде мәмлекетлик уйымлар, ислеп шығарыўшылар, экспортёрлар ҳәм инвесторлар бир майданда ушырасып, әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятына ийе болады.

Ферғана тәжирийбесиниң нәтийжелилигин есапқа алған ҳалда, бундай заманагөй көргизбе залларын Ташкент қаласы, Бухара, Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларында да қурыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы орайда ўәлаяттың санаат ҳәм хызмет көрсетиў потенциалына байланыслы көргизбелер менен танысты. Машина қурылысы, электротехника, зергерлик, былғары аяқ-кийим, өнерментшилик, медицина ҳәм фармацевтика сыяқлы тармақлардың өнимлери көрсетилди.

Сондай-ақ, аймақ ушын стратегиялық әҳмийетке ийе ири инвестициялық жойбарлардың презентациясы өткерилди. Президентимиз инвесторлар менен сәўбетлести.

ӨзА