Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Марғулан қаласындағы “Бурҳониддин Марғиноний” илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплексиниң ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген сөзи

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли Ферғана халқы!
Қәдирли дослар!
Бүгин әййемги ҳәм бийтәкирар Ферғана жеринде үлкен тарийхый ўақыяның гүўасы болып турмыз. Уллы жипек жолының дүрданасы болған ески Марғулан қаласында сизлер менен биргеликте “Бурҳониддин Марғиноний” илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплексиниң ашылыў мәресиминде қатнаспақтамыз.
Сиз әзизлерди, пүткил Ферғана ўәлаятының халқын мине усындай қуўанышлы ўақыя, үлкен байрам менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Мине усындай уллы комплекс бәршемизге мүбәрек болсын!
Ферғана елине, пүткил халқымызға көп жыллар даўамында хызмет етсин!
Ҳүрметли ўатанласлар!
Мийнеткеш, ақ кеўил ҳәм кеңпейил мәртебели Ферғана халқына болған жоқары ҳүрмет-иззет белгиси сыпатында бул жерде үлкен жумысларды әмелге асырып атырмыз.
Усы мақсетте, бәринен бурын, ўәлаятты 2030-жылға шекем социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы турмысқа избе-из енгизилмекте. Соның ишинде, әййемги Қоқанд қаласын ҳәр тәреплеме абат етип, бул жерде аэропортты қайта тикледик. Марғулан, басқа қала ҳәм районлар, аўыл ҳәм мәҳәллелердиң келбети де түп-тийкарынан өзгерип, оларға Жаңа Өзбекстан нәпеси кирип бармақта. Заманагөй өндирислик комплекслер, билимлендириў, медицина ҳәм мәденият орайлары, IT-парклер, “Жаңа Өзбекстан” турақ жай массивлери қурылмақта.
Булардың барлығы халық ушын қолайлы мийнет ҳәм турмыс шараятларын жаратыў, ҳәр бир ўатанласымызға меҳир ҳәм итибар көрсетиў, инсан қәдирин арттырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.
Улыўма, барлық тараў ҳәм тармақларда Ферғана өзиниң тәжирийбе мектебине ийе болып атырғаны ҳәммемизди қуўандырады.
Бул аймақ соңғы ўақытта тек ғана мәмлекетимиз емес, ал халықаралық көлемдеги ири әнжуманларға да басшылық етпекте. Қоқанд қаласында халықаралық өнерментшилик фестивалын, Риштонда гүлалшылық әнжуманын өткериў жақсы дәстүрге айланды. Орайлық Азия мәмлекетлериниң аймақлараралық бирге ислесиў форумлары да Ферғанада табыслы өткерилмекте.
Сизлерге белгили, соңғы жыллары миллий архитектуралық шешимлерди қолланған ҳалда, тарийхый ҳәм заманагөй дәстүрлерди жәмлеген ири туристлик комплекслер қурыўға айрықша итибар берип атырмыз. Атап айтқанда, Самарқандта “Уллы жипек жолы” ҳәм Имам Бухарий комплекслери, Хорезмде “Арда Хийўа” халықаралық туризм орайы иске қосылды.
Жақында пайтахтымызда ашылған, Жаңа Өзбекстан дүрданасы сыпатында тән алынып атырған Ислам цивилизациясы орайы да бул бағдарда үлкен қәдем болды. Бул комплекс экспозициясында Ферғана тарийхына айрықша орын ажыратылғанын атап өтиў керек. Бул жерде төрт ири порталдан бири Қоқанд порталы деп аталады, Биринши Ренессанстың уллы ғайраткерлери – Аҳмад Фарғоний ҳәм Бурҳониддин Марғиноний бабаларымыздың жумысы ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген. Булардың барлығы – Ферғана ўәлаятына, бул жер перзентлерине жоқары ҳүрмет-иззет белгиси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Және бир әҳмийетли тәрепи – мине усындай комплекслер себепли усы жылдың биринши шерегинде Өзбекстанға 3 миллионға шамалас сырт ел туристи келди ҳәм туризм экспорты 1,1 миллиард доллардан артты. Бул, әлбетте, дәслепки нәтийже, келешекте оның салмағы және де үлкен болатуғынына исенемен.
Қәдирли ферғаналы ўатанласларым!
Бизге белгили, бул сулыў үлкеден жетисип шыққан, руўхый турмысымызда өшпес из қалдырған Увайсий, Нодира, Анбар атын, Дилшод Барно, Гулханий, Муқимий, Фурқат, Завқий, Чархий, Сабыр Абдулла сыяқлы шайыр ҳәм жазыўшылардың атлары халқымыз арасында белгили ҳәм атақлы.
Сондай-ақ, Азиз Қаюмов, Эркин Ваҳидов, Худайберди Тохтабоев, Ахунжан Ҳакимов, Умарали Норматов, Энахан Сиддиқова, Анвар Обиджон сыяқлы илимпазлар, шайыр ҳәм жазыўшылар дөреткен шығармалар да халқымыздың руўхый мүлкине айланған.
Өзбек көркем өнери ҳәм мәдениятының раўажланыўына шексиз үлес қосқан Юсуфжон қизиқ Шакаржонов, Уста Олим Комилов, Муҳиддин Қориёқубов, Тамарахоним, Ҳалима Носирова, Мукаррама Турғунбоева, Жўрахон Султонов, Маъмуржон Узоқов, Таваккал Қодиров, Саодат Қобулова, Берта Давидова, Муроджон Аҳмедов, Наби Раҳимов, Ҳамза Умаров сыяқлы уллы көркем өнер ғайраткерлери менен пүткил халқымыз мақтанады.
Бүгинги дөгерегимизде Абдуҳошим Исмоилов, Абдулаҳад Абдурашидов, Қиличбек Тожиев сыяқлы устаз көркем өнер шеберлери менен бирге онлаған қәбилетли жасларды көрип турғанымнан қуўанышлыман. Бул – Ферғана жеринде әўладлар арасындағы дәстүрлер даўам етип атырғанынан дерек береди. Бүгин олардың көркем өнеринен заўықланыў да биз ушын үлкен байрам.
Ҳақыйқатында да, бизиң қандай уллы көркем өнеримиз, өзиниң шеберлик мектебине ийе болған көркем өнер шеберлеримиз бар!
Усы жерде сизлерге бир жаңалықты жеткермекшимен.
Биз көркем өнер ғайраткерлериниң мийнетин ҳәм талантын қәдирлеў, дөретиўшилик шығармаларын келешек әўладларға жеткериў бойынша үлкен жумысларды режелестирип атырмыз. Елимиз сүйген белгили қосықшымыз Шерали Жўраев, өзбек эстрада көркем өнериниң жулдызы Фаррух Зокировтың өз алдына мектеплерин шөлкемлестирдик. Бул дәстүрди даўам еттирип, ферғаналы устаз көркем өнер шеберлериниң де шеберлик мектеплерин ашамыз.
Буннан тысқары, мәнаўият ҳәм ағартыўшылық, мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери менен үлкен сөйлесиў өткеремиз. Бул сөйлесиўде тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў, оларға қосымша шараятлар жаратыў бойынша жаңа басламаларды алға қоямыз.
Әзиз дослар!
Халқымызда “Тойға тояна менен” деген жақсы гәп бар. Ферғанаға бул рет те жаңа-жаңа басламалар, үлкен-үлкен жойбарлар менен келдим. Мақсет – ўәлаяттың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў, оны барлық тараўларда үлгили аймаққа айландырыўдан ибарат. Бүгин ашылып атырған “Бурҳониддин Марғиноний” илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплекси усы жолда, әлбетте, жаңа дәўирди баслап береди.
Миллий архитектуралық дәстүрлер тийкарында қурылған, 35 гектар майданды ийелеген бийтәкирар комплекс Ислам ҳуқықтаныў институты, мақам театры, ашық амфитеатр, үлкетаныў музейи, жазыўшы ҳәм көркем өнер шеберлери қыябаны, өнерментлер орайы, мийманхана ҳәм сервис шақапшалары сыяқлы көплеген имарат ҳәм объектлерди өз ишине алады. Булардың барлығы, бәринен бурын, Марғиноний бабамыздың бай илимий мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, аймақтың әййемги өнерментшилик дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, зыярат туризмин раўажландырыўға хызмет етеди.
Жаңа Өзбекстан әжайыбатлары қатарынан мүнәсип орын ийелейтуғын бул саўлатлы естелик Ферғана ўәлаятының мирәт қағазларынан бирине айланатуғынына исенемен.
Бүгин биз әрман еткен жаңа Бухарий, Термизий, Ферғаний, Хорезмий ҳәм Марғинонийлердиң әўлады қай жерден жетисип шығады? Әлбетте, олар мине усындай ағартыўшылық, илим ҳәм зия орынларында тәрбияланады.
Усы мәнисте, сизлер менен бирге келешекке хызмет ететуғын оғада үлкен ийгиликли исти әмелге асырдық, десек, ҳәр тәреплеме дурыс болады.
Биз бул комплексти Марғулан қаласында қурғанымыздың тийкарында жүдә терең тарийхый ҳәм турмыслық ҳақыйқат жәмленген. Бул теберик қала көплеген илим ҳәм ағартыўшылық ийелерин камалға келтирген. Тарийхый дереклерде айтылыўынша, бул қутлы орын “Ағартыўшылардың ўатаны” деген жоқары мәртебеге ийе болған.
Биз мине усындай қүдиретли руўхый мийрасымызға сүйенип, Марғулан, пүткил Ферғана тарийхының даңқ китабына жаңа бетлер жазып атырмыз. Бул менен қаншелли мақтансақта, арзыйды.
Пурсаттан пайдаланып, комплексти қурыўда қатнасқан илимпаз ҳәм жойбарлаўшыларға, инженер ҳәм қурылысшыларға, жумысшы ҳәм хызметкерлерге, бул уллы иске үлес қосқан барлық сақаўатлы инсанларға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Ийгиликли ислеримизди уллы ата-бабаларымыздың руўхлары ҳәмийше қоллап-қуўатласын!
Жаңа Өзбекстан, Жаңа Ферғана раўажланыўы ҳәм абырайы және де зыяда болсын!