Нөкисте Азия кубоги өткериледи

41

Усы жылдың 22-25-май күнлери аралығында Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан Кураш федерациясы, Халықаралық Кураш ассоциациясының шөлкемлестирилиўи менен миллий гүрес бойынша ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында  V Азия кубоги болып өтеди.

Усы абырайлы жарыс алдынан аймақтағы шөлкемлестириў мәселелерин үйрениў мақсетинде Өзбекстан Кураш Федерациясы баслығының орынбасары Уйғун Умаров басшылығындағы жумысшы топар Қарақалпақстанда болды.

Атап айтқанда, жумысшы топар ағзалары Нөкис қалалық 1-санлы спорт мектебинде халықаралық жарысты өткериў бойынша тийисли жуўапкерлер менен сәўбетлесип, бул жердеги шараятларды жақыннан үйренип шықты.

– Ҳақыйқатында да, қарақалпақстанлылар усы жылдың май айында абырайлы спорт жарысының гүўасы болады, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Кураш Федерациясының атқарыўшы директоры Серик Жүсипбеков.  – Өйткени жарыста Азия континетиниң көплеген мәмлекетлеринен күшли палўанлар қатнасып, беллесиўлерде өзлериниң жоқары шеберликлерин спорт жанкүйерлерине көрсетеди.

Ҳәзирги ўақытлары республикамызда усы абырайлы халықаралық жарысқа таярлық жумыслары басланып кетти.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бул жарыс халықаралық гүрес ассоциациясы (IKA) қағыйдаларына муўапық өткерилип, биринши орынды ийелеген палўанлар 700 АҚШ доллары ҳәм IKA рейтингинде 200 балл, гүмис медаль ийелери 400 АҚШ доллары ҳәм 100 балл, қола медалы жеңимпазлары 200 АҚШ доллары ҳәм 50 баллды қолға киргизеди.

Ал, командалық беллесиўлерде жеңимпаз болған биринши орын ийелерине 300 АҚШ доллары, финалшыларға 2000 АҚШ доллары ҳәм қола медаль ийелерине 1000 АҚШ доллары тапсырылады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы