«Лазги» III халықаралық аяқ ойын фестивалыныӊ қатнасыўшыларына

112

Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар, көркем өнер ықласбентлери!

Сиз, әзизлерди Жайҳун жағасында, Шығыс гәўҳары болған ески Хийўа қаласында өткерилип атырған музыка ҳәм көркем өнер байрамы – “Лазги” III халықаралық аяқ ойын фестивалының ашылыўы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Пурсаттан пайдаланып, ЮНЕСКО, ТҮРКСАЙ сыяқлы абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллерине, сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, белгили көркем өнер ғайраткерлери, илимпаз ҳәм қәнигелерге, барлық қатнасыўшыларға өзимниң терең ҳүрметимди билдиремен.

Бул әнжуманға басшылық етип атырған әййемги ҳәм бийтәкирар Хорезм халқын айрықша қутлықлап, жақсы тилеклеримди билдиремен.

Мине усындай қуўанышлы бәҳәр күнлеринде, мәңги “Лазги” сеслери астында өтип атырған бул гөззал байрам бәршемизге мүбәрек болсын!

Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!

Үш мың жылдан аслам даңқлы тарийх ҳәм мәдениятқа ийе болған халқымыздың қәлбин, оның нәзик сезимлерин таң қаларлық дәрежеде нәзик ҳәрекетлер арқалы сәўлелендиретуғын бийбаҳа көркем өнер дүрданалары – “Лазги” аты менен аталатуғын халықаралық аяқ ойын фестивалы түрли миллет ҳәм халықлар арасында нәтийжели мәдений пикирлесиў майданына айланып баратырғаны бәршемизди, әлбетте, қуўандырады.

“Лазги” жақсылық ҳәм гөззаллық, тынышлық ҳәм дослық идеяларын әсирлер даўамында жырлап киятырған, Хийўаның саўлатлы минаралары сыяқлы бәлентлик ҳәм уллылық тымсалы болған классикалық музыкалы естелик болып есапланады.

Мине, усындай бийбаҳа өзгешеликлери себепли бул бийбаҳа шығарма 2019-жылы ЮНЕСКОның Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы дизиминен мүнәсип орын ийеледи ҳәм халықаралық көлемде барған сайын жоқары қәдир-қымбатқа ийе болып бармақта.

Соӊғы жыллары Өзбекстан Миллий балети топары тәрепинен “Лазги. Муҳаббат ҳәм қәлб аяқ ойыны” балети дүнья жүзиндеги абырайлы сахналарда табыслы көрсетилип киятырғаны да бул пикирди тастыйықлайды.

Ҳәзирги ўақытта Жаңа Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнердиң раўажланыўына тийкарғы әҳмийет берилмекте. Атап айтқанда, миллий аяқ ойыны көркем өнерин раўажландырыў, тараўда жоқары маман кадрлар таярлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, хореография тараўында заманагөй билимлендириў системасының жолға қойылғаны, белгили “Бәҳәр” ансамблиниң жумысы қайта тикленгени, “Лазги” ансамбли ҳәм басқа да дөретиўшилик жәмәәтлер қоллап-қуўатланып атырғанын атап өтиў керек.

“Лазги” халықаралық аяқ ойыны фестивалы мәмлекетимиздиң мәдений дипломатиясында әҳмийетли орын ийелейтуғын стратегиялық платформа болып есапланады. Бул әнжуман халықаралық мәдений бренд сыпатында қәлиплесип, оның географиясы ҳәм қатнасыўшыларының саны жылдан-жылға артып атырғаны, бүгинги фестивальда дүньяның онлаған мәмлекетлеринен жүзлеген көркем өнер ғайраткерлери, аяқ ойын жәмәәтлери, илимпаз ҳәм экспертлердиң қатнасып атырғаны дыққатқа ылайық.

Биз жаслар арасында классикалық көркем өнеримизге қызығыўшылықты және де арттырыў, оларды миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўда “Лазги” аяқ ойынынан шеберлик ҳәм тәжирийбе мектеби сыпатында пайдаланыўда даўам етемиз.

Мине, усындай ийгиликли мақсетлерге хызмет етип атырған халықаралық фестивальдың абырайы келешекте және де жоқарылап, ол дүья мәдений турмысында мүнәсип орын ийелейди, деп исенемен.

Сизлерди бүгинги көркем өнер ҳәм мәденият байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, көркем өнер әлеминде жаңа жетискенликлер ҳәм табыслар, әнжуман жумысына болса табыслар тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти