Миллий гүрестиң раўажланыўында және бир қәдем: Нөкисте чемпионат жуўмақланды

Нөкис қаласында миллий гүрес бойынша 2013-2014-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.
Оған республиканың барлық қала ҳәм районларынан 250 ге шамалас спортшылар қатнасып, өз салмақ категориялари бойынша беллести.
Жарыс Халықаралық Кураш қағыйдаларына муўапық өткерилип, беллесиўлер тәжирийбели төрешилер тәрепинен басқарып барылады.
Жарыс оғада қызықлы беллесиўлерге бай болып, онда ер балалар арасында 33, 44, 56, 65 кг салмақта Әмиўдәрья районынан Бунёдбек Юлдашбаев, Алишер Сапарбаев, Сардорбек Эркинов ҳәм Умиджан Алламбергеновлар, 36 кг да мойнақлы Султанбек Алимбаев, 40 ҳәм 48 кг да Қоңырат районынан Асхат Көмекбаев пенен Жүрсинбек Бегимбаев, 52 кг да қараөзекли Бахтыяр Халхаманов, 60 ҳәм 70 кг да шымбайлы Ҳасылбек Нурманов ҳәм Алтынбек Сипатдиновлар, +70 кг да Қарақалпақстан Республикасы Кураш Федерациясынан Рахат Елиўбаевлар биринши орынды ийеледи.
Ал, қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде болса, 30 кг салмақта Төрткүл районынан Уғилой Аразматова, 33 ҳәм 36 кг да Қарақалпақстан Республикасы Кураш Федерациясынан Макария Кеңесбаева ҳәм Ҳүрлиман Шарибаева, 40 кг да Аяўлым Садуахасова, 44 кг да шымбайлы Турсынай Сейтназарова, 48 кг да қараөзекли Диана Турғанбаева, 48 кг да қоңыратлы Нурсезим Шоханова, 57 кг да Кураш шеберлик мектебинен Айгера Курашова ҳәм 57 кг да әмиўдәрьялы Алтынай Гүлмурзаевалар барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийелерине айланды.
Жарыс соңында барлық сыйлы орынларды ийелеген спортшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Ал, биринши орынды ийелеген палўанлар болса, усы жылдың 4-7 май күнлери Әндижан ўәлаятында болып өтетуғын Өзбекстан чемпионатына қатнасыў жолламасын қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы