Раўажланыў стратегиясы әмелде: медицина хызметкерлери спортта да белсенди

59

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы
ПФ-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған “2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы”нда денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўшылар санын көбейтиў, денсаўлықты сақлаў шөлкемлери хызметкерлерин спорт илажларына кеңнен қамтыў, олар арасында жарыслар шөлкемлестириў, хызметкерлердиң физикалық белсендилигин арттырыў белгиленген.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәмде Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен тастыйықланған қоспа қарарға тийкар, “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы хызметкерлер арасында “Саламат денеде – сапалы медицина” сүрени астында Кәсиплик аўқам кубоги спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.  

Спорт жарыслары Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектеби, Қарақалпақстан медицина институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Жаслар орайында шөлкемлестирилди.

Онда денсаўлықты сақлаў хызметкерлери мини-футбол, шахмат, шашка, стол тенниси ҳәмде волейбол түрлери бойынша өз-ара күш сынасты.

Оғада қызықлы өткен спорт жарыслары тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып, ҳәр бир спорт түринен жеңимпазлар ҳәм улыўма командалық есапта жеңип шыққан жеңимпазларды анықланды.

Улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеп жеңимпаз болған Қоңырат районы командасына “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги” ҳәм 30 миллион сум пул сыйлығы тапсырылды.

Сондай-ақ, жеңимпаз болған командаларға ҳәмде түрли номинация ийелерине Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы