Халық он сотыхтан 250 миллион сумға шекем дәрамат алыўға оқытылмақта

Президент Шавкат Мирзиёев Ферғана ўәлаятына сапары ўақтында “Қува Агростар” кәрханасының жумысы менен танысты.
Елимиздиң аўыл хожалығында өнимди жетистирип ғана қалмастан, жоқары қосымша қун жаратыў, қайта ислеў ҳәм экспортқа бағдарлаў көлемлерин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте “Uzagrostar xolding” компаниясы шөлкемлестирилип, оның шөлкемлестириўинде 21 районда қәнигелестирилген аграр комплекслер жумыс баслады.


Тараўдағы тийкарғы машқалалардан бири өндирис шынжырының тарқалғанлығы еди. Дийқан өним жетистиретуғын еди, бирақ оны сақлаў, сайлап алыў, қадақлаў ҳәм сыртқы базарға шығарыў имканияты шекленген еди. Қәнигелескен агрокомплекслер болса мине усы бослықты толықтырмақта.

Олардан бири “Uzagrostar xolding” кәрханасы. Қува районында жайласқан комплекс жылына 12 түрдеги 5 мың тонна өнимди жетистириўден баслап, сақлаў, қайта ислеў, қадақлаў ҳәм экспортқа шекемги процесслерди бирден-бир шынжырда бирлестирген.

Кәрхананың Италия, Испания, Германия ҳәм Қытайдан алып келинген заманагөй технологиялары ҳәм Global GAP, ISO 22000, Halal ҳәм HACCP сыяқлы халықаралық сертификатлары өнимниң сапасы ҳәм миллий брендке болған исенимди беккемлеўге хызмет етпекте.

Системалы қатнас нәтийжесинде 2025-жылы биринши мәрте Япония ҳәм Қубла Корея сыяқлы талап жоқары базарларға авиатранспорт арқалы өним экспорт етилди. Усы жылы 25 миллион долларлық өнимди сыртқы базарға жеткериў режелестирилген.

Райондағы 33 мәҳәлледен 3 мың шаңарақ ҳәм 1 мың дийқан хожалығы менен кооперация байланыслары жолға қойылған. Адамларға 10 сотых қыйтақ жерден 250 миллион сумға шекем дәрамат алыў әмелияты үйренилмекте.

Усы жердиң өзинде халыққа қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўды үйретиў ҳәм мәҳәллелерди терең қәнигелестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар таныстырылды.

Қыйтақ жер тек ғана қосымша дәрамат дереги емес, ал шаңарақлық исбилерменликтиң нәтийжели бағдарына айланыўы әҳмийетли екени атап өтилди. Халыққа туқым таңлаў, агротехникалық илажларды дурыс орынлаў, сапалы өним алыў, өнимди базар талабына муўапық таярлаў ҳәм экспорт стандартларына муўапық қадақлаў бойынша әмелий көнликпелер бериў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы “Uzagrostar xolding” ерискен нәтийжелерди жоқары баҳалап, жерден нәтийжели пайдаланыў, өнимди терең қайта ислеў ҳәм экспортқа бағдарлаў арқалы жоқары қосымша қун жаратыў, ең әҳмийетлиси, дийқан ҳәм қыйтақ жер ийелериниң дәраматын сезилерли дәрежеде арттырыў әҳмийетли екенин атап өтти. Усы мақсетте Ферғана ўәлаятында 50 мың гектар жер майданында тәжирийбе түринде алдынғы агротехнологияларға тийкарланған аўыл хожалығы системасы енгизилетуғыны белгиленди.