Президентимиз Қувасойдағы керамогранит плита ислеп шығарыўшы кәрхананың жумысы менен танысты

Президент Шавкат Мирзиёев Қувасой қаласындағы “Crown Ceramic” қоспа кәрханасында керамогранит плиталар ислеп шығарыў процеси менен танысты.
Елимизде жергиликли шийки зат тийкарында импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күнде республикада 47 керамикалық плита ислеп шығарыўшы кәрхана жумыс алып бармақта. Өткен жылы олар тәрепинен 47,2 миллион квадрат метр өним ислеп шығарылып, ишки талап 128,6 процентке қапланды.

Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 16-декабрьдеги Ферғана ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы қарарына муўапық, 2025-жылы Қувасой қаласында “Crown Ceramic” қоспа кәрханасы шөлкемлестирилди. Жылына 8 миллион квадрат метр керамогранит плита ислеп шығарыўға мөлшерленген жойбар 1 триллион сумлық өним таярлаў, 665 миллиард сумлық қосымша қун жаратыў ҳәм 35 миллион долларлық экспортты әмелге асырыў имканиятларына ийе.

Кәрханада жергиликли шийки заттан пайдаланыў дәрежеси 97 процентти қурамақта. Оның тийкарғы бөлеги Қувасойдағы кәнлерден, сондай-ақ, Ташкент ўәлаятының Ангрен аймағынан алып келинеди. Өндирис процесинде бир күнде 600 тонна сайланды тас, 100 тонна қызыл каолин ҳәм 100 тонна күлрең каолин жумсалады.

Бул жерде Орайлық Азия ҳәм Шығыс Европа базарларында аз ушырасатуғын ири форматтағы экспортқа қолайлы керамогранит плиталар ислеп шығарылып, 6 түрли өлшемдеги өним таярланады.
Заводта әпиўайы сай тасынан жоқары қосымша қунға ийе өним жаратылмақта. Дала шпаты ислеп шығарыў, каолин қурамындағы көмирди тазалаў процесслери жолға қойылған. Бул жоқары сапалы керамогранит ислеп шығарыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Процесслер толық санластырылып, энергия үнемлеўши үскенелерден пайдаланылмақта. Экологиялық талапларға да айрықша итибар қаратылған: заманагөй шаң жутыў үскенелери ҳәм фильтрлер орнатылған. Жаўын суўлары жыйнап алынып, өндиристе пайдаланылады. Пайдаланылған суўды тазалаў ҳәм өндириске қайта бағдарлаўдың жабық шынжыры жаратылған.
Заманагөй технологиялар есабынан шийки зат таярлаўда электр энергиясының жумсалыўы 20 процентке шекем азайған. Күндизги жумыс процесинде тәбийий жақтылықтан пайдаланылады.

Бул жерде ислеп шығарылып атырған керамикалық плиталар сапа ҳәм техникалық көрсеткишлери бойынша Италия, Испания ҳәм Қытай өнимлери менен бәсекилесе алады. Быйыл январь-март айларында кәрхана Қырғызстан ҳәм Тәжикстанға 400 мың долларлық 80 мың квадрат метр өним жеткерип берди. Экспорт географиясын кеңейтиў мақсетинде Қазақстан, Россия ҳәм Европа мәмлекетлери менен шәртнамаларға қол қойыў илажлары көрилмекте.

Кәрханада ҳәзирги ўақытта импорт етилетуғын глазур өнимлерин локализациялаў бойынша илимий-әмелий жумыслар да алып барылмақта. Баҳасы 20 миллион доллар болған, жылына 50 мың тонна глазур ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе жаңа жойбар 2026-жыл сентябрьде иске қосылады. Оның нәтийжесинде және 100 жумыс орны жаратылыўы, қосымша 10 миллион долларлық экспорт әмелге асырылыўы, сырлаў өнимлерине болған талаптың 85 процентин кәрхананың өз күши менен қаплаў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы кәрханада өнимди ислеп шығарыў ҳәм сақлаў процесслери, енгизилген технологиялар ҳәм экспорт режелери менен танысты. Бундай биргеликтеги кәрханалар жергиликли шийки затты терең қайта ислеў, жоқары қосымша қун жаратыў арқалы аймақ экономикасын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
ӨзА