ОCА вице-президенти гүрес семинарында қатнасты

Ташкент қаласындағы “Олимпия қалашасы”нда жайласқан заманагөй велоспорт комплексинде миллий спортымыз гүрес бойынша өткерилип атырған халықаралық семинардың жуўмақлаўшы басқышы – әмелий имтиханлар процесине Азия Олимпия кеңеси (ОCА) вице-президенти, Өзбекстан Миллий олимпия комитети баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров қатнасты.
Интенсив шынығыўларда Европа, Азия ҳәм Африка континентлеринен келген қатнасыўшылар ийелеген билим ҳәм көнликпелерин әмелий тәризде көрсетти. Семинар даўамында О.Умаров курс тыңлаўшыларының таярлық процеси менен жақыннан танысты.

Сөйлесиў даўамында Халықаралық гүрес ассоциациясының бас хаткери Муҳаммад Реза Нассири ҳәм Халықаралық гүрес институтының ректоры Ҳабибулла Тожиев тәрепинен үш айлық онлайн билимлендириў бағдарламасы ҳәм бир ҳәптелик әмелий семинар нәтийжелери бойынша толық мағлыўмат берилди.

Семинар қатнасыўшылары гүрес халықаралық майданда ғалаба ен жайып атырғаны ҳәм бул процесс избе-из қоллап-қуўатланып атырғанын айрықша атап өтти.
Т.Рўзиев, ӨзА