Ферғана ойпатлығында жаңа электропоезд қатнаўы жолға қойылды

Ферғана ойпатлығында Қоқанд, Наманган, Әндижан ҳәм Марғылан қалаларын байланыстырыўшы жаңа электропоезд қатнаўы жолға қойылды.
Президент Шавкат Мирзиёев жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге усы жөнелистеги биринши поездда Қоқанд қаласынан Марғылан қаласына келди.
Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-декабрьдеги “2030-жылға шекем темир жол транспортында жергиликли жөнелислерде жолаўшы тасыў көрсеткишлерин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылды.

Жойбар халық тығыз жасайтуғын Ферғана ойпатлығында транспорт қатнаўын жақсылаў, пуқараларға қолайлы, қәўипсиз ҳәм арзан хызмет көрсетиў, жолаўшы тасыў көлемин арттырыўға хызмет етеди.
324 километрлик бул темир жол айланбасы ойпатлық ўәлаятларын өз-ара және де жақынластырып, халық, исбилерменлер ҳәм туристлер ушын жаңа имканиятлар ашады.

Жаңа поезд Ташкент жолаўшы вагонларын қурыў ҳәм оңлаў заводында ислеп шығарылған. Алты вагоннан ибарат, 586 орынлық поезд саатына 120 километрге шекем тезликте ҳәрекетлене алады.
Билет баҳасы 15 мың сум етип белгиленген. Бул автомобиль транспортына салыстырғанда әдеўир арзан ҳәм қолайлы. Күнине 1,5 мың, жылына дерлик 600 мың жолаўшыға хызмет көрсетиў имканияты аймақта экономикалық жеделликти арттырыўға хызмет етеди.

Вагонларда климат қадағалаў системасы ҳәм кондиционерлер орнатылған. Бийпул Wi-Fi, гаджетлер ушын USB-портлар бар. Майыплығы болған шахслар ушын арнаўлы көтергишлер, кең орынлар ҳәм қолайластырылған ҳәжетханалар нәзерде тутылған. Велосипедлерди тасыў ушын беккемлегишлер жолаўшылардың сапардан кейин ҳәрекетлениў имканиятын және де кеңейтеди.

Вагонлардағы видеобақлаў ҳәм соққы күшин азайтыўшы крест-системалар халықаралық қәўипсизлик стандартларына сәйкес келеди.
Жол даўамында Президентимиз ўәлаят белсендилери менен аймақта жүз берип атырған өзгерислер ҳаққында сәўбетлести.

Жаңа темир жол айланбасы Ферғана ойпатлығының туризм потенциалын да жаңа басқышқа алып шығатуғыны атап өтилди. Бәндиргилер әтирапында хызмет көрсетиў шақапшалары, мийманханалар ҳәм улыўма аўқатланыў орынларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги, бул жергиликли халық ушын қосымша дәрамат дерегин жаратыўы атап өтилди.

ӨзА