Президент Қоқанд қаласында қурылып атырған жаңа массив пенен танысты

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ферғана ўәлаятына сапары Қоқанд қаласындағы “Жаңа Өзбекстан” массивинде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысыўдан басланды.
Мәмлекетимизде халықтың жасаў шараятын жақсылаў, заманагөй қала қурылысы үлгилерин аймақларға алып кириўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда орынларда қурылып атырған “Жаңа Өзбекстан” массивлери халқымыздың абаданлығын арттырыўға қаратылған ири социаллық жойбарлардан бири болмақта.

Әййемги Қоқанд қаласында бой тиклеп атырған жаңа массив те тек ғана турақ жай комплекси емес, ал аймақтың экономикалық ҳәм социаллық көринисин өзгертип атырған заманагөй орай сыпатында қәлиплеспекте.

Қоқанд әзелден халық тығыз жасайтуғын, исбилерменлик раўажланған қалалардан бири. Сол себепли, бул жерде турақ жайға болған талап жыл сайын артып бармақта. Ескирген инфраструктура ҳәм шекленген турақ жай майданлары қаланы жаңа тийкарда кеңейтиўди талап етпекте. Президентимиздиң еки жыл алдын Ферғана ўәлаятына сапары даўамында берилген тапсырмалары тийкарында қурылып атырған бул массив мине усы талаптың әмелий шешими болмақта. Бул жерде шаңарақлар заманагөй ҳәм барлық қолайлықларға ийе квартиралар менен тәмийинленбекте.

Массивти қурыў ушын жәми 1 триллион 850 миллиард сум қаржы қаратылған. Аймақта 25 мың халық жасаўына мөлшерленген бир пүтин инфраструктура қәлиплестирилмекте. 84 көп қабатлы жай менен бирге заманагөй мектеплер, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, жоқары оқыў орны, бизнес ҳәм саўда орайлары және халықтың дем алыўы ушын бағлар қурылыўы нәзерде тутылған.
Бул жумыслар жаңа массив турғынлары ушын үйинен узақласпастан жумыс ислеў, билим алыў, саўда ҳәм хызметлерден пайдаланыў, мазмунлы дем алыў имканиятын жаратады.

Бүгинги күнде жойбардың биринши басқышы табыслы жуўмақланды, 4 мың 394 квартирадан ибарат 56 он қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Таяр оңланған квартиралар халыққа 35 процентлик басланғыш төлем тийкарында, жыллық 16 процент ставкада 20 жыл мүддетке берилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа квартиралардың бирине кирип, жаратылған шараятлар ҳәм үскенелениўи менен танысты. Массивтиң социаллық әҳмийетине айрықша тоқтап өтип, бул жерде қәлиплесип атырған жаңа орталық адамлардың дүньяға көзқарасын, турмыс сапасын ҳәм турмыс мәдениятын арттырыўға хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти.

Ферғаналы нураныйлар менен қызғын сәўбет болып өтти.
Олар социаллық мәмлекет принципи тийкарында орынларда инсан мәплери тәмийинленип атырғаны, заманагөй билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, абат мәҳәллелер, жаңа кәрханалар ҳәм исбилерменлик имканиятлары халықтың турмысын өзгертип атырғанын атап өтти. Нураныйлар бул жумыслар елде тоқшылық, абаданлық ҳәм социаллық турақлылықты беккемлеп атырғанын айтып, мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Усы жердиң өзинде Президентимиз “Жаңа Өзбекстан” массивиниң екинши басқышы ҳәм Қоқанд қаласын раўажландырыў бойынша презентация менен танысты.


ӨзА