Өзбекстан-Монголия: Спорт тараўындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды

40

Өзбекстан ҳәм Монголия рәсмийлери арасында денетәрбия ҳәм спорт тараўын раўажландырыўдағы өз-ара бирге ислесиў темасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў барысында Монголия президентиниң кеңесгөйи Шарху Амарсайхан басшылығындағы делегация ҳәм Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм МОК басшылары денетәрбия ҳәм спорт, Олимпия ҳәрекети бағдарларында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды көрип шығыў мәселелерин додалады.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында келеси айда Ташкентте болып өтетуғын бокс бойынша жас өспиримлер арасындағы Азия чемпионатына таярлық көрип атырған Өзбекстан ҳәм Монголия сайланды командаларының қатнасыўында биргеликтеги оқыў-шынығыў жыйынлары ҳаққында да сөз болды.

Жуўмағында тәреплер бар байланысларды буннан былай да беккемлеў ҳәм оны жаңа басқышқа алып шығыў бойынша белгили бир келисимлерге еристи.

Т.Рўзиев, ӨзА