Кегейлиде спорт байрамы: қызлар арасында жеңимпазлар анықланды
39

Республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы, Кегейли районында да мини-футбол бойынша Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогиниң районлық басқышы болып өтпекте.
Кубок шеңберинде қызлар арасында өткерилген жарыс өз жуўмағына жетип, онда Абат аўыл пуқаралар жыйының командасы биринши орынды жеңип алыўға миясар болды.
Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды болса, Жаңабазар ҳәм Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынларынан дүзилген командалар ийелеўге еристи.
Ерлер арасындағы жарыс болса, еле қызғын даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы