Елликқала районында «Жас Ўатанласлар форумы» болып өтти

142

Форумда дүньяның алдыңғы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда жумыс ислеп атырған жерлеслеримиз, үмитли ҳәм көпшиликке үлги болып атырған жаслар қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, елимизде алып барылып атырған жаслар сиясатының концептуаллық тийкарлары, форумның мақсет ҳәм ўазыйпасына тоқтап өтти. Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған өзгерислер, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты және де жетилистириў ҳәм сырт еллерде жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Соңғы жылларда сырт еллерде жасап атырған ўатанласлар менен турақлы қарым-қатнас орнатыў ҳәм беккемлеў, олардың мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардағы қатнасын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, оларға турақлы жәрдем көрсетиў бағдарында сезилерли жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди.

Мине усындай имканиятлар нәтийжесинде жасларымыз арасынан елимиздиң даңқын дүньяға танытып атырған көплеген жаслар жетилисип шықпақта. Усы қатарда, бүгин дүнья бойынша түрли тараўларда билим алып, жумыс ислеп, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслар саны артып бармақта.

Өткерилген форум да мине усындай Ўатанласларымыздың жоқары нәтийжелерин көпшиликке көрсетип, олардың билим ҳәм тәжирийбесин елимиз раўажланыўына бағдарлайтуғын әҳмийетли орталықлардың бири болды.

Форум шеңберинде Өзбекстан халық шайырлары А.Орипов ҳәм Муҳаммад Юсуф естелигине гүл қойыў мәресими, Әмир Темур ҳәм Муҳаммад Юсуф туўылған күни мүнәсибети менен өткерилген дөретиўшилик жумыслар таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими, ҳәм басқа да бир қатар илажлар өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги