Әскерий хызметке қабыл етилген жигитлер Ўатан алдында ант берди

131

Арқа-Батыс әскерий округинде мүддетли әскерий хызметин өтеп атырған әскерлердиң Ўатан алдында ант қабыл етиў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, әскерлердиң Ўатан қорғаўшылары қатарынан орын алғаны ҳәм елдиң тынышлығын қəстерлеп-сақлаў, халық ийгилиги жолында хызмет етиўдей перзентлик парызды орынлаўға кирискени мүнәсибети менен қутлықлады.

Салтанатлы илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ата-аналар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты.

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз – Қураллы Күшлеримиз Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, Қураллы Күшлеримизди беккемлеў, әскерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелерге үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтиў орынлы.

Усындай илажлар нәтийжесинде Миллий армиямыз халқымызды исенимли қорғаў менен бирге, жас әўладты мәртлик, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялайтуғын турмыс мектебине айланып, онда ҳәр тәреплеме саламат жаслар камалға келмекте.

Өткерилген илажда әскерий хызметке қабыл етилген жигитлер Ўатан алдында ант берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги