Экономикалық өсиў пәтлери талланып, әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 24-апрель күни усы жылдың биринши шерегинде аймақлар ҳәм тармақлардағы экономикалық өсиўди таллаў ҳәм жылдың ақырына шекемги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Мәжилис алдында усы жылдың биринши шерегинде ерисилген макроэкономикалық нәтийжелер көрип шығылды. Атап айтқанда, жалпы ишки өним 8,7 процентке, санаат 8 процентке, хызметлер 16,1 процентке, аўыл хожалығы 5,1 процентке өсти. Экспорт 5,8 миллиард долларды, сырт ел инвестицияларының көлеми 13,7 миллиард долларды қурады. Инфляция жыллық есапта биринши мәрте 7,1 процентке төменледи.
Соның есабынан январь-март айларында бюджет дәраматлары өткен жылға салыстырғанда 35 процентке көбейип, 103 триллион сумға жетти. Жергиликли бюджетлерде қосымша 2 триллион 200 миллиард сум қаржы қәлиплестирилди. Әҳмийетлиси, соннан 1 триллион 400 миллиард сумы район ҳәм қалалардың ықтыярында қалдырылды.
Мәмлекетимиз басшысы экономиканы халықаралық көлемде жаңа басқышқа алып шығыў ушын системалы реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Соның ишинде, келеси ай 2 миллиард 400 миллион доллар муғдарында мәмлекетлик активлердиң 30 проценти биринши мәрте халықаралық фонд базарларына шығарылатуғыны атап өтилди. Бул Миллий инвестиция қоры шөлкемлестирилип, 13 стратегиялық кәрхананың басқарыўы абырайлы “Franklin Templeton” компаниясына берилгени менен байланыслы.

Өткен ҳәптеде Халықаралық валюта қоры жәриялаған есабатта жоқары экономикалық белсендилик арқалы Өзбекстан күшли ҳәм турақлы экономикалық өсиўди сақлап қалып атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, усы жылы мәмлекетимиз абырайлы “Экономикалық еркинлик индекси”нде 14 текше жоқарылап, биринши мәрте “экономикасы орташа еркин” мәмлекетлер қатарынан орын алды.
Соның менен бирге, Президентимиз биринши шеректеги нәтийжелерге ҳәўес болып, арқайынлыққа берилиў пүткиллей надурыс екенин атап өтти. Глобаллық қарама-қарсылықлар, келиспеўшиликлер ҳәм жетекшилик ушын гүрес күшейип баратырған ҳәзирги шараятта жәҳән экономикасы бурынғыдай “тыныш” болмаўы, бундай жағдайда барлық басшылар өзиниң жумыс усылын, көзқарасын түп-тийкарынан өзгертиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў мәселелери айрықша талланды. Усы жылы банклер арқалы бул бағдарға 140 триллион сум қаратылмақта. Киши бизнеске берилген ҳәр 1 миллиард сум кредит есабынан Ширин қаласында 20, Үшқудықта 17, Хонобод ҳәм Сухта 14 тен, Тамды районында 13 турақлы жумыс орны жаратылған.
Бирақ, Учкўприк, Пискент, Бостанлық, Кармана, Қўрғонтепа районларында 1 миллиард сумлық кредитке орташа 3 жумыс орны туўра келмекте.

Сол себепли, кредит ресурсларын бөлистириўде жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Тараў жуўапкерлерине район банклерин жасалма интеллект пенен ислесиўге оқытыўды баслаў, банклерде “Жасалма интеллект кеңесгөйи” платформасын иске қосыў тапсырылды. Бул платформа исбилерменлерге кредит алыў ушын жойбардың параметрлери, қәўип-қәтерлери ҳәм базардағы талапты таллап, таяр шешимлер бериўи керек екенлиги атап өтилди.
Исбилерменлер менен ислесиўдеги кемшиликлер де кескин сынға алынды. Айырым басшылар исбилерменниң машқаласын шешиўдиң орнына жуўапкершиликтен қашып атырғаны, мәселе республика дәрежесине шыққаннан соң, өзин ақлаў менен әўере болып атырғаны көрсетип өтилди.
Мысалы, Нурафшан қаласында бюрократиялық тосқынлықлар себепли еки жылдан берли қурылысты баслай алмай атырған исбилерменге жәрдем бериўдиң орнына бул мағлыўмат Президент дәрежесине қалай жетип барғанын излеў менен әўере болғаны сынға алынды. Сондай-ақ, Ғузор, Нарпай, Үргенш, Янгийўл, Чиназ районларында исбилерменлик инфраструктурасы ушын ажыратылған 262 миллиард сум қаржы бола турып, жойбарлар басланбағаны атап өтилди. Тийисли ўәлаят ҳәкимлерине бундай басшылардың лаўазымына ылайықлығын көрип шығыў тапсырылды.
Мәжилисте инфляцияның алдын алыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз басшысы экономика өскени менен егер инфляция да артса, халық ҳәм исбилерменлердиң турмысында унамлы өзгерис сезилмейтуғынын атап өтти.

Жыл басынан берли дүньяда нефттиң баҳасы 40 процентке артты. Қарама-қарсылықлар ақыбетинде логистика коридорлары өзгерип, жергиликли өнимлердиң экспорты ҳәм тийкарғы тутыныў товарларының импортында тасыў қәрежетлери 25-30 процентке көбеймекте. Бул ишки баҳаға қосымша басым жүзеге келтирип атыр.
Соның менен бирге, сыртқы басымларды бәнелеп, инфляция бойынша жумысларды өз ҳалына таслап қоймаў керек екенлиги атап өтилди. Тутыныў себетиндеги өним ҳәм хызметлердиң 70 проценти жергиликли екени атап өтилип, жуўапкерлер ҳәм ҳәкимлерге усы жылы инфляцияны 6,5 процент дәрежесинде сақлап қалыў ушын жергиликли өнимлердиң усынысын көбейтиў ҳәм баҳаларды арзанлатыў ўазыйпасы қойылды.
Азық-аўқат қәўипсизлиги мәселелери де ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Логистикадағы үзилислер ақыбетинде биринши шеректе қарамал импорты еки есеге азайған. Оған оператив шешим сыпатында самолётта тасылатуғын ҳәр бир нәсилли қарамал ушын 4 миллион сумға шекем, гөш импортында болса транспорт қәрежетиниң ярымын қаплаў жолға қойылды.
Екинши шеректе 45 мың тонна, жылдың ақырына шекем жәми 130 мың тонна гөш импортын тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге қайсы бағдарда тосқынлық болса ямаса жүк тоқтап қалса, исбилерменлердиң мүрәжат етиўин күтпестен, онлайн мониторинг арқалы оператив шешим бериў тапсырылды.

Аймақларда 478 мың гектарда от-жем егинлерин егиў режелестирилген. Бирақ Наманганда от-жем жерлердиң 74 процентине елеге шекем егин егилмегени, шарўашылықта имканияты жоқары болған Зарбдор, Қызылтепа ҳәм Поп районларында силос егиў басланбағаны, Әмиўдәрья, Ғиждувон, Ханқа ҳәм Бағдадта да жумыслар қанаатландырарсыз екени сынға алынды.
Және 100 мың гектар егислик жерди жаңа система тийкарында аукционға шығарыў белгиленген. Бул жерлерди жедел аукционға шығарып, егин егиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Санаат плантацияларын шөлкемлестиретуғын исбилерменлерге жеңиллик ҳәм қаржы ресурслары берилип атырғаны атап өтилип, ўәлаят ҳәкимлерине усы жылы кеминде бесеўден ири санаатласқан мийўе-овощ плантациясын үлгили шөлкемлестириў тапсырылды.
Мәжилисте санаат ҳәм экспорт мәселелери де сын көзқарастан талланды. Қамашы, Қаршы, Миришкор, Арнасой, Шараф Рашидов, Янгиобод, Нәўбәҳәр, Косонсой, Қумқорған, Фурқат, Шават, Шайхонтоҳур ҳәм Сергели районлары санаат прогнозына шыға алмағаны атап өтилди. Усы 13 район ҳәкимине режениң қанша жетпегенине қарап интизамый шара көриў тапсырылды.
Ишки базарда мыс усынысы көбейтилген болса да, қайта ислеў айына 6 мың тоннадан артпай атырғаны көрсетип өтилди. Нәтийжеде биринши шеректе электротехника тараўында санааттың өсиўи прогноздағы 11,2 проценттиң орнына 7,8 процентти қурады, экспорт прогнозы болса 57 процентке орынланды.

Жуўапкерлерге өндириси ҳәм экспорты азайған ҳәр бир кәрханаға барып, экспортты қаржыландырыў ҳәм инвестициялық жойбарлар бойынша машқалаларды орнында шешиў тапсырылды. Екинши шеректиң жуўмағы менен тараўда өндиристи 25 триллион сумға, экспортты 1 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Кәрханаларда ресурс нәтийжелилигин ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыў мәселесине де итибар қаратылды. Көплеген мәмлекетлер санаат ҳәм сервисте “Кайзен,” “Lean production” сыяқлы прогрессив усылларды қолланып атырғаны, елимизде де 50 ге шамалас исбилермен бундай қатнасларды енгизиўди баслағаны айтылды. Бирақ бул жетерли емес екенлиги атап өтилип, Экономика ҳәм қаржы министрлигине усы жылы 100 кәрханада нәтийжелиликти арттырыў бойынша алдынғы бағдарламаларды енгизиў, оның ушын 30 миллион доллар грант тартыў тапсырылды.
Экспортёрларды қоллап-қуўатлаў бойынша да кемшиликлер көрсетип өтилди. Соңғы алты айда 908 исбилермен 3 миллиард 600 миллион долларлық шәртнама дүзген болса да, шериклердеги жағдай өзгергени себепли экспортты баслай алмаған. Айырым ҳәкимлер болса оларға жәрдем бериўдиң орнына жағдайды өз ҳалына таслап қойған.
Ақыбетинде биринши шеректе экспорт Норин, Касби, Шеробод, Ёзёвон ҳәм Деновда 2 еседен аслам азайған. Шаҳрисабз, Учқудуқ, Паркент, Ташкент районлары, Жиззақ, Наўайы, Наманган, Ангрен, Бекабад ҳәм Нурафшан қалаларында болса экспорт режеси 70 процентке де жетпеген. Бул аймақ басшылары биринши ярым жыллықта өсиўди тәмийинлемесе, қатаң жуўмақ шығарылатуғыны мәлим етилди.

Санаат зоналарынан нәтийжели пайдаланыў мәселеси де көрип шығылды. Бюджет есабынан жол, электр ҳәм суў инфраструктурасы алып барылған 226 санаат зонасындағы 213 гектар майдандағы жойбар елеге шекем басланбағаны сынға алынды. Соның менен бирге, 27 санаат зонасында жойбарлар жайластырылған болса да, инфраструктура жетип бармаған.
Ўәлаят ҳәкимлериниң инвестиция бойынша орынбасарларына инфраструктурасы бар санаат зоналарындағы бос жерлерге жайластырылатуғын жойбарлар портфелин қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетлик уйымларды ықшамластырыў ҳәм бизнес ушын жаңа майданлар ашыў мәселеси де додаланды. Районлардағы орайлық көшелер ҳәм халық тығыз жайласқан орынлардың үлкен бөлегинде мәмлекетлик уйымлар жайласқаны атап өтилди. “Көкдала тәжирийбеси” тийкарында 19 район ҳәм қалада мәмлекетлик уйымларды бирден-бир ҳәкимшилик орайға көшириў басланбақта.
Бул жумысларды барлық районларда шөлкемлестириў арқалы мәмлекетлик уйымларда жылына 1 миллиард 800 миллион киловатт-саат электр ҳәм 340 миллион куб метр газ үнемлениўи, бизнес ушын 5 миллион квадрат метр орын ашылыўы мүмкин екенлиги көрсетип өтилди. Усы мақсетте бес жыллық бағдарлама таярлаў, усы жылы 26 районда мәмлекетлик уйымларды бир жерге көшириўди баслаў тапсырылды. Жаңа ҳәкимшилик орайларды қурыўда ҳәр бир хызметкерге туўра келетуғын майдан орташа 15 квадрат метрден аспаўы белгиленди.

Инвестициялық жойбарлардың сапасына айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир жаңа жойбар, ҳәр бир доллар инвестиция тек ғана қосымша қун, жоқары дәраматлы жумыс орны ҳәм экспортты көбейтиўге хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти. Барлық басшылар ушын инвестиция сапасы тийкарғы өлшем болыўы шәрт екенлиги атап өтилди.
Бул жойбарлар иске қосылғаннан кейин оларды мониторинг етиў платформасы жаратылған. Мәселен, соңғы үш жылда иске қосылған 688 кәрханадан 210 ы қуўатлылығынан толық пайдаланбай атырғаны анықланған. Ақыбетте 33 триллион сумлық өндирис жойылған, 23 мың жумыс орны бос тур.
Жуўапкерлерге усы 210 кәрхана кесиминде “жол картасы”н дүзип, машқалалардың шешими бойынша анық мүддет ҳәм жуўапкерлерди белгилеў тапсырылды.
Усы жылы 53 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў мақсет етилген. Президентимиз басшылар биринши қәдемнен-ақ дурыс жойбар таңлап, оған сәйкес потенциаллы инвестор тапса ғана, инвестицияда сапа болатуғынын атап өтти.

Жуўапкерлерге жасалма интеллект жәрдеминде бар қуўатлықлар, ишки ҳәм сыртқы базардағы талапты үйренип, қайсы аймақта қандай жойбар ислеў бойынша шешим беретуғын платформаны иске қосыў тапсырылды. Инвесторлар ҳәм консалтинг компанияларына бул платформадан “бир айна” принципи тийкарында пайдаланыў ушын шараят жаратылады.
Сырт ел инвестициясының қатнасыўындағы кәрханалардың жумысы да талланды. Елимизде бундай 18 мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Бирақ өндириси бар 526 кәрхана бир мәрте де экспорт етпеген. Және 767 сырт ел инвестициясы қатнасыўындағы кәрхана тек ғана шеттен товар алып келип сатыў менен шуғылланбақта.
Олар менен ислеп, шеттен өним алып келип сатып атырған кәрханаларға усы жердиң өзинде өндиристи жолға қойыў бойынша жойбарлар усыныс етиў, оларды жергиликли исбилерменлер менен байланыстырыў, аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыў бойынша кооперацияны жолға қойыў, ишки базарда жумыс ислеп атырған кәрханаларға экспортқа шығыўда жәрдем бериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге бул бағдарда өз алдына бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.
Мәжилисте “Ақыллы район” платформасы ҳәм жағдай-таллаў орайларының тәжирийбесин кеңейтиў мәселеси де көрип шығылды. Мәмлекетимиз басшысы күни кеше Мырза Улуғбек районындағы жағдай-таллаў орайында бул платформа қандай шөлкемлестирилгени менен танысқаны атап өтилди. Бүгин барлық ўәлаят ҳәкимлери усы районға барып, жаңа системаның қалай ислеп атырғаны, мәҳәллелердиң көриниси ҳәм қурылыслардың жағдайы менен танысты.

Ўәлаят ҳәкимлерине еки айда усы тәжирийбе тийкарында ўәлаят орайлары ҳәм ири қалаларда тап усындай жағдай-таллаў орайларын иске қосыў тапсырылды.
Мәмлекетимиз басшысы барлық дәрежедеги басшылар бүгинги қыйын жағдайда нәтийже ушын жеке жуўапкер екенин атап өтти. Экономикалық өсиўди тәмийинлеў, инфляцияның алдын алыў, жумыс орынларын жаратыў, экспортты көбейтиў, инвестиция сапасы ҳәм исбилерменлердиң машқалаларын шешиў ҳәр бир басшы жумысының тийкарғы өлшеми болыўы белгиленди.
Мәжилисте министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң есабатлары тыңланды.
ӨзА