Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды

128

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында биринши шерек көрсеткишлерин тармақ ҳәм аймақлар кесиминде сын көзқарастан таллаў ҳәм жылдың қалған дәўиринде исленетуғын жумысларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды.

Биринши шеректиң жуўмағы менен жалпы ишки өнимимиз 8,7, санаат 8, хызметлер 16,1, аўыл хожалығы 5,1 процентке өсти. Экспорт 5,8 миллиард доллар, сырт ел инвестициясының көлеми болса 13,7 миллиард долларды қурады. Инфляция жыллық есапта биринши мәрте 7,1 процентке төменледи.

Булардың есабынан январь-март айларында бюджет дәраматлары өткен жылға салыстырғанда 35 процентке көбейип, 103 триллион сумға жетти. Жергиликли бюджетлерде қосымша 2 триллион 200 миллиард сум қаржы қәлиплестирилди.

Әҳмийетлиси, соннан 1 триллион 400 миллиард сум район ҳәм қалалардың ықтыярында қалды.

– Келеси ай 2 миллиард 400 миллион доллар муғдарындағы мәмлекетлик активлердиң 30 процентин биринши мәрте халықаралық фонд базарларына шығарамыз. Бул Миллий инвестиция қорын шөлкемлестирип, 13 стратегиялық кәрхананы басқарыўды абырайлы “Franklin Templeton” компаниясына бергенимиз себепли болмақта.

Бир нәрсени билиң: экономикамызды халықаралық көлемде жаңа дәрежеге алып шығыў ушын терең ойлап, соңғы қарарға келгенбиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА