«Destination Karakalpakstan 2026» форумы өткерилди

Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде Қарақалпақстан Республикасының туризм потенциалын халықаралық майданда үгит-нәсиятлаўға қаратылған «Destination Karakalpakstan 2026» форумы өткерилди.
Илаждың ашылыўында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев шығып сөйлеп, илаж ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Форумда атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында барлық тараўлар қатарында экономикамыздың әҳмийетли тармақларының бири болған туризмди раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар даўам етпекте.
Мине усындай жаратып берилген имканиятлар нәтийжесинде мәмлекетимиздиң туризм потенциалы еле де артып, сырт елли мийманлардың елимизге болған қызығыўшылығы артпақта.

Өткерилген форумда усындай илажлар атап өтилди ҳәм форум даўамында регионымызда туризм структурасын раўажландырыў, жаңа туристлик өнимлерди қәлиплестириў ҳәм халықаралық туризм базарына кеңнен кирип барыў мәселелери талқыланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги