Балалар спортын раўажландырыўда әҳмийетли қәдем: Кегейлиде футбол бойынша жарыс өткерилди

32

Кегейли районында 2013-жылда туўылған жас өспиримлер арасында футбол бойынша Спорт мектеплери футбол лигасы жарысы болып өтти.

Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды.

Қызғын беллесиўлерге толы болған жарыс жуўмағында Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебиниң командасы биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, екинши ҳәм үшинши орынлар Республикалық қәнигелестирилген спорт мектеби менен 2-санлы Нөкис қалалық спорт мектеби командаларына несип етти.

Өткерилген жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы Диплом, медаль ҳәм кубок пенен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы