Россия дизайни тийкарында Өзбекстанда қурылатуғын атом электр станциясы (АЭС) баҳасы шама менен 11 миллиард долларды қурайды. Биринши энергоблок 2028-жылы иске қосылыўы жобаластырылмақта. Бул ҳаққында РФ президентиниң жәрдемшиси Юрий Ушаковтың сөзлерине тийкарланып, Интерфакс хабар берди, деп жазады Kun.uz.

«Баҳаларға муўапық, жойбар баҳасы – 11 миллиард доллар әтирапында», – деди Ушаков сийшемби күни журналистлерге. Оның мәлим етиўинше, биринши энергоблок шама менен 2028-жылы иске қосылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги