Орайлық Азия мәмлекетлериниң экологиялық дипломатиясы жаңа басқышқа көтерилмекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола Регионаллық экологиялық саммит ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасыў ушын 21-22-апрель күнлери әмелий сапар менен Астана қаласында болды.
Мәмлекетимиз басшысы Қазақстанға әмелий сапары бағдарламасы шеңберинде 22-апрель күни Орайлық Азия мәмлекетлери, Монголия, Әзербайжан, Грузия ҳәм Армения делегацияларының басшылары менен биргеликте Астана қаласындағы “EXPO” халықаралық көргизбелер орайында шөлкемлестирилген Регионаллық экологиялық саммит көргизбесиндеги миллий павильонларды барып көрди.
РӘС-2026 ның дыққат орайында экологиялық сиясатқа комплексли қатнасты сәўлелендириўши сегиз тийкарғы бағдар турыпты: климат өзгериўине қарсы гүресиў, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм экосистемалар турақлылығын тәмийинлеў, тәбийий қәўип-қәтерлерге бейимлесиў ҳәм экономикалық турақлылықты арттырыў, ҳаўа патасланыўын азайтыў ҳәм шығындыларды нәтийжели басқарыў, экологиялық мақсетлерге ерисиў механизмлерин раўажландырыў, тәбийий ресурсларды турақлы басқарыў, әдил ҳәм инклюзив “жасыл” өтиў, экологиялық ҳәм санлы компетенцияларды раўажландырыў. Саммиттиң күн тәртиби турақлы раўажланыўдың экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық тәреплерин де қамтып алған.
Илажда қатнасып атырған мәмлекетлердиң миллий павильонларында олардың усы бағдарлардағы жетискенликлери ҳәм келешектеги режелери көрсетилмекте.
Интерактивлик ҳәм мультимедиа элементлерине ийе көргизбе-презентация майданы түринде қурылған Өзбекстан павильоны мәмлекетимиздиң экология, климат өзгериўи ҳәм Орайлық Азияның турақлы раўажланыўы тараўларындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын сәўлелендиреди. Сондай-ақ, экспозиция Өзбекстанның экология тараўында регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қосып атырған үлесин көрсетеди.
Жоқары мәртебели мийманларға экологиялық раўажланыўдың заманагөй моделин қәлиплестириўге қаратылған тийкарғы басламаларды өз ишине алған экспозиция усынылды. “Шығындысыз аймақ,” “Таза ҳаўа,” “Жасыл мәкан,” “Экомәденият,” “Биомийрас” ҳәм “Экологиялық билимлендириў” сыяқлы улыўма миллий жойбарлар усылардың қатарына киреди.
Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер, бәринен бурын, БМШ структуралары менен бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Астана қаласында болып өтип атырған Регионаллық экологиялық саммиттиң ашылыў мәресиминде қатнасты.
Илажда Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Монголия Президенти Ухнаагийн Хурелсух, Армения Президенти Ваагн Хачатурян, Грузия Президенти Михаил Кавелашвили ҳәм Әзербайжан Бас министри Али Асадов және халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары да қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевты саммиттиң табыслы шөлкемлестирилгени менен қызғын қутлықлап, оның экологиялық қәўип-қәтерлердиң өз-ара байланыслылығы ҳәм оларды биргеликте шешиў зәрүрлигин өзинде жәмлеген “Турақлы келешек ушын улыўма көзқарас” деген бас идеясын толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Президентимиз бул ушырасыў өткен жылы Самарқанд климат форумында басланған сөйлесиўдиң логикалық даўамы екенин атап өтип, Орайлық Азия мәмлекетлериниң экологиялық дипломатиясы системалы ҳәм избе-из түс алып, сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип атырғанынан қанаатланыўшылығын атап өтти.
Өзбекстан жетекшисиниң атап өткениндей, бүгинги күнде экологиялық машқалаларды глобаллық климат өзгерислеринен ажыратылған ҳалда көрип шығыў мүмкин емес.
– Глобаллық ысыў пәтлериниң тезлесиўи даўам етпекте, Орайлық Азия регионында болса температура еки есе тез көтерилмекте. Регион музлықларының дерлик үштен бир бөлеги жоғалған, жаўын-шашын тәртибиниң турақсызлығы бақланбақта, суў ресурсларының жетиспеўшилиги артып бармақта. Жер майданларының 80 миллион гектары әллеқашан деградацияға ушыраған, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Глобаллық экологиялық тилеклеслик ҳәлсиреп атырғанынан терең қәўетер билдирилди. Раўажланып атырған мәмлекетлер климат өзгериўи менен байланыслы қаржыландырыў, алдынғы технологиялар ҳәм инновациялардан өз ўақтында ҳәм әдил пайдаланыў имканияты менен тәмийинлениўи әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Орайлық Азия мәмлекетлери қоршаған орталықты қорғаў мәселелерин регионаллық бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли тийкарғы бағдары дәрежесине көтере алғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Буны “жасыл” күн тәртибин алға қойыў, климаттың өзгериўине бейимлесиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша бир қатар әҳмийетли, стратегиялық әҳмийетке ийе регионаллық бағдарламалардың қабыл етилгени де тастыйықламақта.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда экологиялық турақлылықты тәмийинлеў бойынша көрилип атырған системалы илажларға айрықша тоқтап өтти.
– “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде дерлик 1 миллиард түп терек ҳәм пута егилди. Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектардан аслам майданда тоғайзарлар жаратылып, жаңа “жасыл белбеў”лер пайда етилмекте. Бизиң басламамыз бенен БМШ Бас Ассамблеясының “Тоғайластырыў ҳәм тоғайларды тиклеў бойынша ҳәрекетлер он жыллығы” резолюциясы қабыл етилди, – деди Өзбекстан жетекшиси.
Буннан тысқары, суўды үнемлеў бағдарындағы кең көлемли ҳәрекетлер нәтийжесинде жылына 10 миллиард куб метр суў үнемленбекте. Мәмлекетимиздиң генерация қуўатлықларында “жасыл” энергетика үлеси әллеқашан 30 процентке жетти, 2030-жылдың ақырына барып болса 50 проценттен артады.
Париж келисими бойынша зыянлы шығындыларды 35 процентке азайтыў миннетлемеси мүддетинен алдын орынланып, 2035-жылға шекем оларды еки есеге қысқартыў бойынша жаңа шек белгиленди.
Шығындылардан энергия ислеп шығарыўға байланыслы жойбарлар жедел әмелге асырылмақта. Усы жылы шығындыларды жағыў бойынша еки жаңа завод иске қосылады, және 9 ы келеси еки жыл даўамында жумыс баслайды. Олардың иске қосылыўы ҳәр жылы 5,5 миллион тонна шығындыны утилизациялаў, 2,2 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў, сондай-ақ, шығындылар көлемин 1 миллион тоннадан зыятқа қысқартыў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Орайлық Азиядағы климат ҳәм экология машқалаларын шешиў бойынша бир қатар анық басламаларды алға қойды.
Атмосфера ҳаўасының сапасы төменлеп атырған шараятта “Орайлық Азияның таза ҳаўасы” мәмлекетлераралық консорциумын шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Консорциум санаатты модернизациялап, ҳаўаға шығарылып атырған зыянлы элементлер ушын тазалаў системаларын енгизетуғын “жасыл” қаржыландырыўдың биргеликтеги операторына айланыўы мүмкин.
Президентимиз Ташкенттеги Жасыл университет жанында жумыс алып барып атырған Шөллениўге қарсы гүресиў, қурғақшылықтың алдын алыў және қум ҳәм шаң боранлары ҳаққында ерте ескертиў орайына регионаллық статус бериў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Орай базасында илимий потенциалды бирлестириў жерлердиң деградациясы және дуз ҳәм шаң боранларын мониторинг етиў бойынша күшли системаны жаратыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Технологиялық өтиў процесслерин тезлестириў ушын жеңиллетилген бажыхана тәртип-қағыйдалары ҳәм экоөнимлер ушын сертификатларды өз-ара тән алыўды нәзерде тутатуғын “Орайлық Азия жасыл саўда коридоры”н қәлиплестириў басламасы алға қойылды.
Орайлық Азия климат жойбарларының бирден-бир инвестициялық портфелин жаратыў әҳмийетли мәселе екени атап өтилди. Бул регионды раўажландырыў бойынша тутас стратегия менен ҳәрекет етиў имканиятын жаратып, шериклерде оны әмелге асырыўға болған қызығыўшылықты күшейтеди.
Орайлық Азия қоршаған орталығындағы өзгерислердиң бирден-бир регионаллық атласының жаратылыўы региондағы шөллениў, топырақ деградация процесслери ҳәм суў ресурслары жағдайының динамикасын айқын сәўлелендиретуғын фундаментал илимий-аналитикалық базаға айланыўы мүмкин.
Биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў ушын “Орайлық Азия Қызыл китабы”н ислеп шығыў, бул процессте Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамының Ташкенттеги регионаллық офисин муўапықластырыўшы етип белгилеў усыныс етилди.
Жаслар арасында климат күн тәртиби ҳәм экологиялық мәдениятты алға қойыў ушын 2027-жылы Өзбекстанда Пүткил жер жүзилик жаслар климат форумын өткериўге таярлық билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында илаж қатнасыўшыларын усы жылы Самарқандта болып өтетуғын Глобаллық экологиялық фондтың сегизинши ассамблеясы ҳәм Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумда қатнасыўға мирәт етти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Астана қаласында өтип атырған Регионаллық экологиялық саммит шеңберинде БМШтың Қоршаған орталық бойынша бағдарламасының атқарыўшы директоры Ингер Андерсен менен сөйлести.
Қоршаған орталықты қорғаў, турақлы раўажланыў ҳәм климат машқалаларына қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары көрип шығылды.
Өз-ара бирге ислесиў, соның ишинде, миллий экологиялық баянатларды таярлаў, қоршаған орталықты мониторинг етиў системасын жетилистириў ҳәм институционаллық потенциалды беккемлеў мәселелеринде избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.
Атқарыўшы директор Өзбекстанда әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан,” “Биомийрас,” “Таза ҳаўа,” “Шығындысыз аймақ” ҳәм “Эко мәденият” сыяқлы миллий жойбарларды жоқары баҳалады. Олардың экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўдағы әҳмийети атап өтилди.
Ингер Андерсен, сондай-ақ, Өзбекстан Президентиниң бүгинги саммитте алға қойылған басламаларын әмелге асырыў бойынша әмелий шерикликти кеңейтиўге таяр екенин билдирди.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Аралды қутқарыў халықаралық қоры (АҚХҚ) шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.
Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында өткен илажда Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм АҚХҚ Атқарыў комитетиниң баслығы Асхат Оразбай да қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, Қазақстанның 2023-2026-жылларда АҚХҚға басшылығының нәтийжелери есап-санақ етилип, Арал теңизи бассейнинде экология, суў ресурсларын басқарыў ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаўдың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Аралды қутқарыў халықаралық қоры сийрек ушырасатуғын регионаллық структура сыпатында жумыс алып барып атырғанын, Орайлық Азияда суў жетиспеўшилигиниң күшейиўине себеп болып атырған климат өзгерислери ҳәм суўдан пайдаланыў көбейип атырған шараятта оның роли ҳәм әҳмийети және де артып атырғанын атап өтти.
– Экспертлердиң баҳаларына бола, 2040-жылға барып, Арал теңизи бассейнинде суў ресурсларының жетиспеўшилиги дерлик еки есеге – жылына 20 миллиард куб метрге шекем артыўы мүмкин. Бул ишимлик суўы тәмийнаты, экология, аграр сектор, энергетика ҳәм социаллық турақлылық ушын қосымша қәўип-қәтерлерди жүзеге келтиреди, – деди Шавкат Мирзиёев.
Усындай бир ўақытта регион мәмлекетлери суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги бойынша ең төменги орынларды ийелеп тур. Аўыл хожалығында бир доллар муғдарында қосымша қунды жаратыў ушын мәмлекетлеримиз дерлик үш куб метр суў жумсамақта, дүньяда болса бул көрсеткиш орташа еки есеге аз.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда суўдан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрилип атырған илажларға толық тоқтап өтти. Қысқа мүддетте Өзбекстандағы барлық суўғарылатуғын жерлердиң 60 процентинде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди, ирригация тармақларын бетонлаў 40 процентке жеткерилди. Насос станцияларын модернизациялаў есабынан суў хожалығында энергия тутыныўы дерлик 30 процентке қысқартылды.
Алты жүз мыңнан аслам суўдан пайдаланыўшылар ҳәм 4 миллион гектардан аслам суўғарылатуғын жерлерди қамтып алатуғын бирден-бир санлы мағлыўматлар базасы қәлиплестирилмекте.
Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы себепли ҳәр жылы 10 миллиард куб метрден аслам суў ресурсларын үнемлеў тәмийинленбекте. 2030-жылға барып болса бул көрсеткиш 15 миллиард куб метрди қурайды.

Бул илажлардың барлығы комплексли ҳәм избе-из характерге ийе болып, өткен жылы қабыл етилген Суў кодексинде өз көринисин тапқан.
Мәмлекетимиз жетекшиси Өзбекстан фондты регионаллық интеграцияның әҳмийетли драйверлеринен бирине айландырыўға ерисиўди мақсет еткенин билдирди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстанның келеси жылдан басланатуғын АҚХҚға басшылығы дәўириндеги тийкарғы бағдарларға тоқтап өтти.
Бәринен бурын, қордың жумысын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, оның структурасы және шәртнамалық-ҳуқықый базасын жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Қор уйымларының ўәкилликлерин кеңейтиў, олардың статусын ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бойынша усыныслар қоллап-қуўатланды.

Қырғызстанның Аралды қутқарыў халықаралық қорының жумысындағы толық қатнасыўы қайта тикленетуғынына үмит билдирилди. Бул қордың және де турақлы ҳәм узақ мүддетли қарарлар қабыл етиўине хызмет ететуғыны атап өтилди.
Өзбекстан жетекшиси АҚХҚ күн тәртибин Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары қарарлары менен үйлестириўге шақырды. Мәсләҳәт ушырасыўлары даўамында жоқары дәрежеде келисилген турақлы раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары қордың тармақлық механизмлери арқалы да әмелиятқа енгизилиўи мүмкин екенлиги атап өтилди.
Қордың бағдарлама ҳәм жойбарларының нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Арал теңизи бассейни бойынша төртинши бағдарламаның орынланыў мониторингине нәтийжелиликтиң әҳмийетли көрсеткишлерин киргизиў усыныс етилди. Бул унамлы өзгерислерди бақлаў, машқалалы тәреплерди анықлаў ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилерден қосымша қаржылар ҳәм техникалық жәрдем тартыўға жәрдем береди.

Тийкарғы бағдарламалар ушын бар тәсиршең қаржыландырыў қуралларынан пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фондының мандатын ҳәм географиялық қамтыўын пүткил Арал теңизи бассейнине кеңейтиў имканиятын көрип шығыў усынысы билдирилди.
– Бул барлық мәмлекетлеримиз аймағында турмыслық әҳмийетли экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жойбарларды әмелге асырыў ушын мақсетли инвестицияларды бағдарлаў имканиятын береди, – деди Шавкат Мирзиёев.
АҚХҚ ҳәм басқа да регионаллық структуралар арасында жедел бирге ислесиўди жолға қойыў мәселесиниң әҳмиетли екенлигине итибар қаратылды. Қор суў-энергетика мәселелери, музлықлар ҳәм таў экосистемаларын сақлаў, климаттың өзгериўине бейимлесиў, шөллениўге қарсы гүресиў бойынша нәтийжели регионаллық платформалар менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүр. Оған мысал сыпатында қорға Ташкенттеги Жасыл университет жанындағы Шөллениўге қарсы гүресиў орайы менен биргеликте мақсетли жойбарларды әмелге асырыў усыныс етилди.

Өзбекстан Президенти халықларымыздың суўға турмыс дереги сыпатында абайлы қатнаста болыў бағдарындағы көп әсирлик дәстүрлерин қайта тиклеў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты.
– Көринбекте, егер жәмийеттиң суўға болған мүнәсибети өзгермесе, ҳеш қандай инженерлик шешимлер күтилген нәтийжени бермейди. Үзликсиз билимлендириў системасы арқалы – мектепке шекемги билимлендириў дәрежесинен баслап қәнигелерди таярлаўға шекем – суўдан ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәр бир адамның күнделикли әдетине, улыўма мәдений кодымызға айландырыўға умтылыўымыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Сондай-ақ, тийкарғы бөлеги фермерлер ҳәм санаатшыларды суўды үнемлейтуғын заманагөй технологиялардан пайдаланыўға әмелий жақтан үйрететуғын “Келешек суўы” регионаллық бағдарламасын иске қосыў усыныс етилди.

Өзбекстан жетекшиси Аўғанстан менен конструктивлик бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм оны климат, экология, аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша регионаллық бирге ислесиўге тартыў әҳмийетли екенин атап өтти. Бүгинги күнде Аўғанстанда жағалықларды беккемлеў ҳәм мелиорация жумысларын алып барыў ушын халықаралық донорлардың қаржылай қаржыларын тартыў әҳмийетли болып есапланады.
Келешекте Арал бассейниндеги барлық мәмлекетлер, соның ишинде, Аўғанстанның ҳуқықлары менен миннетлемелерин есапқа алған ҳалда суў ресурсларын бөлистириў бойынша регионаллық шәртнамалық-ҳуқықый базаны қәлиплестириў зәрүр.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында 2026-2036-жылларды “Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы” деп жәриялаў ҳәм регион мәмлекетлеринде Суў ҳәптеликлерин турақлы өткерип барыўға қаратылған басламалардың әмелге асырылыўы қоллап-қуўатланатуғынына үмит билдирди.

Өзбекстан Президенти қоңсы мәмлекетлердиң жетекшилерин усы жылдың сентябрь айында Самарқандта болып өтетуғын Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумда қатнасыўға және бир мәрте мирәт етти.
АҚХҚ мәжилисинде Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан басшылары да шығып сөйледи.
Илаж жуўмағында жетекшилер Астана баянатына, Қазақстан басшылығының барысы ҳаққында, 26-мартты Халықаралық Арал теңизи, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья күни деп жәриялаў ҳаққында және Өзбекстан жетекшисин 2027-2029-жылларда фондтың президенти етип сайлаў ҳаққындағы қарарларға қол қойды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстанға әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА