Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң регионаллық экологиялық саммитте шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич!
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәринен бурын, Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа Регионаллық экологиялық саммитти өткериў бағдарындағы басламасы және оны жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ҳәм дәстүрий жыллы миймандослық ушын айрықша миннетдаршылық билдирмекшимен.
Өзбекстан саммиттиң экологиялық қәўип-қәтерлердиң өз-ара терең байланыслылығы ҳәм оларды биргеликте шешиў зәрүрлигин сәўлелендиретуғын “Турақлы келешек ушын улыўма нәзер” деген бас идеясын толық қоллап-қуўатлайды.
Бүгинги ушырасыў өткен жылы Самарқанд климат форумында басланған сөйлесиўдиң логикалық даўамы болып есапланады. Қуўанышлы тәрепи сонда, Орайлық Азия мәмлекетлериниң экологиялық дипломатиясы системалы ҳәм избе-из түс алып, сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилмекте.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Бүгинги күнде экологиялық машқалаларды глобаллық климат өзгерислеринен ажыратып қараў мүмкин емес.
Глобаллық ысыў пәтлериниң тезлесиўи даўам етпекте, Орайлық Азия регионында болса температура еки есе тез көтерилмекте. Регион музлықларының дерлик үштен бир бөлеги жоғалған, жаўын-шашын тәртибиниң турақсызлығы бақланбақта, суў ресурсларының жетиспеўшилиги артып бармақта. Жер майданларының 80 миллион гектары әллеқашан деградацияға ушыраған.
Глобаллық экологиялық тилеклесликтиң әззилеп атырғаны терең қәўетер оятпақта. Декларациялар ҳәм шақырықлар ресурслар менен беккемленбей атыр. Глобаллық климат өзгериўине ең аз тәсир көрсетип атырған мәмлекетлер оның ақыбетлери менен және жекке- жалғыз қалмақта.
Халықаралық аўызбиршилик, бәринен бурын, раўажланып атырған мәмлекетлердиң климат өзгериўи менен байланыслы қаржыландырыў, алдынғы технологиялар ҳәм инновациялардан өз ўақтында, әдил ҳәм тосқынлықсыз пайдаланыў имканияты менен тәмийинлениўинде көринетуғынына беккем исенемиз.
Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен, Орайлық Азия мәмлекетлери қоршаған орталықты қорғаў мәселелерин регионаллық бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли тийкарғы бағдары дәрежесине көтере алды. “Орайлық Азия ушын жасыл күн тәртиби” регионаллық бағдарламасы, Климат өзгериўине бейимлесиў бойынша регионаллық стратегия ҳәм Турақлы раўажланыў ушын қоршаған орталықты қорғаў бойынша регионаллық бағдарлама бундай шерикликке мысал бола алады.
Бүгинги форумда “Орайлық Азия экологиялық тилеклеслиги” декларациясы, сондай-ақ, БМШ структуралары менен тығыз шерикликте әмелге асырылатуғын, 2030-жылға шекем мөлшерленген Ҳәрекетлер бағдарламасының қабыл етилиўи улыўма жумысымызға әҳмийетли үлес болып қосылады.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Өзбекстан экологиялық турақлылықты қәлиплестириў бойынша анық мақсетли ҳәм системалы илажларды әмелге асырмақта.
“Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде дерлик 1 миллиард түп терек ҳәм пута егилди. Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектардан аслам майданда тоғайзарлар жаратылып, жаңа “жасыл белбеў”лер жаратылмақта. Бизиң басламамыз бенен БМШ Бас Ассамблеясының “Тоғайластырыў ҳәм тоғайларды тиклеў бойынша ҳәрекетлер он жыллығы” резолюциясы қабыл етилди.
Суўды үнемлеў бағдарындағы кең көлемли ҳәрекетлер нәтийжесинде биз жылына 10 миллиард куб метр суўды үнемлемектемиз. Генерация қуўатлықларымызда “жасыл” энергетика үлеси әллеқашан 30 процентке жетти, усы он жыллықтың ақырына барып болса 50 проценттен артады. Биз Париж келисими бойынша зыянлы шығындыларды 35 процентке азайтыў миннетлемесин мүддетинен алдын орынладық ҳәм алдымызға жаңа мақсет – 2035-жылға шекем оларды еки есеге қысқартыў ўазыйпасын қойдық.
Шығындыдан энергия ислеп шығарыў бойынша жойбарлар жедел әмелге асырылмақта. Усы жылы шығындыларды жағыў бойынша еки жаңа завод иске қосылады, және 9 ы келеси еки жыл даўамында жумыс баслайды. Олардың иске қосылыўы ҳәр жылы 5,5 миллион тонна шығындыны утилизациялаў, 2,2 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў, сондай-ақ, шығындылар көлемин 1 миллион тоннадан зыятқа қысқартыў имканиятын береди.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Орайлық Азия мәмлекетлери климат ҳәм экология машқалалары алдында, қәўип-қәтерлерди жаңа өсиў ноқатларына айландырған ҳалда, биргеликте ҳәрекет етиўи керек екенине исенемен.
Усы мүнәсибет пенен бир қатар анық усынысларды бермекшимен.
Биринши. Атмосфера ҳаўасының сапасы төменлеп атырған шараятта “Орайлық Азияның таза ҳаўасы” мәмлекетлераралық консорциумын шөлкемлестириў регион халқының саламатлығын қорғаўда әҳмийетли қәдем болады, деп есаплайман.
Консорциум санаатты модернизациялап, ҳаўаға шығарылып атырған зыянлы элементлер ушын тазалаў системаларын енгизетуғын “жасыл” қаржыландырыўдың биргеликтеги операторына айланыўы мүмкин.
Екинши. Өзбекстандағы Жасыл университет жанында жумыс алып барып атырған Шөллениўге қарсы гүресиў, қурғақшылықтың алдын алыў ҳәм қум ҳәм шаң боранлары ҳаққында ерте ескертиў орайына регионаллық статус бериўди усыныс етемен.
Орай базасында илимий потенциалды бирлестириў жерлердиң деградациясы және дуз ҳәм шаң боранларын мониторинг етиў бойынша күшли системаны жаратыў имканиятын береди.
Үшинши. Технологиялық өтиў процесслерин жеделлестириў ушын “Орайлық Азия жасыл саўда коридоры”н қәлиплестириўди усыныс етемен.
Жеңиллетилген бажыхана тәртиплерин енгизиў ҳәм экоөнимлер ушын сертификатларды өз-ара тән алыў өндиристи жедел модернизациялаў ҳәм өнимлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имканиятын береди.
Төртинши. Орайлық Азия климат жойбарларының бирден-бир инвестициялық портфелин жаратыў кейинги қәдем болыўы керек.
Бул бизге тарқалған басламалар менен емес, ал регионды раўажландырыў бойынша тутас стратегия менен ҳәрекет етиў имканиятын береди. Бул болса, өз гезегинде, оны әмелге асырыў ушын шериклеримизде қызығыўшылықты күшейтеди.
Бесинши. Орайлық Азия қоршаған орталығындағы өзгерислердиң бирден-бир регионаллық атласын жаратыў да регионымыз келешеги ушын үлкен әҳмийетке ийе.
Бул атлас региондағы шөллениў, топырақ деградация процесслери ҳәм суў ресурслары жағдайының динамикасын айқын сәўлелендиретуғын фундаментал илимий-аналитикалық базаға айланатуғынына исенемен.
Алтыншы. Биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў ушын “Орайлық Азия Қызыл китабы”н биргеликте ислеп шығыўды усыныс етемиз. Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамының Ташкенттеги регионаллық офиси бул исте муўапықластырыўшы болыўы мүмкин.
Регионның “Қызыл китабы” жоғалып баратырған түрлердиң тек ғана дизими болып қалмастан, тараўда биргеликтеги жумысымыз ушын әмелий платформаға айланыўы керек.
Жетинши. Климат күн тәртиби ҳәм экологиялық мәдениятты алға қойыў ушын экологиялық билимлендириў ҳәм жасларды жедел тартыў оғада әҳмийетли. Усы мақсетте Бакуде болып өткен CОP-29 әнжуманы даўамында мәмлекетлеримиз жасларының қатнасыўында Экология бойынша мәсләҳәт комитети дүзилген еди. Усы комитет платформасында 2027-жылы Өзбекстанда Пүткил дүнья жүзлик жаслар климат форумын өткериўди усыныс етемен.
Сегизинши. Экологиялық күн тәртибин алға қойыў шеңберинде усы жылдың 31-май – 5-июнь күнлери Самарқандта Глобалық экологиялық фондтың сегизинши ассамблеясы, сентябрь айының ақырында болса Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумы болып өтеди.
Сизлерди усы халықаралық әнжуманларда белсене қатнасыўға мирәт етемен. Олардың нәтийжелери мәмлекетлеримиз ҳәм пүткил регионның турақлы раўажланыўына қаратылған әмелий басламаларды әмелге асырыўға салмақлы үлес қосатуғынына исенемен.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Заманагөй экологиялық қәўип-қәтерлер мәмлекетлеримиздиң турақлылығын сынақтан өткермекте.
Бүгин қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң турмысқа толық енгизилиўи бизге тек ғана тәбияттағы күшейип баратырған қәўип-қәтерлерге нәтийжели бейимлесиў емес, ал оларды технологиялық жаңаланыў, экономикалық өсиў ҳәм социаллық турақлылықтың күшли факторына айландырыў имканиятын береди.
Көп әсирлик жақсы қоңсышылық дәстүрлерине сүйенген ҳәм беккем сиясий ерк-ықрарымызды көрсеткен ҳалда, биз Орайлық Азияны экологиялық абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў мәканына айландыратуғынымызға исенемен.
Итибарыңыз ушын рахмет.
ӨзА