Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ Аралды қутқарыў халықаралық қорыныӊ шөлкемлестириўши мәмлекетлери басшыларыныӊ кеӊеси мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи

142

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Бәринен бурын, шын жүректен миймандослық ҳәм саммитимизди жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Қазақстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Қазақстанлы досларымыздың Аралды қутқарыў халықаралық қорына нәтийжели басшылығын жоқары баҳалаймыз. Өз-ара исеним ҳәм қарым-қатнасты беккемлеў, Қор шеңбериндеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм оның жумысын регионның барлық мәмлекетлериниң мәплерин есапқа алған ҳалда жетилистириў бойынша салмақлы жумыслар орынланды.

Бүгин қабыл етилип атырған жуўмақлаўшы ҳүжжетлерди қоллап-қуўатлаймыз. Олардың әмелге асырылыўы регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм Арал теңизи бассейнинде турақлы раўажланыўды тәмийинлеў жолында әҳмийетли қәдем болады.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Аралды қутқарыў халықаралық қоры мәмлекетлеримиз ғәрезсизлигиниң дәслепки дәўиринде Орайлық Азиядағы суўға байланыслы, социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық тараўлардағы ең әҳмийетли мәселелерди шешиў ушын шөлкемлестирилген бийбаҳа регионаллық структура болып қалмақта.

Қор регионда сапа жағынан жаңа мәмлекетлераралық қатнасықларды орнатыў, регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеўге үлкен үлес қосты.

Жолға қойылған өз-ара бирге ислесиў системасы себепли Қор Арал теңизи бассейни суў ресурсларын келисилген ҳалда басқарыўды тәмийинлеўге еристи.

Орайлық Азияда суў там-тарыслығыныӊ күшейиўине алып келип атырған климат өзгерислери ҳәм суўдан пайдаланыў көбейип атырған шараятта Қордың роли ҳәм әҳмийети және де артып бармақта.

Экспертлердиң баҳаларына бола, 2040-жылға барып, Арал теңизи бассейнинде суў ресурсларының жетиспеўшилиги дерлик еки есеге – жылына 20 миллиард куб метрге шекем артыўы мүмкин.

Бул ишимлик суўы тәмийнаты, экология, аграр сектор, энергетика ҳәм социаллық турақлылық ушын қосымша қәўип-қәтерлерди жүзеге келтиреди.

Усындай бир ўақытта мәмлекетлеримиз суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги бойынша ең төменги орынларды ийелеп тур. Аўыл хожалығында бир доллар муғдарында қосымша қунды жаратыў ушын мәмлекетлеримиз дерлик үш куб метр суў жумсамақта, дүньяда болса бул көрсеткиш орташа еки есеге аз.

Регионда жүзеге келип атырған жағдай бизден суў-энергетика ҳәм экология тараўларында пуқта ойланған және комплексли шешимлерди биргеликте ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды талап етеди.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бүгин азанда Регионаллық экологиялық саммитте Өзбекстанда миллий экономиканы климаттың өзгериўине бейимлестириў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўды күшейтиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өткен едим.

Ҳәзир болса Қордың тийкарғы бағдарларынан бири болған суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрилип атырған илажларға толық тоқтап өтиўге руқсат еткейсиз.

Қысқа мүддетте Өзбекстандағы барлық суўғарылатуғын жерлердиң 60 процентинде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди, ирригация тармақларын бетонлаў 40 процентке жеткерилди. Насос станцияларын модернизациялаў есабынан суў хожалығында энергия тутыныўы дерлик 30 процентке қысқартылды. 600 мыңнан аслам суўдан пайдаланыўшылар ҳәм 4 миллион гектардан зыят суўғарылатуғын жерлерди қамтып алатуғын бирден-бир санлы мағлыўматлар базасы қәлиплестирилмекте.

Бул илажлардың әмелге асырылыўы себепли ҳәр жылы 10 миллиард куб метрден аслам суў ресурсларын үнемлеў тәмийинленбекте. 2030-жылға барып болса бул көрсеткиш 15 миллиард куб метрди қурайды. Бул илажлардың барлығы комплексли ҳәм избе-из характерге ийе болып, өткен жылы қабыл етилген Суў кодексинде өз көринисин тапқан.

Қәдирли дослар!

Келеси жылдан Аралды қутқарыў халықаралық қорына басшылық етиў Өзбекстанға өтеди.

Биз Қорды регионаллық интеграцияның әҳмийетли драйверлеринен бирине айландырыў нийетиндемиз.

Усы мүнәсибет пенен басшылығымыздың тийкарғы бағдарлары ҳаққында мағлыўмат берип өтпекшимен.

Биринши. Қордың жумысын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў.

Жаратылған негиз тийкарында Қордың структурасы ҳәм шәртнамалық-ҳуқықый базасын жетилистириўди даўам еттириў, оның уйымларының ўәкилликлерин анық бөлистириўди тәмийинлеў зәрүр.

Усы мақсетлер ушын шөлкемлестирилген регионаллық жумысшы топар 15 мәжилис өткерди. Қор жумысындағы машқалалар талланды, оның ўазыйпалары менен функциялары және де анық белгилеп алынды. Енди барлық мәмлекетлердиң мәплерин есапқа алған ҳалда оның структурасы, нормативлик-ҳуқықый база ҳәм қаржыландырыў механизмлерин келисип алыў зәрүр.

Қор уйымларының ўәкилликлерин кеңейтиў, статусын ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бойынша усынысларды қоллап-қуўатлаймыз. Бул мәселелердиң барлығы бойынша ақылға уғрас келисимге келемиз, деп исенемен.

Дос Қырғыз Республикасының Аралды қутқарыў халықаралық қорының жумысындағы толық қатнасыўы қайта тикленетуғынына шын жүректен үмит етемиз. Бул Қордың және де тең салмақлы ҳәм узақ мүддетли қарарлар қабыл етиўине хызмет етеди.

Екинши. Қордың күн тәртибин Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары қарарлары менен үйлестириў.

Мәсләҳәт ушырасыўлары регионаллық раўажланыўдың тийкарғы сиясий бағдарларын қәлиплестирмекте. Сол себепли, бул саммитлердиң қарарлары ҳәм Қордың жумысы арасында тығыз байланысты тәмийинлеў әҳмийетли.

Бундай ушырасыўлар даўамында жоқары дәрежеде келисилген турақлы раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары Қордың тармақлық механизмлери арқалы да әмелиятқа енгизилиўи мүмкин.

Үшинши. Қордың бағдарлама ҳәм жойбарларының нәтийжелилигин арттырыў.

Арал теңизи бассейни бойынша төртинши бағдарлама шеңберинде 34 регионаллық жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Тилекке қарсы, бүгинги күнге шекем оның нәтийжелилигин баҳалаў бойынша бирден-бир қатнас ислеп шығылмаған.

Усы мүнәсибет пенен биз бағдарламаның орынланыўын мониторинг етиўге нәтийжелиликтиң шешиўши индикаторларын киргизиўди усыныс етемиз. Бул унамлы өзгерислерди бақлаў, машқалалы тәреплерди анықлаў ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилерден қосымша қаржы ҳәм техникалық жәрдем тартыўға жәрдем береди.

Төртинши. Қордың тийкарғы бағдарламалары ушын бар болған тәсиршең қаржыландырыў қуралларынан пайдаланыў.

Мәселен, БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фонды платформасынан пайдаланыўды усыныс етемиз. Ол финанслық ресурсларды топлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў бойынша табыслы тәжирийбеге ийе.

Биз Траст фондының мандаты ҳәм географиялық көлемин биргеликте пүткил Арал теңизи бассейнине кеңейтиў имканиятын көрип шығыўымыз мүмкин. Бул барлық мәмлекетлердиң аймағында турмыслық әҳмийетли экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жойбарларды әмелге асырыў ушын мақсетли инвестицияларды бағдарлаў имканиятын береди.

Бесинши. Қор ҳәм басқа да регионаллық структуралар арасында жедел бирге ислесиўди жолға қойыў.

Аралды қутқарыў халықаралық қоры суў-энергетика мәселелери, музлықлар ҳәм таў экосистемаларын сақлаў, климат өзгериўине бейимлесиў, шөллениўге қарсы гүресиў бойынша нәтийжели регионаллық платформалар менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўы зәрүр. Атап айтқанда, Қорға Ташкенттеги Жасыл университет жанындағы Шөллениўге қарсы гүресиў орайы менен биргеликте мақсетли жойбарларды әмелге асырыўды усыныс етемиз.

Алтыншы. Халықларымыздың суўға өмир дереги сыпатында абайлылық пенен қатнаста болыў бағдарындағы көп әсирлик дәстүрлерин қайта тиклеў.

Егер жәмийеттиң суўға болған мүнәсибети өзгермесе, ҳеш қандай инженерлик шешимлер күтилген нәтийжени бермейтуғынлығы көринбекте.

Үзликсиз билимлендириў системасы арқалы – мектепке шекемги билимлендириў дәрежесинен баслап қәнигелерди таярлаўға шекем – суўдан ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәр бир адамның күнделикли әдетине, улыўма мәдений кодымызға айландырыўға умтылыўымыз керек.

Биз тийкарғы бөлеги фермерлер ҳәм санаатшыларды суўды үнемлейтуғын заманагөй технологиялардан пайдаланыўға әмелий жақтан үйрететуғын “Келешек суўы” регионаллық бағдарламасын иске қосыўды усыныс етемиз.

Соны атап өтпекшимен: бул тийкарғы бағдарлардың барлығын турмысқа енгизиў ушын халықаралық шериклер, финанс институтлары ҳәм экспертлик-аналитикалық структуралар менен белсене бирге ислесиўге таярмыз.

Аўғанстан менен конструктивлик бирге ислесиўди беккемлеў, оны климат, экология, аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша регионаллық бирге ислесиўге тартыў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратпақшыман.

Бүгинги күнде Аўғанстанда жағалықларды беккемлеў ҳәм мелиорация жумысларын алып барыў ушын халықаралық донорлардың финанслық қаржыларын тартыў әҳмийетли болып есапланады.

Келешекте Арал бассейниндеги барлық мәмлекетлер, соның ишинде, Аўғанстанның ҳуқықлары менен миннетлемелерин есапқа алған ҳалда суў ресурсларын бөлистириў бойынша регионаллық шәртнамалық-ҳуқықый базаны қәлиплестириў зәрүр.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Қорға басшылық эстафетасын қабыл етип, регионымыз ушын айрықша әҳмийетке ийе болған суў-энергетика ҳәм экологиялық күн тәртибин әмелге асырыў бағдарындағы жумысларды Орайлық Азияның барлық мәмлекетлери менен биргеликте жеделлестириўимиз керек екенлигин атап өтпекшимен.

Усы мүнәсибет пенен 2026-2036-жылларды “Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы” деп жәриялаў ҳәм регион мәмлекетлеринде Суў ҳәптеликлерин турақлы өткерип барыўға қаратылған басламаларымызды әмелге асырыўда қоллап-қуўатлайтуғыныңызға үмит етемен.

Бәршеңизди усы жылдың сентябрь айының ақырында Самарқандта болып өтетуғын Суўды үнемлеў бойынша Пүткил жер жүзилик форумында қутлықлаўдан қуўанышлыман.

Итибарыңыз ушын рахмет.