Өзбекстан Президенти ЮНЕП пенен экологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Астана қаласында өтип атырған Регионаллық экологиялық саммит шеңберинде БМШтың Қоршаған орталық бойынша бағдарламасының атқарыўшы директоры Ингер Андерсен менен сөйлести.
Қоршаған орталықты қорғаў, турақлы раўажланыў ҳәм климат машқалаларына қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары көрип шығылды.
Өз-ара бирге ислесиў, соның ишинде, миллий экологиялық баянатларды таярлаў, қоршаған орталықты мониторинг етиў системасын жетилистириў ҳәм институционаллық потенциалды беккемлеў мәселелеринде избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.
Атқарыўшы директор Өзбекстанда әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан”, “Биомийрас”, “Таза ҳаўа”, “Шығындысыз аймақ” ҳәм “Экомәденият” сыяқлы миллий жойбарларды жоқары баҳалады. Олардың экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўдағы әҳмийети атап өтилди.
Ингер Андерсен, сондай-ақ, Өзбекстан Президентиниң бүгинги саммитте алға қойылған басламаларын әмелге асырыў бойынша әмелий шерикликти кеңейтиўге таяр екенин билдирди.
ӨзА