46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасына таярлық мәселелери додаланды

Ташкенттеги “Олимпия қалашасы”нда Самарқанд қаласында өткерилетуғын 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасына таярлық көриў бойынша Шөлкемлестириў комитетиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Спорт министри Адҳам Икрамовтың басшылығында өткен мәжилисте абырайлы жарыс ҳәм оның шеңберинде шөлкемлестирилетуғын илажлардың мазмуны, сырт елли мийманлар ҳәм шахмат командаларын күтип алыў, жайластырыў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, жарыслар ушын зәрүр спорт инвентарьлары, медиа ҳәм мәлимлеме системаларының үзликсиз жумысын жолға қойыў сыяқлы онлаған әҳмийетли ўазыйпалар көрип шығылды.

Додалаўларда онлайн ҳәм офлайн форматта қатнасқан Халықаралық шахмат федерациясы (FIDE), Өзбекстан шахмат федерациясы және тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери өз бағдарлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берди.

Мәжилис жуўмағында билдирилген пикир-усыныслар тийкарында 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасын ҳәр тәреплеме жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, Халықаралық шахмат федерациясының техникалық регламентиниң талапларын қатаң орынлаў және делегациялар ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.
Еслетип өтемиз, 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасы усы жылдың 15-27-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында болып өтеди.
Т. РЎЗИЕВ, ЎзА