Өзбекстан олимпиада ҳәрекети жуўапкерлери АОК мәжилисинде қатнасты

Қытайдың Санья қаласында Азия Олимпия кеңеси (АОК) Атқарыў комитетиниң 109-мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте қатнасқан АОК вице-президенти, Өзбекстан Миллий олимпия комитети баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров ҳәм бас хаткери Ойбек Қосимов илаж даўамында Азия олимпия ҳәрекети басшылары, Халықаралық спорт шөлкемлериниң жуўапкерлери менен пайдалы бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыў перспективалары ҳаққында сәўбетлести. Бир қатар келисимлерге ерисилди.

“Санья-2026” Азия жағалық ойынлары алдынан шөлкемлестирилген бул мәжилисте болажақ жарысқа таярлық жумыслары, сондай-ақ, “Аичи-Нагоя-2026” жазғы Азия ойынларына көрилип атырған таярлық бойынша презентациялар көрсетилди.

Соның менен бирге, мәжилисте АОКның ҳәр қыйлы бөлимлериниң есабатлары тыңланып, 2030-жыл Жаўынгерлик өнери ҳәм жабық объектлердеги Азия ойынларына басшылық етиўге талабан мәмлекетлердиң усыныслары көрип шығылды.
Т.Рўзиев, ӨзА