Қытай менен спорт бағдарындағы бирге ислесиў раўажланбақта

Өзбекстан ҳәм Қытай мәмлекетлери арасындағы байланыслардың жылдан-жылға раўажланып атырғаны, “Бир мәкан, бир жол” басламасын қоллап-қуўатлаў, бокс бойынша мәдений алмасыў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде Республикалық олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы ҳәм Қытай Халық Республикасының Qingdao Zhongkai Tianyo бокс клубы арасында еки тәреплеме бирге ислесиў байланыслары жолға қойылды.

Келисимге бола спортшылардың халықаралық жарысларға таярлығын раўажландырыў нәзерде тутылған болып, заманагөй көзқараслар ҳәм алдынғы тәжирийбелерди өз-ара алмасыў, тренерлердиң маманлығын арттырыў ҳәм халықаралық майданда жоқары нәтийжелерге ерисиўде аўызбиршиликти жаңа басқышқа алып шығыў нәзерде тутылған.
Келисим процесинде тәреплер бул бирге ислесиў шеңберинде биргеликтеги оқыў-шынығыў жыйынларын шөлкемлестириў, тәжирийбе алмасыў бағдарламалары ҳәм спортшылар арасында дослық байланысларын беккемлеў нәтийжелиликке ерисиўде әҳмийетли фактор екенин атап өтти.
Т.Рўзиев, ӨзА