ЖДСШ менен бирге ислесиўдиӊ тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-апрель күни рәсмий сапар менен елимизде болып турған Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң бас директоры Тедрос Адханом Гебреесусты қабыллады.
Бул абырайлы шөлкем менен миллий денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялаў ҳәм беккемлеў бағдарындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Соӊғы жыллары ЖДСШ менен бирге ислесиў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди. Денсаўлықты сақлаў тараўындағы кең көлемли ҳәм системалы реформалар шөлкемниң эксперт-мәсләҳәт жәрдемин және оның халықаралық стандартлары менен усынысларын есапқа алған ҳалда әмелге асырылмақта.
Бирге ислесиў шеңберинде денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыўға қаратылған бир қатар стратегиялық ҳүжжетлер ислеп шығылды. Маман медицина хызметкерлери таярланбақта, басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем, диагностика ҳәм кеселликлер профилактикасы системалары жетилистирилмекте, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилмекте.

ЖДСШ бас директоры мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, халықтың медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, өмир сүриў даўамлылығын созыў, аналар өлимшилигин азайтыў ҳәм санлы медицинаны раўажландырыў бағдарында ерисилген салмақлы нәтийжелерди айрықша атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында фармацевтика тараўын тәртипке салыў системасын жетилистириў, денсаўлықты сақлаў тараўында санлы шешимлер ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў сыяқлы тийкарғы тараўларда әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў және биргеликтеги илажлар ҳәм изертлеўлер өткериў бойынша келисимлерге ерисилди.

ӨзА